Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ГФР президенти Өзбекстанға келди
2019-05-28 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўи бойынша Германия Федеративлик Республикасы Федерал Президенти Франк-Вальтер Штайнмайер 27-май күни рәсмий сапар менен елимизге келди.
Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов күтип алды.
Франк-Вальтер Штайнмайер сол күни өзи ушын ажыратылған резиденцияда елимизде жумыс алып барып атырған Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийети (GIZ), Ташкенттеги Гёте институты, Конрад Аденауэр ҳәм Фридрих Эберт атындағы қорлар, Германия академиклер алмасыўлар хызмети (DAAD) сыяқлы институтлардың ўәкиллери менен ушырасты.
Сапар етиўдиң тийкарғы ўақыялары 28-майға мөлшерленген.
Мәмлекет басшылары сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, қаржы-техникалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўдиң перспективаларын, сондай-ақ, Өзбекстан – Европа Аўқамы форматы шеңбериндеги байланысларды додалайды.
Сөйлесиў даўамында халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийеттеги мәселелер бойынша да пикир алысыў нәзерде тутылған.
Сөйлесиўлердиң жуўмағы бойынша экономика, қаржы, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўларында еки тәреплеме қатнасықларды буннан былай да кеңейтиўге қаратылған ҳүжжетлерге қол қойылыўы белгиленбекте.
Сапар даўамында Франк-Вальтер Штайнмайер Өзбекстан ҳәм ГФРдың жетекши компаниялары ҳәм банклери, елимиздеги пуқаралық жәмийетиниң ўәкиллери менен ушырасыўы, бир қатар санаат кәрханалары ҳәм мәдений мәкемелери менен танысыўы режелестирилген.
Германия Президенти Хорезм ўәлаятында болып, Үргенш мәмлекетлик университетиниң профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери менен ушырасады, Хийўа қаласындағы естеликлерди ҳәм мәдений мийрас объектлерин тамаша етеди.