Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

РЕСПУБЛИКА ЭКОНОМИКАСЫНА ТИККЕЛЕЙ СЫРТ ЕЛ ИНВЕСТИЦИЯЛАРЫН ТАРТЫЎ МЕХАНИЗМЛЕРИН БУННАН БЫЛАЙ ДА ЖЕТИЛИСТИРИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

2019-04-30 | Ҳүжжетлер

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Республика экономикасына тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў жумысының нәтийжелилигин арттырыў, сырт ел инвесторларын елимиздиң имканиятларынан ҳәм потенциалынан хабардар етиў, сырт ел инвестицияларын тартыў ҳәм өзлестириў тараўында мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў және жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының жумысын муўапықластырыўды жақсылаў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде:

Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң төмендегилер арқалы тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў жумысларын жеделлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын:

химия ҳәм нефть-газ санааты, машина қурылысы тараўындағы хожалық жүргизиўши субъектлер, банк-қамсызландырыў шөлкемлериниң устав капиталларындағы мәмлекетлик акциялар (үлеслер) пакетлерин сатыў;

тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў ушын таяр инвестициялық усынысларды ислеп шығыў;

инвестиция ҳәм бизнес форумлар, презентациялар («Road Show») ҳәм маркетинг кампанияларының имканиятларынан кеңнен пайдаланыў;

мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын әмелге асырыў бойынша әҳмийетли бағдарларды шөлкемлестириў.

Төмендегилер:

Инвесторларға, соның ишинде, сырт ел инвесторларына сатыў ушын усыныс етилетуғын хожалық жәмийетлериниң устав капиталларындағы мәмлекетлик акциялар (үлеслер) пакетлериниң дизими 1-қосымшаға муўапық;

Белгиленген тәртипте сатылатуғын мәмлекетлик активлердиң дизими 2-қосымшаға муўапық;

сырт ел инвесторларына усынылатуғын инвестициялық усыныслардың дизими 3-қосымшаға муўапық;

2019-жылы Өзбекстан Республикасы ўәкиллериниң қатнасыўы ушын усыныс етилетуғын халықаралық экономикалық ҳәм инвестициялық форумлардың дизими 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

3.Мәмлекетлик мүлкти сатыўда тендер саўдаларын өткериў бойынша мәмлекетлик комиссия (А.Н.Арипов) еки ҳәпте мүддетте инвесторларға сатылатуғын хожалық жәмийетлери мәмлекетлик акциялар (үлеслер) пакетлерин баҳалаў ҳәм саўдаға қойыў графиклерин тастыйықласын.

Мәмлекетлик мүлкти сатыўда тендер саўдаларын өткериў бойынша мәмлекетлик комиссияға хожалық жәмийетлериниң мәмлекетлик акциялар (үлеслер) пакетлерин сырт ел инвесторларына сатыў шәртлери ҳәм усылларына өзгерис киргизиў ҳуқықы берилсин.

Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң 2019-жыл гүз мәўсиминде Ташкент қаласында Ташкент халықаралық инвестициялық форумын (кейинги орынларда – Халықаралық инвестициялық форум) өткериў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Ташкент халықаралық инвестициялық форумына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша шөлкемлестириў комитети (кейинги орынларда – Шөлкемлестириў комитети) 5-қосымшаға муўапық дүзилсин.

Ташкент халықаралық инвестициялық форумына таярлық көриў ҳәм оларды өткериў бойынша шөлкемлестириў илажларының режеси 6-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Шөлкемлестириў комитетине (Арипов):

зәрүр жағдайларда, Халықаралық инвестициялық форумды қаржы, юридикалық ҳәм  мәлимлеме жағынан тәмийинлеўге жетекши сырт ел компанияларын тартыў;

Халықаралық инвестициялық форумның бағдарламасын ҳәм оны өткериўдиң анық сәнесин, сондай-ақ, оған таярлық көриў ҳәм өткериў бойынша қәрежетлер сметасын тастыйықлаў;

перспективалы инвестициялық ҳәм инфраструктуралық жойбарлар бойынша дәслепки ТЭТ ҳәм басқа да жойбарлаў ҳүжжетлерин жойбарлаў шөлкемлерин тартқан ҳалда ислеп шығыўды тәмийинлеў ҳуқықы берилсин.

Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы перспективалы инвестициялық жойбарларды Шөлкемлестириў комитетине усынған ҳалда исбилерменлик субъектлериниң Халықаралық инвестициялық форумға белсене қатнасыўын тәмийинлесин.
Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги жанындағы Сырт ел инвестицияларын тартыў агентлиги:

2019-жыл даўамында турақлы түрде ири халықаралық бизнес ҳәм финанслық хабларға мақсетли аудитория ушын мөлшерленген презентациялар менен келген ҳалда «Road Show» бағдарламаларын ислеп шықсын ҳәм усынсын;

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 5-январьдағы ПП-5611-санлы «Өзбекстан Республикасында Туризмди жедел раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық Өзбекстан Республикасында инвестициялық резидентлик ҳаққындағы режениң жойбарын ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин;

еки ай мүддетте маркетингтиң ең жаңа технологияларынан пайдаланыў, мәмлекеттиң бирден-бир интеграцияласқан брендин жаратыў ҳәм алға сүриў және стратегиялық коммуникациялар бойынша халықаралық мәсләҳәтшилерди тартыў арқалы халықаралық бизнес аренада Өзбекстанның унамлы имиджин илгери сүриў бойынша «Invest in Uzbekistan» – бирден-бир, муўапықластырылған мәлимлеме кампаниясын ислеп шықсын.

Төмендегилерге:

Өзбекстан Республикасы инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри С.У.Умурзаковқа  – министрлик ҳәм уйымлардың халықаралық инвестициялық форумы шеңберинде сырт ел инвесторларына усыныс етилетуғын инвестициялық жойбарларды таярлаў бойынша жумысын муўапықластырыў бойынша;

Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри А.Х.Камиловқа  ҳәм Өзбекстан Республикасының сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханаларының басшыларына – халықаралық инвестициялық форумына қатнасыў ушын потенциалы жоқары инвесторларды ҳәм сырт  мәмлекетлердиң исбилермен структураларының ўәкиллерин мирәт етиў ҳәм олардың белсене қатнасыўын тәмийинлеў бойынша;

тармақлық министрликлер ҳәм уйымлардың басшыларына – тийисли тараўларда перспективалы инвестициялық ҳәм инфраструктуралық жойбарларды ислеп шығыў ҳәм Шөлкемлестириў комитетине усыныў бойынша;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлерине – Халықаралық инвестициялық форумына тийисли аймақлардың белсене қатнасыўын тәмийинлеў, оның инвестициялық потенциалын усыныў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги:

сырт еллерде «Road Show»ға қатнасатуғын Өзбекстан Республикасы делегациясының ўәкиллерине жәрдемлессин;

Халықаралық инвестициялық форумның сырт елли қатнасыўшылары ушын Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигиниң виза талапларына муўапық Өзбекстан Республикасына кириў визалары белгиленген тәртипте консуллық ҳәм басқа да жыйымлар өндирилмей рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин;

халықаралық инвестициялық форумның өткерилиўин Өзбекстан Республикасының сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалары арқалы кеңнен сәўлелендириўди тәмийинлесин.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери ҳәр бир жер участкасы ҳәм сырт ел инвесторларына пайдаланыўға таяр ҳалда усыныс етилетуғын бос турған мәмлекетлик мүлк объектлери, соның ишинде, арнаўли туристлик зоналардың аймақларында жайласқан объектлер бойынша инвестициялық жойбарлар материалларының инглис ҳәм рус тиллериндеги таныстырыў каталогын ҳәр айда таярласын ҳәм киргизсин.

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте:

2019-жыл 1-июльге шекем сырт елли инвесторлар ушын экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында инвестициялық талапларды ҳәм потенциалы жоқары жойбарларды, зәрүр таныстырыў материалларын таярласын;

2019-жыл даўамында елимизде кең көлемли реформалардың әмелге асырылып атырғаны, инвестиция киргизиў ушын жаратылған қолайлы шараятлар ҳәм исбилерменлик орталығының жақсыланғаны ҳаққында, бәринен бурын, сырт елли исбилерменлердиң, потенциалы жоқары инвесторлардың, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлердиң арасында  үгит-нәсиятлаў ҳәм оларды кеңнен хабардар етиў мәселелери бойынша комплексли илажларды әмелге асырсын;

Халықаралық инвестициялық форум шеңберинде, әмелге асырылып атырған реформалар, инвестициялық жойбарлардың әҳмийетли тәреплерине бағышланған, соның ишинде, тармақлық министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери, қәнигелер ҳәм исбилерменлер, миллий ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларының қатнасыўында брифинглер, баспасөз әнжуманларын, дөгерек сәўбетлерин өткерсин;

Интернет тармақларында мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен тармақлық реформалар, ҳәр бир әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбардың тийкарғы параметрлери, жойбарларды әмелге асырыўдың кепилликлери, олардың бәсекидеги үстинликлери ҳәм басқалар ҳаққында толық ҳәм түсиникли рәсмийлестирилген мәлимлеме ресурсларын таярлаў бағдарында жумыслардың муўапықластырылыўын тәмийинлесин.

Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Мәденият министрлиги, Ишки ислер министрлиги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте Халықаралық инвестициялық форумды өткериў күнлеринде сырт ел қатнасыўшыларының тийисли аймақларда жайласқан мәдений-тарийхый объектлерге барыўын жоқары дәрежеде шөлкемлестириў илажларын көрсин.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң резерв қорының қаржылары ҳәм нызам пенен қадаған етилмеген басқа да дәреклер Халықаралық инвестициялық форум ҳәм «Road Show» ды өткериў, Өзбекстан Республикасы ўәкиллериниң халықаралық инвестициялық ҳәм бизнес форумларға қатнасыўына байланыслы илажларды қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў агентлиги және Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги тәрепинен ислеп шығылған 2019-жылы ислеп шығылыўы зәрүр болған мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларының дизими 7-қосымшаға муўапық мақуллансын.

Министрликлер ҳәм уйымлардың басшыларына усы қарардың 7-қосымшасында нәзерде тутылған мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларының толық орынланыўы ушын зәрүр болған қаржылық-экономикалық есап-санақларды өз ўақтында әмелге асырыў, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди ислеп шығыў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 27-сентябрьдеги ПҚ-3953-санлы қарары менен тастыйықланған Мәмлекетлик буйыртпашылар тәрепинен тиккелей шәртнамалар бойынша сатып алынған товарлардың (жумыслардың, хызметлердиң) дизими төмендеги мазмундағы 31- ҳәм 32-бәнтлери менен толықтырылсын:

«31. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги ҳәм оның аймақлық бөлимлерине, соның ишинде, сырт ел шөлкемлери тәрепинен көрсетилетуғын меншиклестирилетуғын ямаса хожалық жәмийетлериниң устав фондларына мәмлекетлик үлес сыпатында өткерилетуғын мәмлекетлик активлерди баҳалаў хызметлери.

Мәмлекетлик акциялар (үлеслер) пакетлерин сатыў және жергиликли сырт ел фонд биржаларында IPO (SPO) бойынша эмиссияларды жайластырыў ушын тартылатуғын инвестициялық дәлдалшылар, мәсләҳәтшилер, соның ишинде, сырт ел мәсләҳәтшилериниң Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги ҳәм оның аймақлық бөлимлерине көрсететуғын хызметлери».

Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары Э.М.Ғаниевке ҳәм Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти                               Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы, 2019-жыл 29-апрель

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться