Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ХАЛЫҚ БИЛИМЛЕНДИРИЎ СИСТЕМАСЫН 2030-ЖЫЛҒА ШЕКЕМ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ КОНЦЕПЦИЯСЫН ТАСТЫЙЫҚЛАЎ ҲАҚҚЫНДА
2019-04-30 | Ҳүжжетлер
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Өзбекстан Республикасында улыўма орта ҳәм мектептен тысқары билимлендириўди системалы реформалаўдың тийкарғы бағдарларын белгилеў, өсип киятырған жас әўладты руўхый-әдеп-икрамлылық ҳәм интеллектуаллық раўажландырыўды сапа жағынан жаңа дәрежеге көтериў, тәлим-тәрбия процесине билимлендириўдиң инновациялық формаларын және усылларын енгизиў мақсетинде, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 5-сентябрьдеги «Халық билимлендириўин басқарыў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-5538-санлы Пәрманына муўапық:
1.Төмендегилер:
а) Өзбекстан Республикасы Халық Билимлендириў системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясы (кейинги орынларда – Концепция) 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын ҳәм онда төмендегилер нәзерде тутылсын:
Өзбекстан Республикасының 2030-жылға келип PISA (The Programme for International Student Assessment) Оқыўшылардың билимлендириў тараўындағы жетискенликлерин баҳалаў бойынша халықаралық бағдарлама рейтинги бойынша жәҳәнниң биринши 30 алдынғы мәмлекетлер қатарына кириўине ерисиў;
үзликсиз билимлендириў системасы мазмунын сапа жағынан жаңалаў, сондай-ақ, профессиональ кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў;
оқытыў методикасын жетилистириў, тәлим-тәрбия процесине индивидуалластырыў принциплерин басқышпа-басқыш енгизиў;
халық билимлендириўи тараўындағы заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын ҳәм инновациялық жойбарларды енгизиў;
халық билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм бюджеттен қаржы менен тәмийинлеўдиң нәтийжелилигин арттырыў;
жасларды тәрбиялаў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеўде мектептен тысқары билимлендириўдиң заманагөй усылларын ҳәм бағдарларын енгизиў;
мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў есабынан мәмлекетлик билимлендириў системасында бәсеки орталығын кеңейтиў;
жаслардың тәлим-тәрбиясы ушын қосымша шараятлар жаратыўға қаратылған комплексли илажларды өз ишине алған бес басламаны әмелиятқа енгизиў;
халық билимлендириў системасында мийнет етиўдиң тартымлылығын арттырыў мақсетинде улыўма орта билимлендириў мәкемелери хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў, материаллық хошаметлеў ҳәм социаллық қорғаў дәрежесин басқышпа-басқыш арттырып барыў;
б) Өзбекстан Республикасының халық билимлендириў системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын 2019-жылы әмелге асырыў бойынша «Жол карта»сы (кейинги орынларда – «Жол карта»сы) 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Концепция тийисли дәўирге мөлшерленген мақсетли параметрлер ҳәм тийкарғы бағдарлардан келип шығып, ҳәр жылы өз алдына тастыйықланатуғын «Жол карта»сы арқалы басқышпа-басқыш әмелге асырылыўы белгилеп қойылсын.
Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине:
ҳәр жылы 1-декабрьге шекем өтип атырған жыл бойынша тастыйықланған «Жол карта»сын тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизиў;
«Жол карта»ларының орынланыўы бойынша турақлы мониторинг жүргизиў ҳәм оның нәтийжелерин ҳәр шеректе Министрлер Кабинетине усынып барыў ўазыйпалары жүкленсин.
Төмендегилер усы Пәрманда нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:
республикалық бюджет қаржылары;
Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы Халық билимлендириў тараўындағы реформаларға жәрдемлесиў қорының қаржылары;
жеңиллетилген сырт ел кредитлери ҳәм грантлары;
физикалық ҳәм юридикалық шахслардың қәўендерлик қайырқомлықлары;
нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
Төмендегилерге:
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа – Концепцияны ҳәм «Жол карта»сын орынлаў бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў және өз-ара бирге ислесиў, «Жол карта»ларының орынланыўы бойынша өткерилген мониторинг нәтийжесинде анықланған кемшиликлерди өз ўақтында сапластырыў бойынша;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығына, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлерине, жуўапкер министрликлер, уйымлар және басқа да шөлкемлердиң басшыларына – Концепция ҳәм «Жол карта»сында нәзерде тутылған илажларды өз ўақтында, сапалы ҳәм толық орынлаў бойынша;
Өзбекстан Республикасы халық билимлендириў министри Ш.Х.Шерматовқа – Концепцияның мақсетли көрсеткишлерине ерисилиўи бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ғалаба хабар қуралларында усы Пәрманның мақсет ҳәм ўазыйпаларын кеңнен сәўлелендириў бойынша шығып сөйлеўлерди және темаға байланыслы көрсетиўлерди шөлкемлестирсин.
Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы, 2019-жыл 29-апрель
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги