Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Биргеликтеги ҳәрекетлер мәмлекетлер ҳәм халықлардың келешеги ушын жаңа перспективалар ашады
2019-04-27 | Сиясат
«Бир мәкан, бир жол» екинши халықаралық форумы 27-апрель күни «Яньци» халықаралық конференциялар орайында делегация басшыларының дөгерек сәўбети тәризинде даўам етти.
Онда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.
Халықаралық ҳәм регионаллық өз-ара байланыслылық мәселери Орайлық Азия, соның ишинде, теңиз портларына тиккелей шығыў имканияты болмаған мәмлекетимиз ушын әҳмийетли болып келген ҳәм ҳәзирги ўақытта да усындай болып есапланады. Өзбекстан мәмлекетлеримиздиң турақлы раўажланыўында әҳмийетли фактор болатуғын «Бир мәкан, бир жол» басламасын дәслепки күнлерден ақ қоллап-қуўатлаған, деди Шавкат Мирзиёев.
Мәмлекетимиз басшысы форум дөгерек сәўбетиниң Қоспа билдириўи қабыл етилиўин қоллап-қуўатлап, бул регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыў, улыўма мақсетлерге ерисиў, экономикалық жоқарылаўдың жаңа дәреклерин ойлап табыў, нәтийжеде халықларымыздың турмыс дәрежесиниң артыўына хызмет ететуғынын атап өтти.
Президентимиз Орайлық Азияның транспорт ҳәм логистика имканиятларын арттырыў, «жасыл экономика» арқалы азық-аўқат қәўипсизлигине ерисиў, туризмди раўажландырыў, экологиялық машқалаларды биргеликте сапластырыў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер бойынша бир қатар басламаларды алға қойды.
Орайлық Азия регионының транзит потенциалын әмелге асырыў ҳәм Қытай – Орайлық Азия – Батыс Азия экономикалық басқышын қәлиплестириў жоқары әҳмийетке ийе екени атап өтилди. Ташкент – Әндижан – Ош – Иркиштом – Қашғар автомобиль жолы, Өзбекстан – Қырғызстан – Қытай ҳәм Мозори Шариф – Кабул – Пешовар темир жолы жойбарлары бул бойынша үлкен перспективаларды ашатуғыны атап өтилди. Сондай-ақ, Сары теңиз портлары – Орайлық Азия – Европа жөнелиси бойлап темир жолда жүк тасыўға бир түрдеги тарифти орнатыў да экономикалық жақтан мақсетке муўапық.
Президентимиз «жасыл экономика»ны раўажландырыў, азық-аўқат қәўипсизлигине ерисиў ушын аўыл хожалығына заманагөй технологиялар ҳәм алдынғы шешимлерди енгизиў мәселелерине итибарды қаратты.
Арал теңизиниң қурыўы ақыбетинде жүзеге келген экологиялық жағдайды сапластырыў улыўмалық ўазыйпа екенин атап өтип, Шавкат Мирзиёев шериклерди БМШның Аралбойы регионы ушын Траст фонды ҳәм Аралбойы аймағында экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар зонасы жумысында қатнасыўға шақырды.
Туризм тараўында алмасыўларды раўажландырыў, бул ушын «Жипек жолы» бренди астында қоспа бағдарлама ҳәм өнимлерди алға қойыў бойынша әҳмийетли усыныслар билдирилди.
Мәмлекетимиз басшысы Аўғанстан мәселесине де итибар қаратып, бул мәмлекетте тынышлық орнатылыўы Орайлық ҳәм Қубла Азияда жаңа раўажланыў дәреклерин жарататуғынын атап өтти. Шавкат Мирзиёев бул бағдардағы әҳмийетли мәселелер усы жылдың гүз айында болып өтетуғын Аўғанстан бойынша Регионаллық экономикалық бирге ислесиў конференциясында (RECCA) додаланатуғынын мәлим етти.
Тарийхый ҳәм мәдений мийрасымыз, алдымызда турған мақсет ҳәм ўазыйпалардың уқсаслығы ҳәм умтылысларымыздың бирдейлиги келешекке үлкен исеним менен қараўға имканият береди. Халықларымыз биргеликтеги ҳәрекетлеримиздиң унамлы нәтийжелерин сөзсиз сезиўи керек, деди Шавкат Мирзиёев.
Мәмлекетимиз басшысының пикир ҳәм басламалары үлкен қызығыўшылық пенен күтип алынды.
Форумда қурғақлық ҳәм теңиз жолларын раўажландырыў, саўда байланыслары және мәмлекетлераралық бирге ислесиў механизмлерин кеңейтиўге қаратылған ири экономикалық коридорларды ашыў мәселеси додаланды. Бул ушын транспорт-логистика, энергетика ҳәм телекоммуникация инфраструктурасын интеграциялаў, макроэкономикалық сиясатты муўапықластырыў, саўда ҳәм инвестиция тараўындағы тосқынлықларды сапластырыў, санаат кооперациясын күшейтиў зәрүрлиги атап өтилди.
Атап өтилгениндей, «Бир мәкан, бир жол» жойбарында мәмлекетлердиң бирден-бир экономикалық мәканды қурыў жолындағы биргеликтеги мәсләҳәтлесиў, қурыў ҳәм пайдаланыў форматы жолға қойылды. Ашық-айдынлық, «жасыл экономика» ҳәм инновациялардан пайдаланған ҳалда узақ мүддетли раўажланыўдың жаңа дәреклерин излеп табыў, ири инфраструктуралық жойбарларды биргеликте әмелге асырыў бул басламаның тийкарын жаратады.
Сыртқы базарларға шығыўды кеңейтиў, интеллектуаллық мүлкти қорғаў тараўында халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў, товарлар ҳәм хызметлердиң экспортын арттырыў, макроэкономикалық сиясаттың муўапықластырылыўын жақсылаў глобаллық экономикалық процесслерди жеделлестиретуғыны атап өтилди.
Евразиядан Африка, Америка ҳәм Океанияға шекем созылған «Бир мәкан, бир жол»дың қурылыўы жәҳән экономикасының өсиўи ушын жаңа имканиятлар есигин ашты, халықаралық саўда ҳәм инвестициялық жумыс ушын жаңа платформа жаратып берди, глобаллық экономикалық басқарыўды жетилистириў бойынша жаңа әмелий жумысты кеңейтип, түрли мәмлекетлер халқының абаданлығын арттырыўға үлес қосты. «Бир мәкан, бир жол» жаңа имканиятлар ҳәм раўажланыў жолындағы улыўма жол болып есапланады.
Ғалаба хабар қураллары ушын брифингте Қытай Халық Республикасының Баслығы Си Цзиньпин форумда қатнасып атырған мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлердиң басшылары бирге ислесиўди және де раўажландырыў, шериклик орнатыў ҳәм бар байланысларды беккемлеў, БМШның 2030-жылға шекем мөлшерленген турақлы раўажланыў бағдарламасын әмелге асырыў сыяқлы мәселелер бойынша сөйлесиўлер өткергенин атап өтти.
Биз «Бир мәкан, бир жол» басламасын әмелиятқа избе-из енгизиў бойынша көплеген келисимлерге еристик. Делегация басшыларының көзқараслары дөгерек сәўбети жуўмағында қабыл етилген Биргеликтеги билдириўде өз көринисин тапқан. Онда «Бир мәкан, бир жол» басламасы шеңберинде өз-ара бирге ислесиўде әмелге асырылатуғын бир қатар жойбарлар қамтып алынған. Бул ири баслама қатнасып атырған мәмлекетлердиң раўажланыўына хызмет етип атырғаны ҳәмме тәрепинен айрықша атап өтилди. Биз «Бир мәкан, бир жол» концепциясын байыттық ҳәм оны буннан былай да раўажландырыўға келисип алдық. Бул жойбарға қызығыўшылық билдиретуғын мәмлекетлерди қоллап-қуўатлаймыз, деди Си Цзиньпин.
Мәмлекет басшылары көп тәреплеме өз-ара пайдалы байланысларды буннан былай да беккемлеў, автомобиль, теңиз ҳәм ҳаўа жолы арқалы байланысларды раўажландырыўға келисип алғаны атап өтилди. Жоқары сапалы, турақлы, инклюзив ҳәм кең көлемли инфраструктураны раўажландырыў, экономикалық басқышлар ҳәм зоналардың жумысын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылады. Онда кәрханалардың тутқан орны айрықша әҳмийетке ийе. Бул жойбарлардың және де турақлы болыўын, сырт ел инвесторлары ушын әдиллик орталығын тәмийинлейди.
Форум шеңберинде тәреплер 283 әмелий нәтийжеге, мәмлекетлераралық келисимлер ҳәм бирге ислесиў жойбарларына еристи. Форум шеңберинде исбилерменлер баҳасы 64 миллиард доллардан аслам болған келисимлерге қол қойды. Буллардың ҳәммеси «Бир мәкан, бир жол» жойбары шеңбериндеги бирге ислесиў өз-ара пайдалы ҳәм кең көлемли түс алғанынан дәрек береди.
Усының менен бирге «Бир мәкан, бир жол» екинши халықаралық форумы жуўмақланды.
Президент Шавкат Мирзиёев Қытай Халық Республикасына әмелий сапарын жуўмақлап, мәмлекетимизге қайтып келди.
Матназар ЭЛМУРОДОВ,
ӨзАның хабаршысы
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги