Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстанда ерлер ҳәм ҳаяллар ушын неке жасы теңлестириледи

2019-04-23 | Жәмийет

2019-жыл 1-сентябрьден баслап ерлер ҳәм ҳаяллар ушын неке жасы он сегиз жас етип белгиленди.

Балалар ҳуқықларының кепилликлерин және де күшейтиўге байланыслы қосымша илажлар хаққындағы Президент қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында «Ҳуқықый ахборот» каналы мәлим етти.

Қарарға муўапық төмендегилер белгиленди:

ата-анасынан қараўсыз қалған балаларға муниципаллық ҳәм анық мақсетли коммунал турақ жай фондындағы өзлери жасап турған турақ жайларды олар Мүриўбет үйлерине орналастырылған, қарамағына яки қәўендерлигине алыўшы менен бирге жасап атырған путкил ўақыт даўамында, он сегиз жасқа толғанға шекем бронластырыў ҳуқықы бериледи;

балалардың дизимде турған орны ҳәм пуқаралығына қарамастан, оларға барлық социаллық хызметлер көрсетиледи;

балалардың мәмлекетлик уйымларға тиккелей мүрәжатларын толық көрип шығыў кепилликке алынады ҳәм бала толық қарым-қатнас жасаў уқыбына ийе емеслиги себеплери менен бул түрдеги мүрәжатларды көрмей қалдырыўға жол қойылмайды;

14 жасқа толған бала өзиниң тәмийнаты ушын бир ўақыттың өзинде ата-ананың екеўиненде нызамда белгиленген муғдарда алимент өндириў ҳаққында даўа етиўге ҳакылы;

балаларды қорғаў мақсетинде судларға арза менен мүрәжат еткен даўагер мәмлекетлик бажы ҳәм басқа да төлемлерди төлеўден азат етиледи.

Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман)ниң орынбасары – Бала ҳуқықлары бойынша ўәкил лаўазымы енгизилди.

2019-жыл 1-сентябрьден ерлер ҳәм хаяллар ушын неке жасы он сегиз жас етип белгиленди.

2019-2020-оқыў жылынан баслап жоқары билимлендириў мәкемелерине абитуриентлерди қабыл етиўдиң улыўма санынан Мүриўбет үйи ҳәм Балалар қалашасының питкериўшилери болған шын жетимлер ушын қосымша түрде бир процентке шекем мәмлекетлик грант тийкарында қабыллыў квоталары ажыратылады.

Мәмлекетлик статистика комитетине аналық ҳәм балалыққа байланыслы статистикалық мағлыўматларды «stat.uz» веб-сайтына жайластырыў ҳәм мағлыўматларды түрақлы түрде жаңалап барыў ўазыйпасы жүкленди.

«Жетим балалар ҳәм ата-анасынан қараўсыз қалған балаларды социаллық жақтан қорғаў ҳаққында»ғы нызам ислеп шығылады.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться