Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

2019-2021-ЖЫЛЛАРДА РЕСПУБЛИКАНЫ$ ФАРМАЦЕВТИКА ТАРМАҒЫН БУННАН БЫЛАЙ ДА РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

2019-04-12 | Ҳүжжетлер

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Кейинги жылларда  республикада халықты дәри қураллары, медицина буйымлары ҳәм медициналық техника (кейинги орынларда – фармацевтика өнимлери) менен тәмийинлеў системасын жетилистириў бойынша комплексли  илажлар әмелге асырылды, жергиликли фармацевтика тармағын раўажландырыў ушын қолай шараятлар жаратылды.

Соның менен бирге, өндирис қуўатлықлары жеткиликли дәрежеде емеслиги және жергиликли фармацевтика өнимлериниң тар ассортименти ишки базардың зәрүрликлерин қанаатландырмай атыр ҳәм импортқа ҳәдден тыс байланып қалыўға себеп болмақта.

Жергиликли кәрханаларда халықаралық стандартларды енгизиў бойынша жумыслардың төмен дәрежеде шөлкемлестирилиўи сыртқы базарларда бәсекиге шыдамлы фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыўдың имканиятларын ҳәм тармақтың экспорт потенциалын шеклемекте.

Фармацевтика тармағын жедел раўажландырыў, сырт ел инвестицияларын және жетекши сырт ел компанияларын инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўға тартыў, инновациялық фармацевтика өнимлерин жаратыўды хошаметлеў, жергиликли өндириўшилердиң өндирислик көлемлерин ҳәм экспорт потенциалын кеңейтиў мақсетинде:

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлигиниң:

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги структурасына Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлигиниң «O`zmedimpeks» Мәмлекетлик унитар кәрханасына өткериў;

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлигине (кейинги орынларда – Агентлик) Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң дәри қураллары ҳәм медицина буйымларын ислеп шығарыў, таярлаў ҳәм олардың көтере саўдасы үстинен қадағалаўды әмелге асырыў, сондай-ақ, фармацевтика жумысын лицензиялаў бойынша функцияларды бериў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен фармацевтика жумысын әмелге асырыў ҳуқықына бурын берилген лицензиялар әмел етиў мүддетиниң  питкенине шекем әмелде болатуғыны белгилеп қойылсын.

Агентликтиң тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

фармацевтика тармағын, соның ишинде, оны мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың заманагөй механизмлерин енгизиў жолы менен турақлы раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;

фармацевтика базары конъюнктурасын үйрениўди шөлкемлестириў, халықтың ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң фармацевтика өнимлери менен тәмийинлениў жағдайын системалы таллаў ҳәм оның тийкарында ишки базарды және де толықтырыў ҳәм өндиристи локализациялаў бойынша усынысларды ислеп шығыў;

тармақ кәрханаларына жетекши сырт ел фармацевтика кәрханалары менен бирге ислесиўди жолға қойыўда, фармацевтика өнимлериниң ишки ҳәм сыртқы базарларда бәсекиге шыдамлы, жоқары сапалы жаңа түрлерин ислеп шығарыўды өзлестириўде жәрдемлесиў;

фармацевтика тармағын, соның ишинде, фармацевтика өнимлерин мәмлекетлик дизимнен өткериў, стандартластырыў, сертификатластырыў, техникалық жақтан тәртипке салыў, сондай-ақ, фармацевтика жумысын лицензиялаў (дәри қураллары ҳәм медицина буйымларын усақлап сатыў буған кирмейди) жолы менен мәмлекет тәрепинен басқарыў;

фармацевтика тармағына алдынғы сырт ел әмелиятын ҳәм халықаралық стандартларды енгизиў бойынша жумысларды муўапықластырыў;

импорт етилип атырған ҳәм республика аймағында ислеп шығарылып атырған фармацевтика өнимлери ҳаққында толық мәлимлеме жыйнаўды тәмийинлейтуғын Фармацевтика өнимлериниң ҳәрекетин қадағалаў ҳәм есапқа алыўдың мәлимлеме системасын енгизиўге қатнасыў.

Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

импорт етиўде Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 211-статьясы 6-бәнтинде нәзерде тутылған қосымша қун салығы бойынша жеңиллик енгизилмейтуғын дәри қураллары ҳәм медицина буйымларының дизими Агентлик тәрепинен қәлиплестириледи ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген тәртипте тастыйықланады. Бунда усы дизимге киргизилген дәри қураллары ҳәм медицина буйымларының атамалары таяр өнимге де, «in bulk» өним тәризинде импорт етилетуғын дәри қураллары ҳәм медицина буйымларына да енгизиледи;

дәри қураллары ҳәм медицина буйымларын санаатта ислеп шығарыў ҳәм дәриханада таярлаў ушын мөлшерленген, импорт етиўде қосымша қун салығынан азат етилетуғын шийки затлардың дизими Агентлик тәрепинен белгиленген тәртипте қәлиплестириледи ҳәм тастыйықланады, сондай-ақ, бир жылда кеминде еки мәрте жаңаланып барылыўы ҳәм Агентлик және Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң рәсмий веб-сайтларына жайластырылыўы шәрт;

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў  мәмлекетлик қоры дәри қураллары ҳәм медицина буйымларын миллий ислеп шығарыўшыларға коммерциялық банклердиң кредитлери бойынша кредит суммасының 50 процентине шекем, бирақ 10 миллиард сумнан аспайтуғын муғдардағы қаржыға кепиллик береди;

«in bulk» өними тийкарында ислеп шығарылатуғын дәри препаратлары ҳәм (ямаса) медицина буйымларын мәмлекетлик дизимнен өткериў мүддетин создырыў, сондай-ақ, оларды қайта мәмлекетлик дизимнен өткериў усы аналогиялық миллий өнимди ишки базардың зәрүрлигин тәмийинлейтуғын көлемде ислеп шығарыўшы болмаған жағдайда әмелге асырылады;

2019-жыл 1-июльден 2020-жыл 31-декабрьге шекем, сынақ тәризинде, дәри препаратлары ҳәм медицина буйымларын мәмлекет тәрепинен сатып алыўды әмелге асырыўда еки ҳәм оннан артық қатнасыўшылар – аналогиялық өнимди (халықаралық патентленбеген атамасы бойынша) миллий ислеп шығарыўшылары бар болған жағдайда мәмлекетлик буйыртпашы импорт дәри препаратлары ҳәм медицина буйымларын жеткерип бериў усынысы болған барлық буйыртпалардан бас тартады;

2019-жыл 1-июльден баслап импорт дәри қураллары (дәри субстанциялары буған кирмейди) ҳәм дәри буйымларын «еркин айланысқа шығарыў (импорт)» бажыхана режимине рәсмийлестириўде бажыхана нырқының 1,2 проценти муғдарында бажыхана рәсмийлестириўи ушын жыйым өндириледи.

2022-жылдың 1-январына шекем:

фармацевтика өнимлериниң клиникаға шекемги изертлеўлерди әмелге асыратуғын барлық лабораториялар Зәрүр лаборатория әмелияты (GLP) миллий талапларына муўапық мәжбүрий сертификатластырылыўы зәрүр екенлиги;

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигниниң клиникалық изертлеўлер өткерилетуғын барлық клиникалық базарлары Зәрүр клиникалық әмелияттың (GСP) миллий талапларына муўапық мәжбүрий сетификатластырылыўы лазым екенлиги;

фармацевтика өнимлерин ислеп шығаратуғын барлық жергиликли кәрханалар Зәрүр ислеп шығарыў әмелияты (GMP) миллий талапларына муўапық мәжбүрий сертификатластырылыўы зәрүр екенлиги;

фармацевтика өнимлерин көтере сатыў менен шуғылланатуғын барлық жергиликли кәрханалар Зәрүр дистрибютерлик әмелияты (GDP) миллий талапларына муўапық мәжбүрий сертификатластырылыўы зәрүр екенлиги белгиленсин.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Агентлик мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2019-жыл 1-июньге шекем фармацевтика тармағы ҳәм республика денсаўлықты сақлаў системасына зәрүр әмелиятлар (GхP) талапларын енгизиўдиң тармақлық кестесин Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.

2019-2021-жылларда республиканың фармацевтика тармағын жедел раўажландырыў бойынша «Жол картасы» (кейинги орынларда – «Жол картасы») 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың басшыларына «Жол картасы»нда нәзерде тутылған илажларды өз ўақтында, толық ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.

Төмендегилер «Жол картасы»нда нәзерде тутылған объектлерди қурыў ҳәм реконструкциялаў, илимий-изертлеў ҳәм сынаў лабораторияларының материаллық-техникалық базасын беккемлеўдиң қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:

2019-жылы – Агентликке Инновациялық раўажланыў ҳәм новаторлық идеяларды қоллап-қуўатлаў қорының атқарыўшы дирекциясы тәрепинен усынылған буйыртпалар тийкарында Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги менен келисилген ҳалда ажыратылатуғын Инновациялық раўажланыў ҳәм новаторлық идеяларын қоллап-қуўатлаў қорының 2019-жыл 1-январь ҳалатына бар валюта қаржыларының қалдығы;

2020-2023-жылларда – Өзбекстан Республикасының Инвестициялық бағдарламасын тийисли жыл ушын әмелге асырыўда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен ажыратылатуғын қаржылар, лаборатория ҳәм өндирислик әсбап-үскенелерди сатып алыў ушын болса Инновациялық раўажланыў ҳәм новаторлық идеяларды қоллап-қуўатлаў қорының өзлестирилмеген қаржылары, олар жетпеген жағдайда, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары.

Агентликтиң жанында юридикалық шахс шөлкемлестирмеген ҳалда, Фармацевтика тармағын қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў қоры (кейинги орынларда – Қор) шөлкемлестирилсин ҳәм төмендегилер оны қәлиплестириў дәреклери етип белгиленсин:

импорт дәри қураллары (дәри субстанциялары буған кирмейди) ҳәм медицина буйымларын «еркин айланысқа шығарыў (импорт)» бажыхана режимине рәсмийлестириўде бажыхана рәсмийлестирилиўи ушын жыйымның 1,0 проценти;

Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының есабынан ажыратылатуғын эквиваленти 25 миллион АҚШ долларындағы миллий валютадағы қаржылар;

халықаралық финанс институтлары ҳәм басқа да сырт елли донорлар, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

Қордың қаржылары төмендеги мақсетлерге жумсалатуғыны белгилеп қойылсын:

фармацевтика өнимлериниң жаңа түрлерин жаратыў бойынша илимий исленбелерди шөлкемлестириў ушын Агентлик жанындағы илимий-изертлеў институтлары ҳәм жергиликли ислеп шығарыўшыларға грантлар бериў;

Агентлик жанындағы илимий-изертлеў институтлары ҳәм фармацевтика өнимлериниң сапасын қадағалаўды әмелге асыратуғын мәмлекетлик лабораторияларды зәрүр әсбап-үскене ҳәм техника менен тәмийинлеў;

республикада ислеп шығарылмайтуғын фармацевтика өнимлери жаңа түрлериниң клиникаға шекемги ҳәм клиникалық изертлеўлерди жергиликли мәкемелерде өткериў ушын жергиликли өндирис кәрханаларының қәрежетлерин ең кем айлық мийнет ҳақының 100 есеси муғдарында қаплаў;

жергиликли өндирис кәрханаларының фармацевтика өнимлерин сырт еллерде дизимнен өткериў қәрежетлериниң 50 процентин, олар дизимнен өткерилгенлигин тастыйықлайтуғын ҳүжжет усынылғаннан кейин қаплаў;

жергиликли фармацевтика өнимлерин илгери сүриў бойынша, соның ишинде, сырт елде өткерилетуғын көргизбе ҳәм ярмаркалар шөлкемлестириў, семинарлар өткериў, таныстырыў материалларын, көргизбе стендлерин таярлаў, Агентлик ҳәм оған уйымлық бойсынатуғын шөлкемлер қәнигелериниң бул илажларға қатнасыўы;

Агентликтиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, оның жумысшыларын ҳәм тартылатуғын қәнигелерди материаллық хошаметлеў, сондай-ақ, Агентлик хызметкерлерин таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў;

жергиликли өндириўшилер тәрепинен елимизде бурын ислеп шығарылмаған дәри қураллары ҳәм медицина буйымларын ислеп шығарыў бойынша жойбарларды әмелге асырыў ушын тартылатуғын эквиваленти 1 миллион АҚШ долларынан аспаған кредитлердиң процентлер бойынша қәрежетлерин еки жыл даўамында қаплаў;

нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген Агентлик жумысы менен байланыслы басқа да илажлар.

Қордың қәрежетлер сметасы Агентлик тәрепинен Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги менен келисилген ҳалда тастыйықланатуғыны белгилеп қойылсын.

Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 6-январьдағы «Азық-аўқат, былғары-аяқ кийим ҳәм фармацевтика санаатында инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў дәреклерин кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-2718-санлы қарарына муўапық ашылған кредит линиясының қаржылары есабынан тийисли түрде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры ҳәм Фармацевтика тармағын қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў қорына 25 миллион АҚШ долларынан ажыратсын.
Фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыўшылар, қәнигелескен илимий-изертлеў институтлары ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери тәрепинен өзиниң зәрүрликлери ушын алып келинетуғын және фармацевтика өнимлериниң көтере ҳәм усақлап сатыў саўдасы менен шуғылланатуғын кәрханалар тәрепинен аптека ишинде дәри таярлаў мақсетинде алып келинетуғын, Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын технологиялық ҳәм лабораториялық үскенелер, олардың комплектлеўши ҳәм аўысық бөлеклери, фармацевтика өндирислик имаратлары ушын «таза бөлмелер», сэндвич-панельлер ҳәм вентилация системалары, сондай-ақ, лаборатория ҳайўанатларын бағыў, клиникаға шекем изертлеўлер ҳәм дәри қуралларын ислеп шығарыў (соның ишинде, аптека ишинде таярлаў) ушын қолланылатуғын шийки зат ҳәм материаллар, медицина буйымлары ҳәм қадақлаў материаллары Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланатуғын дизимлер бойынша 2022-жыл 1-явнарьға шекем бажыхана төлемлеринен (бажыхана рәсмийлестириў жыйымларынан тысқары) азат етилсин.
2019-2021-жылларда республика аймағында өндиристи локализациялаў усыныс етилген дәри қураллары топарының дизими (кейинги орынларда – Дизим) 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги және Агентлик 2019-жыл 1-августқа шекем:

дизимге киргизилген импорт етилетуғын дәри қуралларының топарларын локализациялаў бойынша инвестициялық жойбарлардың дизимин оларды әмелге асырыўдың анық мүддетлерин, қаржыландырыў дәреклерин ҳәм басламашыларын белгилеген ҳалда қәлиплестирсин;

Дизимге киргизилген жойбарларды әмелге асырыў ушын сырт ел инвестицияларын, соның ишинде, Тиккелей инвестициялар қорының қатнасыўында тартыў ҳәм зәрүр болғанда, фармацевтика еркин экономикалық зоналарда жайластырыў илажларын көрсин.

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Э.М.Ғаниев ҳәм А.А.Абдуҳакимов мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте:

республикада талап жоқары болған фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў ушын турақлы абырайға ийе жетекши фармацевтика компанияларын;

фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыўшыларды узақ мүддетли қаржы ресруслары менен тәмийинлеў мақсетинде халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкимети финанс шөлкемлериниң узақ мүддетли жеңилликли кредит линияларын тартыў бойынша усыныслар киргизсин.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети 2019-жыл 1-июньге шекем:

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги ҳәм фармацевтика жумысын лицензиялаў ҳаққындағы режелер, сондай-ақ, Агентлик ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң шөлкемлестириўшилик-штат структурасы усы Пәрман менен билгиленген ўазыйпаларды есапқа алған ҳалда қайта көрип шығылыўын тәмийинлесин;

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлигиниң Фармацевтика тармағын қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў қоры ҳаққындағы режени тастыйықласын;

фармацевтика тармағын раўажландырыўыдң анық көрсеткишлери ҳәм мақсетли индикаторларына ерисиўге тийкарланған пүткиллей жаңаша баҳалаў системасын енгизиўди нәзерде тутғқан ҳалда Агентлик жумысының нәтийжелилигин баҳалаў критериялары тастыйықлансын.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги тийкарланған есап-санақларға бола Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет параметрлери шеңберинде 2019-жылы усы Пәрманды әмелге асырыў шеңберинде Агентлик қәрежетлери ушын қаржылар ажыратсын және 2020-жылдан баслап ҳәр жылы зәрүр бюджет қаржыларын нәзерде тутсын.
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлиги Агентликтиң администрациялық имаратын оңлаў дәўиринде Агенликти мәмлекет қараўындағы бос турған объектлерге ўақытша жайластырыўға жәрдемлессин.
Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги:

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Сыртқы ислер министрлиги, Агентлик пенен биргеликте үш ай мүддетте республикада фармацевтика тармағы қәнигелерин таярлаў бойынша жетекши сырт ел жоқары оқыў орнының филиалын шөлкемлестириў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин;

Агентлик ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Агентликтиң рәсмий сайтларында 2017-2018-жылларда ҳәм кейинги жылларда фармацевтика өнимлериниң мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққындағы мағлыўматты уйымлар, шөлкемлер, өнимлердиң аталыўы ҳәм натурада түсиндирилген көлемлери кесиминде жайластырылыўын тәмийинлесин;

еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң барлық клиникалық базаларда клиникалық изертлеўлер өткериў процесслерин шөлкемлестириўдиң анық механимин, сондай-ақ, көрсетилетуғын хызметлердиң баҳасын белгилеў ҳәм клиникалық изертлеўлер өткериўдиң ҳәр бир басқышында тәреплердиң жуўапкершилик шеңберин нәзерде тутатуғын тәртипти тастыйықласын.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 3-қосымшаға муўапық өзгерислер менен қосымшалар киргизилсин.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги Агентлик ҳәм басқа да уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усынысларды киргизсин.
Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары А.А.Абдуҳакимовқа, Э.М.Ғаниевке ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары Г.К.Саидоваға жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти    Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы, 2019-жыл 10-апрель

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться