Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ШАВКАТ МИРЗИЁЕВ АҚШТЫҢ АЎҒАНСТАНДАҒЫ ЖАРАСЫЎ МӘСЕЛЕЛЕРИ БОЙЫНША АРНАЎЛЫ ЎӘКИЛИН ҚАБЫЛ ЕТТИ
2019-04-12 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 11-апрель күни елимизде әмелий сапар менен болып турған Америка Қурама Штатларының Аўғанстандағы жарасыў мәселелери бойынша арнаўлы ўәкили Залмай Ҳалилзодты қабыл етти.
Мәмлекетимиз басшысы мийманды қызғын қутлықлап, ашық сөйлесиў ҳәм өз-ара исенимге тийкарланған көп қырлы Өзбекстан – АҚШ бирге ислесиўи жедел раўажаланып атырғанын айрықша атап өтти.
Түрли дәрежедеги жедел сөйлесиўлер, конструктивлик сиясий бирге ислесиў, парламентаралық избе-из байланыслар, жаңа қоспа саўда ҳәм инвестициялық жойбарлар, кеңейип баратырған гуманитарлық алмасыў – булардың ҳәммеси Өзбекстан ҳәм АҚШ стратегиялық шериклигинде жаңа дәўир басланғанынан дәрек береди.
Ушырасыўда мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықларды буннан былай да кеңейтиўге байланыслы, сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер көрип шығылды. Аўғанстандағы жағдайды шешиўде еллеримиз бирге ислесиўиниң жағдайы ҳәм перспективаларына баҳа берилди.
Президентимиз Өзбекстан Аўғанстан менен дәстүрий жақсы қоңсышылық қатнасықларын раўажаландырыўға жоқары әҳмийет қаратып атырғанын, усы мәмлекетке тынышлық орнатылыўы ҳәм экономиканың қайта тиклениўине әмелий үлес қосыў тәрепдары екенин атап өтти.
Аўғанстанда тыныш сиясий процессти баслаўда аўған халқының бас ролин нәзерде тутқан ҳалда халықаралық жәмийетшиликтиң ис-ҳәрекетлерин нәтийжели муўапықластырыў зәрүрлиги атап өтилди.
Залмай Ҳалилзод шын жүректен қабыл еткени ушын Президентимиз Шавкат Мирзиёевқа миннетдаршылық билдирди ҳәм Америка Қурама Штатлары Президенти Дональд Трамп ҳәм Мәмлекетлик хаткери Майкл Помпеоның сәлемин жеткерди.
Арнаўлы ўәкил мәмлекетимиздиң Аўғанстан халқына ҳәр тәреплеме, соның ишинде, әҳмийетли социаллық ҳәм инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыў арқалы жәрдем бериўге қаратылған сиясатын жоқары баҳалады.
АҚШ Өзбекстанның Аўғанстанда тынышлық сөйлесиўлерине жәрдемлесиў бойынша конструктивлик ҳәрекетлерин, атап айтқанда, Аўғанстан ҳүкимети ўәкиллери қатнасыўындағы сөйлесиўдиң гезектеги дөгерек сәўбетин Самарқанд қаласында өткериў ҳаққындағы басламасын қоллап-қуўатлайтуғыны атап өтилди.
Буннан тысқары, усы жылы Ташкент қаласында Аўғанстан бойынша сегизинши Регионаллық экономикалық бирге ислесиў конференциясы (RECCA VIII) министрлер ушырасыўының өткерилиўи қоңсы мәмлекетлерге Аўғанстанның тыныш раўажланыўына жәрдемлесиў бойынша өз-ара бирге ислесиў бойынша стратегияны ислеп шығыў имканиятын береди.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер Өзбекстан менен АҚШ арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў, регионда тынышлықты, турақлылықты ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеў мақсетинде Аўғанстандағы жағдайды шешиў мәселелеринде өз-ара бирге ислесиўди кеңейтиўге таяр екенин атап өтти.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги