Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
БИРЛЕСКЕН АРАБ ӘМИРЛИКЛЕРИНЕ ЖОҚАРЫ ДӘРЕЖЕДЕГИ САПАР ЕТИЎ ЖУЎМАҒЫНДА ҚАБЫЛ ЕТИЛГЕН КЕЛИСИМЛЕР ҲӘМ ШӘРТНАМАЛАРДЫ ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЎ БОЙЫНША ТИЙКАРҒЫ ЎАЗЫЙПАЛАР БЕЛГИЛЕП БЕРИЛДИ
2019-04-01 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 1-апрель күни өткен ҳәптеде Бирлескен Араб Әмирликлерине рәсмий сапары шеңберинде ерисилген келисимлер ҳәм шәртнамаларды әмелге асырыў мәселелерине арналған мәжилис өткерди.
Бурын хабар етилгениндей, мәмлекетимиз басшысы Абу-Даби ҳәм Дубай қалаларында Абу-Даби Әмирлиги мийрасхоры, Бирлескен Араб Әмирликлери Қураллы Күшлери Жоқары Бас сәркардасы орынбасары Шайх Муҳаммад бин Зоид Ол Наҳаён, БАӘ Вице-президенти, Бас министри, Дубай әмири Шайх Муҳаммад бин Рошид Ол Мактум ҳәм усы мәмлекет ҳүкимети ағзалары ҳәм бир қатар жетекши компанияларының басшылары менен нәтийжели ушырасыўлар ҳәм сөйлесиўлер өткерди.
Еки тәреплеме илажлар жуўмағында Бирликтеги билдириў ҳәм бир қатар әҳмийетли келисимлер, соның ишинде, улыўма баҳасы 10 миллиард доллардан зыят болған перспективалы инвестициялық жойбарлар ҳәм бағдарламаларды әмелге асырыў бойынша шәртнамаларға қол қойылды.
Бул келисимлер инновациялар, нефть-газ тармағы, дәстүрий ҳәм алтерьнатив энергетика, заманагөй инфраструктураны раўажландырыў, транспорт ҳәм логистика, аўыл хожалығы, туризм, билимлендириў сыяқлы өз-ара бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарларын қамтып алған.
Сапар етиў даўамында БАӘниң жоқары дәрежедеги басшылығы Өзбекстанда әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалар ҳәм жаңаланыўларды бир неше рет тән алып, оларды толығы менен қоллап-қуўатлағанын атап өтиў керек. Әмирликлердиң исбилермен топарлары мәмлекетимизге барған сайын үлкен қызығыўшылық билдирип атырғаны Өзбекстанға исеним артып атырғанынан дәрек береди.
Мәжилисте Президентимиз ерисилген келисимлердиң өз ўақтында ҳәм сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў керек екенлигин атап өтип, қабыл етилген «жол картасын» әмелге асырыўды нәтийжели усыл ҳәм механизмлерди еңгизген ҳалда дәрҳал баслаў әҳмийетли екенлигин көрсетип өтти.
БАӘниң жетекши компаниялары ҳәм шөлкемлери менен бирге әмелге асырылатуғын әҳмийетли қоспа жойбарлар сыпатында «Наўайы» қурғақлық порты ҳәм еркин экономикалық зонасын раўажландырыў, мәмлекетимизде углеводородларды қазып алыўды көбейтиў ҳәм оларды терең қайта ислеў, Таллымаржан ыссылық электр станциясы ҳәм басқа да ЫЭСлерди модернизациялаў ҳәм кеңейтиў, куяш ҳәм самал электр станцияларын, Сырдәрья ўәлаятында аммиак ҳәм карбамид ислеп шығарыў заводын қурыў ҳәм басқалар белиленди.
Буннан тысқары, агросанаат кластерлерин шөлкемлестириў ҳәм мәмлекетимиз аўыл хожалығының экспорт потенциалын жақсылаў, Самарқанд қаласында туризм ҳәм коммунал инфраструктураны, исбилерменлик орталығын раўажландырыў бойынша қоспа жойбарларды әмелге асырыў, исбилерменлик басламаларын, соның ишинде, Абу-Даби раўажланыў фонды қатнасыўында қабыл етилип атырған реже қоры 1 миллиард доллар болған инвестиция компаниясы қаржыларын тартқан ҳалда қоллап-қуўатлаў мәселелери көрип шығылды.
Жоқары маманлықтағы қәнигелер таярлаў тараўындағы шерикликти кеңейтиў, «Масдар» компаниясы ҳәм Әл Халифа университети менен көп қырлы бирге ислесиўди беккемлеў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.
Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги бул бағдардағы жумысларды муўапықластырыў ҳәм жойбарларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде БАӘде өз ўәкилханасын ашады.
Мәмлекетимиз басшысы «жол картасы»нда белгиленген илажларды өз ўақтында әмелге асырыў бойынша анық тапсырмалар берди.
Министрлер Кабинети, министрликлер ҳәм мәкемелер, тармақ компаниялары басшыларына ең қысқа мүддетте инвестициялық жойбарлардың тармақ кестесин тастыйықлаў ҳәм оларды әмелге асырыўды баслаў, жоқары дәрежеде ерисилген Өзбекстан-БАӘ келисимлериниң сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў бойынша нәтийжели механизмлерди енгизиў ўазыйпасы қойылды.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги