Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ШАВКАТ МИРЗИЁЕВ «MASDAR CITY» ТЕХНОПАРКИ МЕНЕН ТАНЫСТЫ

2019-03-27 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев «Masdar City» технопаркине барды.

«Masdar City» заманагөй технологиялар ҳәм инженерлик жетискенликлер тийкарында қурылған инновациялық қалаша болып есапланады. 600 гектарды ийелеген технопарк экологиялық таза аймақ болып есапланып, бул жерде тек ғана альтернатив энергия – қуяш батареялары ҳәм фотоэлектр қурылмаларынан пайдаланылады. Аймаққа автомобильлердиң кириўи қадаған етилген. Мәнзиллерге айдаўшысыз басқарылатуғын электр транспортларында барылады.

Сапар шеңберинде технопарктиң өзине сай өзгешеликлери ҳаққында айтып берилди. Атап өтилгениндей, бул жерде инновациялық қолланбалар жаратыў, олардан түрли тараўларда пайдаланыў ушын зәрүр илимий-дөретиўшилик орталық жаратылған. Көшелерде турақлы климатты тәмийинлеп туратуғын вентиляторлар, фонтанлар ҳәм бассейнлер қурылған.

Шавкат Мирзиёев қуяш панельлерин ислеп шығарыў бойынша илимий излениўлер алып барылатуғын лаборатория жумысы менен танысты. Бундай орынлар илим-техника жетискенликлеринен нәтийжели пайдаланған ҳалда инсанияттың қоршаған орталыққа тәсирин азайтыў, мәмлекетлер арасында илимий бирге ислесиўди беккемлеўде әҳмийетли орын тутатуғыны атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы Халифа университетинде бул тараўда илимий излениў алып барып атырған өзбекстанлы студент-қыз бенен сөйлести. Бул жерде алған билим ҳәм тәжирийбелерин мәмлекетимизде енгизип, елимизде альтернатив энергетиканы раўажландырыўға үлес қосыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться