Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ТАШКЕНТ ҚАЛАСЫНДА ВЕБСТЕР УНИВЕРСИТЕТИНИҢ БИЛИМЛЕНДИРИЎ БАҒДАРЛАМАЛАРЫН ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЎ ОРАЙЫН ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ҲАҚҚЫНДА
2019-03-21 | Ҳүжжетлер
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Кейинги жылларда елимизде жоқары билимлендириўди раўажландырыў, билимлендириў жумысларына алдынғы педагогикалық технологияларды енгизиў, кадрларды таярлаў сапасын арттырыў, билимлендириў, илим ҳәм өндиристи интеграциялаўдың тәсиршең механизмлерин жаратыўға бағдарланған кең көлемли илажлар әмелге асырылды.
Соның менен бирге, билимлендириў хызметлериниң заманагөй раўажланыў тенденциясы тармаққа сырт мәмлекетлердиң жетекши билимлендириў мәкемелериниң алдынғы тәжирийбесин және де енгизиў, олар менен жақын шериклик қатнасықларын беккемлеў, билимлендириў тараўына сырт ел инвестицияларын тартыў ушын қолайлы шараятларды жаратыў зәрүрлиги бар екенлигинен дәрек бермекте.
Экономика тармақлары ушын жоқары маман кадрлар таярлаў системасын буннан былай да жетилистириў, жоқары билимлендириў тараўында халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық:
Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлды билимлендириў министрлиги ҳәм Вебстер университетиниң (АҚШ) (кейинги орынларда – Университет) Ташкент қаласында Вебстер университетиниң билимлендириў бағдарламаларын әмелге асырыў орайын (кейинги орынларда – Орай) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Орай жоқары билимлендириў мәкемеси – юридикалық шахс түриндеги Өзбекстан Республикасы резиденти есапланатуғыны, өз мүлкине, еркин балансқа ийе, қарамағындағы пул қаржылары және мүлк пенен өз миннетлемелери бойынша жуўапкер есапланатуғыны;
Орай Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Университет (кейинги орынларда – шөлкемлестириўшилер) тәрепинен шөлкемлестирилетуғыны;
Орай шөлкемлестириўшилери менен келисилген ҳалда билимлендириўдиң бакалавриат басқышының тийкарғы бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлерине муўапық қәнигелер таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў, соның ишинде, илимий-педагогикалық кадрлар таярлаўды әмелге асыратуғыны;
Орайда оқытыў күндизги билимлендириў түринде, төлем-контракт тийкарында, инглис тилинде, соның ишинде, электрон ҳәм аралықтан билим бериў технологияларын қолланған ҳалда университет тәрепинен тастыйықланған оқыў режелери ҳәм бағдарламалары тийкарында әмелге асырылатуғыны;
Орайда төлем-контракт тийкарында билим бериў баҳасының муғдары шөлкемлестириўшилер менен келисилген ҳалда белгиленетуғыны;
Орайда билим бериў жумысы 2019/2020 оқыў жылынан баслап әмелге асырылатуғыны;
Орайға абитуриентлерди қабыллаў ҳәм питкериўшилердиң аттестациясы Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен келисилген ҳалда университет тәрепинен белгиленген талап, тәртип және мүддетлерге муўапық әмелге асырылатуғыны;
Орай питкериўшилерине Өзбекстан Республикасында жоқары мағлыўмат ҳаққындағы ҳүжжет сыпатында тән алынатуғын Университеттиң белгиленген үлгидеги дипломы берилетуғыны белгилеп қойылсын.
Орайдың тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип төмендегилер белгиленсин:
мәлимлеме-коммуникация технологиялары, ғалаба хабар қураллары, исбилерменлик, тәбийғый пәнлер ҳәм педагогика тараўларында халықаралық стандартлар дәрежесинде жоқары маман қәнигелерди таярлаўды тәмийинлеў;
экономика тармақларына инновацияларды енгизиўди хошаметлеў, илимий-изертлеўлер нәтийжелерин коммерцияластырыў имканиятларын кеңейтиў, билим алыўшылардың инновациялық идеяларын әмелге асырыў ушын инвестицияларды тартыў;
республикамыздың жоқары билимлендириў системасына заманагөй билилмендириў технологияларына тийкарланған оқыў процесслерин ен жайдырыў бойынша алдынғы сырт ел тәжирийбелерин енгизиў, ашық мәлимлеме-билимлендириў орталығын раўажландырыўға жәрдемлесиў;
педагог кадрлардың профессионаллық шеберлик дәрежесин ҳәм сапасын турақлы арттырып барыў, Орайдың профессор-оқытыўшы хызметкерлериниң сырт мәмлекетлердиң жетекши жоқары билимлендириў орынларында қәнигелигин арттырыўын және стажировкадан өтиўин;
билимлендириў ҳәм илимниң үзликсизлиги және избе-излиги принципи, сондай-ақ, жәҳән билимлендириў және илимий жәмийетшиликке тығыз интеграцияласыўы тийкарында қәниге ҳәм илимий кадрлар таярлаў системасын раўажландырыў;
билимлендириў ҳәм илимий тараўларда сырт мәмлекетлердиң жетекши билимлендириў орынлары, илимий-изертлеў орайлары менен узақ мүддетли байланысларды раўажландырыў ҳәм беккемлеў.
Университет:
билимлендириў процесине алдынғы педагогикалық ҳәм мәлимлеме технологияларын, илим және техниканың ең жаңа жетискенликлерин енгизиўди тәмийинлеўге жәрдемлесетуғыны;
Орай қәнигелериниң қәнигелигин арттырыў ҳәм профессор-оқытыўшы хызметкерлерди қайта таярлаўды шөлкемлестиретуғыны;
Орай китапхана фондын қәлиплестириў және оны заманагөй оқыў, оқыў-методикалық ҳәм илимий-техникалық әдебиятлар менен байытыўға жәрдемлесетуғыны;
Өзбекстан Республикасының басқа да жоқары билимлендириў мәкемелери менен дүзилген өз-ара келисимлер тийкарында қоспа билимлендириў бағдарламалары бойынша қәнигелер таярлаўды әмелге асыратуғыны;
Университеттиң маман профессор-оқытыўшыларының Орайда билим бериў ҳәм оқыў процесин шөлкемлестириў ушын тартылатуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
а) Орайға билим алыўшыларды қабыллаў квоталары мәпдар министрликлер, уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң тийисли кадрларға болған талабын есапқа алған ҳалда шөлкемлестириўшилердиң қоспа қарарына бола тастыйықланатуғыны;
б) Орай жумысын қаржыландырыў төмендегилер есабынан әмелге асырылатуғыны:
төлем-контракт тийкарында студентлерди оқытыўдан түскен қаржылар;
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигниниң тийкарланған буйыртпаларына муўапық Өзбекстан Республикасы бюджети қаржылары;
юридикалық ҳәм физикалық шахслардың қәўендерлик қайырқомлықлары;
халықаралық финанс институтларының грантлары;
нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклер;
в) Орайды шөлкемлестириў, оның материаллық-техникалық ҳәм билимлендириў базасын қәлиплестириў, сондай-ақ, оңлаў-тиклеў, имарат ҳәм объектлерди зәрүр мебель, инвентарь, заманагөй оқыў ҳәм лаборатория үскенелери, компьютер және басқа да шөлкемлестириў техникалары менен тәмийинлеў бойынша шөлкемлестириў-әмелий илажларды қаржыландырыў Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң жоқары билимлендириў мәкемелерин раўажландырыў қорының қаржылары, сондай-ақ, нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылатуғыны;
г) Орайдың профессор-оқытыўшылары, соның ишинде, сырт елден тартылатуғын хызметкерлердиң мийнетине ҳақы төлеў ҳәм хызмет сапары қәрежетлери Университет қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
Университетке:
кадрларға болған талап ҳәм мәмлекеттиң социаллық-экономикалық раўажланыў перспективасынан келип шығып, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билилмендириў министрлиги менен биргеликте билимлендириўдиң бакалавриат басқышының тийкарғы бағдарлары және магистратура қәнигеликлерин ашыўға;
профессор-оқытыўшы хызметкерлер, сондай-ақ, педагогикалық ҳәм илимий жумыс алып барыўға тартылатуғын басқа да шахслардың мийнет етиўи, жасаўы ҳәм транспорт қәрежетлери ушын оларға белгиленген тарифлер бойынша төлем әмелге асырыўға руқсат берилсин.
Төмендегилер:
Ташкент қаласындағы Вебстер университетиниң билимлендириў бағдарламаларын әмелге асырыў орайын шөлкемлестириў бойынша шөлкемлестириў комиссиясының қурамы (кейинги орынларда – Шөлкемлестириў комиссиясы) 1-қосымшаға муўапық;
Ташкент қаласындағы Вебстер университетиниң билимлендириў бағдарламаларын әмелге асырыў орайында билимлендириўдиң бакалавриат басқышының тийкарғы бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлериниң дизими 2-қосымшаға муўапық мақуллансын.
Шөлкемлестириў комиссия (А.Абдуҳакимов):
а) 2019-жыл 1-августқа шекем Орайдың имарат ҳәм объектлерин реконструкцияланыўы, сондай-ақ, Орайдың профессор-оқытыўшылары ушын жасаў орынларының таярланыўы;
б) 2019-жыл 31-августқа шекем Орайды заманагөй оқыў лаборатория үскенелери, компьютер ҳәм шөлкемлестириў техникалары, оқытыўдың техникалық қураллары, әдебиятлар, мультмедиа өнимлери, инвентарь, мебель ҳәм басқа да материаллық-техникалық қураллар менен тәмийинлеўди;
в) 2020-жыл 31-августқа шекем Өзбекстан Республикасының раўажланыў мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде ажыратылатуғын қаржылар есабынан:
Орайда оқыў аудиториялары, билим алыўшылар ушын турақ жайлар ҳәм профессор-оқытыўшы хызметкерлердиң ўақтынша жасаўы ушын мийманхана типиндеги имаратлар нәзерде тутылған 400 орынлық оқыў корпусының реконструкцияланыўы ҳәм үскенелениўин;
Орайды жайластырыў ушын мөлшерленген имаратлар комплекси аймағында жайласқан асхана орнында тренажёр залы ушын жер төлеге ийе болған спорт залы қурылыўын тәмийинлесин.
Ташкент қаласы, Наўайы көшеси, 13-жайда жайласқан Ташкент архитектура-қурылыс институтының имарат ҳәм объектлери және оған тутас аймақ оператив басқарыў ҳуқықы менен Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигине өткерилсин ҳәм кейин ала бийпул пайдаланыў ушын белгиленген тәртипте Орайға берилсин.
Орайдың имарат ҳәм объектлерин реконструкциялаў және үскенелеў бойынша:
Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги жанындағы «Бирден-бир буйыртпашы хызмети» инжиниринг компаниясы – буйыртпашы;
«Grand stroy proekt» ЖШЖ – бас жойбарлаў шөлкеми етип белгиленсин.
Буйыртпашыға бурынғысынан басқаша тәризде, таңлаў саўдаларысыз, ең мақул усынысларды таңлап алыў арқалы Орайдың имараты ҳәм объектлерин реконструкциялаў ҳәм үскенелеў бойынша бас жумысты бөлип алып ислеўшини белгилеўге рухсат берилсин.
11. Орайға еки. соның ишинде, бир жеке бириктирилген ҳәм бир нәўбетши жеңил автотранспорт қуралын сақлаўға лимит ажыратылсын.
12. 2022-жыл 1-апрельге шекем:
Орай барлық түрдеги салықлар төлеўден;
Университет Өзбекстан Республикасындағы жумысынан ҳәм турақлы мәкеме арқалы, және төлеў дәрегинен алынған дәраматлар бойынша юридикалық шахслардан алынатуғын пайда салығынан;
белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлер бойынша Орайды үскенелеў ҳәм жумысын тәмийинлеў ушын алып кирилетуғын, Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын оқыў ҳәм илимий лаборатория үскенелери, компьютер техникасы, программалық өнимлер, оқыў ҳәм илимий методикалық әдебиятлар, инвентарь және материаллық-техникалық ресурслар, сондай-ақ, автотранспорт қураллары бажыхана төлемлеринен (бажыхана жыйымларынан тысқары) азат етилсин.
13. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги еки ай мүддетте Орайдың уставы ҳәм структурасы ислеп шығылыўын және тастыйықланыўын, сондай-ақ, белгиленген тәртипте оның мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин тәмийинлесин.
14. Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң буйыртпаларына бола усы қарарды әмелге асырыў шеңберинде тартылатуғын сырт ел профессор-оқытыўшылары ҳәм административлик хызметкерлер, сондай-ақ, олардың шаңарақ ағзалары және Орайға қабыл етилген сырт елли студентлер ушын кириў визаларының консуллық ҳәм басқа да жыйымларды өндирмеген ҳалда белгиленген тәртипте рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
15. Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң буйыртпаларына бола Орайдың сырт ел профессор-оқытыўшылары ҳәм административлик хызметкерлерине, сондай-ақ, олардың шаңарақ ағзалары және Орайға қабыл етилген сырт елли студентлерге мәмлекетлик бажыны өндирмеген ҳалда көп мәртелик визалар берилиўи ҳәм мүддети созылыўын, сондай-ақ, олардың жасаў орнында ўақтыншалық дизимнен өткерилиўин және мүддети созылыўын белгиленген тәртипте тәмийинлесин.
16. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги мәпдар министрликлер және уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
17. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы, 2019-жыл 20-март
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги