Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ПРЕЗИДЕНТ НАМАНГАНҒА ЖӨНЕП КЕТТИ
2019-02-28 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев аймақларды комплексли раўажландырыў бойынша алып барылып атырған жумыслар менен танысыў, жаңа жойбарларды белгилеў мақсетинде 28-февраль күни Наманган ўәлаятына жөнеп кетти.
Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Баспасөз хызмети мәлим етти.
Сапар етиў шеңберинде жаңа санаат кәрханалары, энергетика ҳәм туризм объектлери менен танысыў режелестирилген.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги