Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ӨЗБЕКСТАН ПРЕЗИДЕНТИ ЖӘҲӘН БАНКИ ДЕЛЕГАЦИЯСЫН ҚАБЫЛ ЕТТИ

2019-02-28 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 27-февраль күни Жәҳән банкиниң Европа ҳәм Орайлық Азия регионы бойынша вице-президенти Сирил Мюллер басшылығындағы делегацияны қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы мийманларды шын жүректен қутлықлап, Өзбекстан Республикасы менен Жәҳән банки топарлары арасындағы нәтийжели шериклик жедел раўажланып атырғанын айрықша атап өтти.

Кейинги жыллардағы избе-из байланыслар ҳәм конструктивлик сөйлесиў еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиўге, оны жаңа перспективалы бағдарламалар менен байытыўға хызмет етип атырғаны атап өтилди. Бул абырайлы халықаралық қаржы институт пенен бирге ислесиўдиң нәтийжелилиги ҳәм оның инвестициялар көлеми салмақлы дәрежеде артты.

Бүгинги күнде банктиң 4,5 миллиард долларлық жеңилликли қаржы ресурсларын тартқан ҳалда әмелге асырылған ҳәм асырылып атырған дерлик  40 перспективалы жойбар өз-ара бирге ислесиў портфелин қурамақта.

Олар цифрлы экономиканы раўажландырыў, энергетика, транспорт, қала ҳәм коммуналлық инфраструктураны модернизациялаў, алдыңғы ҳәм энергия үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, аўыл хожалығын жедел раўажландырыў, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў системасын жетилистириў сыяқлы әҳмийетли тараўлар менен бағдарларды қамтып алған.

2020-жылға шекем мөлшерленген узақ мүддетли Шериклик бағдарламасы шеңберинде өткен жылы банктиң Директорлар кеңеси тәрепинен нырқы 1,4 миллиард доллардан аслам жаңа жойбарлар мақулланды.

Буннан тысқары, Жәҳән банкиниң жетекши экспертлери салық системасы ҳәм пуқаралық авиациясын реформалаў бойынша усыныслар ислеп шығыўда белсене қатнасты.

Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Жәҳән банки топарлары арасындағы көп қырлы шерикликти буннан былай да беккемлеў мәселелери ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

Банк-қаржы тараўын раўажландырыў, исбилерменликти ҳәм экономиканың реал секторын қоллап-қуўатлаў, мәмлекетлик кәрханаларды ҳәм агросанаат комплексин реформалаў, исбилерменлик ҳәм инвестициялық орталықты жақсылаў, инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыўға мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлерин кеңнен енгизиў сыяқлы бағдарларда әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў әҳмийетли екени айрықша атап өтилди.

Экономикалық кеңес шеңберинде узақ мүддетли бирге ислесиў бағдарламасын биргеликте ислеп шығыў бойынша келисимге ерисилди.

Жәҳән банки вице-президенти Сирил Мюллер мәмлекетимиз басшысына шын жүректен қабыллағаны ҳәм банктиң Өзбекстандағы жойбарларын нәтийжели әмелге асырыўға қаратылып атырған жоқары итибары ушын миннетдаршылық билдирди.

Мийман Өзбекстанның баҳалы қағазлары жәҳән фонд базырларында табыслы жайластырылғаны, суверен рейтинглери алынғаны ҳәм халықаралық рейтинги артқаны елимизде жаңа басқышта әмелге асырылып атырған кең көлемли социаллық-экономикалық реформалардың халықаралық тән алыныўы екенин айрықша атап өтти.

Жәҳән банки Өзбекстан ҳәм пүткил регионның турақлы раўажланыўына жәрдемлесиў мақсетинде мәмлекетимиз бенен өз-ара пайдалы шерикликти буннан былай да беккемлеўге таяр екени және бир мәрте тастыйықланды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться