Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
«ШАРҚ ТАРОНАЛАРИ» ХАЛЫҚАРАЛЫҚ МУЗЫКА ФЕСТИВАЛЫН ӨТКЕРИЎГЕ ТАЯРЛЫҚ КӨРИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА
2019-02-27 | Ҳүжжетлер
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Дүнья халықлары арасында бирге ислесиўди ҳәм татыўлықты беккемлеў, музыка көркем өнериниң дәстүрлерин сақлаў ҳәм раўажландырыўға, мәдениятлараралық диалогты күшейтиўге қаратылған ийгиликли мақсетлерди өзинде жәмлеген, ЮНЕСКО халықаралық шөлкеми тәрепинен музыка әлеминиң ири форумы сыпатында тән алынған «Шарқ тароналари» халықаралық музыка фестивалының абырайын буннан былай да арттырыў мақсетинде:
еки ҳәпте мүддетте «жол картасын» ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;
2019-жыл 1-апрельге шекем Фестивальға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы қәрежетлер сметасын тастыйықласын;
Фестивальға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы басқа да мәселелерди шешсин.
Фестивальға жергиликли ҳәм сырт еллерден музыкатаныўшы илимпазларды, белгили көркем өнер шеберлерин, жетик қәнигелерди ҳәм ҳүрметли мийманларды мирәт етиў илажларын көрсин;
Фестиваль шеңберинде «Шығыс халықларының дәстүрий музыка өнерин раўажландырыў перспективалары» темасында халықаралық илимий-әмелий конференция өткерилиўин, онда сырт елли ҳәм жергиликли белгили музыкатаныўшы илимпазлар ҳәм қәнигелер және изертлеўшилердиң өз баянатлары менен қатнасыўын тәмийинлесин;
Фестивальдың абырайын буннан былай да арттырыў, дүнья жәмийетшилигиниң итибарын Өзбекстан музыка мәдениятына тартыў мақсетинде Фестиваль шеңберинде сырт ел қәнигелериниң қатнасыўында арнаўлы дөгерек сәўбети, таныстырыў ҳәм шеберлик сабақларын өткерсин.
халықаралық илимий-әмелий конференция бағдарламасын;
Фестивальға қатнасатуғын сырт елли ҳәм жергиликли музыкатаныўшы илимпазлар, белгили көркем өнер шеберлери, жетик қәнигелер ҳәм ҳүрметли мийманлардың дизимин;
Фестивальдың салтанатлы ашылыў ҳәм жабылыў мәресимлериниң сценарийин және көркем бағдарламаларын;
Өзбекстан көркем өнер академиясы, Республикалық «Сүўретлеў айнасы» дөретиўшилик аўқамы менен биргеликте Фестивальдың логотипин ҳәм сыйлы орынлар ушын берилетуғын статуэткасының жойбарын ислеп шығып, Шөлкемлестириў комитетине тастыйықлаў ушын киргизсин.
Фестивальды шөлкемлестириў ҳәм өткериўге байланыслы қәрежетлер Шөлкемлестириў комитети тәрепинен белгиленген тәртипте тастыйықланған смета тийкарында төмендеги тәртипте:
70 проценти – Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлигиниң қәрежетлер сметасында мәдений илажларды өткериў ушын ҳәр жылы нәзерде тутылатуғын бюджет қаржылары шеңберинде;
30 проценти – Самарқанд ўәлаятының жергиликли бюджети, қәўендерлердиң қайырқомлық қаржылары және нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклердиң есабынан қапланады.
Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги 2019-жыл 20-июльге шекем Самарқанд қаласында абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары әмелге асырылыўын, Фестиваль өткерилетуғын сахна ҳәм майданлар талап дәрежесинде таярланыўын тәмийинлесин.
Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Самарқанд қаласы телекоммуникация тармақларын Фестивальға таярлық көриў ҳәм оны өткериў талапларына сәйкеслендириў илажларын көрсин.
Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Фестивальға келетуғын мийманлар ушын Мәденият министрлигиниң виза талапларына муўапық Өзбекстан Республикасына кириў визаларының белгиленген тәртипте консуллық ҳәм басқа да жыйымларды өндирмей рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
«Шарқ тароналари» халықаралық музыка фестивалының бас дирекциясы сырт еллердеги халықаралық көркем өнер фестивальлары шөлкемлери және орайлары менен турақлы түрде дөретиўшилик бирге ислесиў орнатсын.
Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, «Дунё» мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына 2019-жыл 1-майдан баслап Фестивальды кеңнен үгит-нәсиятлаўға қаратылған соиаллық реклама роликлерин ҳәм текстлерин телевидение ҳәм басқа да мәлимлеме қуралларында жайластырыў және Фестивальды өткериў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды кеңнен сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги үш ай мүддетте мәденият ҳәм көркем өнер тараўындағы халықаралық фестиваль ҳәм әнжуманларды жоқары дәрежеде өткериў ҳәм бундай илажларды басқарыў системасын буннан былай да жетилистириў мақсетинде Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2005-жыл 15-июньдеги «Шарқ тароналари» халықаралық музыка фестивалына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы ПҚ-103-санлы қарары өз күшин жойытқан деп есаплансын.
Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары Ф.Ш.Маҳмудовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы, 2019-жыл 26-февраль
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги