Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ЭЛЕКТР ЭНЕРГЕТИКАСЫ ТАРАЎЫН БУННАН БЫЛАЙ ДА РЕФОРМАЛАЎ ЎАЗЫЙПАЛАРЫ БЕЛГИЛЕНДИ

2019-02-20 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 20-февраль күни электр энергетикасы тармағында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм тараўды раўажландырыў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерди.

Электр энергетикасы экономиканың раўажланыўын, турмыс сапасын тәмийинлейтуғын тийкарғы дәреклерден бири. Бул тармақта бир қатар кемшиликлердиң бар екенлиги белгиленген реформаларды нәтийжели әмелге асырыўға ҳәм елимизди инновациялық раўажландырыўға иркиниш жасап атырған еди.

Сонлықтан, Президентимиздиң 2019-жыл 1-февральдағы қарарына муўапық, Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги шөлкемлестирилди. Оған электр энергетикасы және нефть-газ тараўындағы машқалаларды сапластырыў, экономика тармақларын ҳәм елимиздиң халқын жанылғы-энергетика ресурслары менен турақлы тәмийинлеў бойынша үлкен ўәкилликлер берилди.

2019-жылғы Инвестициялық бағдарламаға электр энергиясы системасы бойынша улыўма нырқы 8,1 миллиард долларлық 33 жойбар киргизилген. Усы жылы дерлик 620 миллион доллар өзлестирилип, 7 ири жойбар иске түсирилиўи белгиленген.

Мәмлекетимиз басшысы усы инвестициялық жойбарларды сапалы әмелге асырыў, бар кемшиликлерди сапластырыў бойынша тапсырмалар берди.

Мәселен, халықаралық финанс институтларының қатнасындағы «Тақыятас ыссылық электр станциясынан Хорезм-Сарымай пунктине шекем 220 киловольтлы электр линияларын тартыў», «Жоқары күшленетуғын подстанцияларды модернизациялаў», «Тўрақўрғон ыссылық электр станциясын қурыў» жойбарларын әмелге асырыў мүддетлери кешиккен. Сол себепли, Энергетика министрлиги ҳәм «Өзбекэнерго» акционерлик жәмийетине халықаралық финанс шөлкемлериниң қаржыларын толық өзлестириў, жойбарларды өз ўақтында орынлап, қаржыларды үнемлеў ўазыйпасы қойылды.

Электр энергиясы қуўатлықларын модернизациялаў жумыслары талап дәрежесинде емеслиги атап өтилди. Тармақта инвестициялық сиясат надурыс шөлкемлестирилгени, яғный тиккелей инвестицияларды тартыўға улыўма итибар қаратылмағаны сынға алынды. Соның ақыбетинде кәрханалар қарыз алыў ямаса жойбарларды өз қаржылары есабынан әмелге асырыўға мәжбүр болмақта.

Президентимиз тараўдағы әҳмийетли бағдарларды белгилеп берди. Атап айтқанда, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында альтернатив энергетиканы раўажландырыў, бундай жойбарларға сырт ел инввестицияларын тартыў имканияты үлкен екени атап өтилди.

Ҳәзирги күнде елимизде қуяш ҳәм самал электр станцияларын қурыў бойынша Түркияның «Йилдирим груп», Бирлескен Араб Әмирликлериниң «Маздар» қоры ҳәм Халықаралық финанс корпорациясы менен жумыс алып барылмақта.

Министрлер Кабинети, Энергетика министрлиги, «Өзбекэнерго» акционерлик жәмийетине улыўма нырқы 2,5 миллиард долларлық 13 перспективалы жойбар бойынша сырт елли бирге ислесиўшилерди анықлаў, тиккелей инвестицияларды тартыў бойынша мәнзилли «Жол картасын» ислеп шығыў тапсырылды. Тараўда мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти енгизиў, тиккелей инвестицияларды кеңнен тартыў ушын жеке меншик ислеп шығарыўшылардан электр энергиясын сатып алыў тәртибин ҳәм тарифлерин белгилеў зәрүрлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, дебитор қарыздарлықты азайтыў мәселелерине де итибар қаратылды.

Электр энергиясын экспорт етиў бойынша мәмлекетимиздиң транзит потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, Сурхан-Пули-Хумри тармағын қурыўды тезлетиў бойынша көрсетпелер берилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 1-февральдағы қарарында «Өзбекэнерго» акционерлик жәмийетин қайта шөлкемлестириў бойынша қарар жойбарын таярлаў белгиленген еди. Мәмлекетимиз басшысы бул қарарда ислеп шығарыўшы-жеткерип бериўши-бөлистириўши ўазыйпаларынан келип шығып, кәрханалардың функциясын анық ажыратыў, тараўға базар қатнасықларын, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти енгизиўге айрықша итибар қаратыў зәрүрлигин атап өтти.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлердиң есабы тыңланды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться