Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
2019-2025-ЖЫЛЛАРДА ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ХАЛҚЫНЫҢ РУЎХЫЙ САЛАМАТЛЫҒЫН ҚОРҒАЎ ХЫЗМЕТИН РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ КОНЦЕПЦИЯСЫН ТАСТЫЙЫҚЛАЎ ҲАҚҚЫНДА
2019-02-14 | Ҳүжжетлер
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Өткен ўақыт даўамында халықтың руўхый саламатлығын қорғаў миллий хызметин жетилистириў, психикалық жағдайы бузылыўынан азап шегетуғын шахсларды анықлаў, емлеў ҳәм реабилитациялаў бойынша денсаўлықты сақлаў системасының барлық дәрежелеринде белгили бир жумыслар әмелге асырылды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 16-марттағы «Психиатриялық жәрдем көрсетиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3606-санлы қарарына муўапық халыққа психиатриялық жәрдем көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириў, психиатрия мәкемелерин заманагөй медицина үскенелери менен тәмийинлеў (қосымша үскенелеў), сондай-ақ, республикалық психиатрия мәкемелериниң имаратларын қурыў ҳәм реконструкциялаў бағдарламалары орынланбақта.
Соның ишинде, «психиатрия» бағдары бойынша мәмлекетлик грантлар тийкарында магистратураға қабыллаў квоталары көбейтилди, жоқары медициналық билимлендириў мәкемелериниң психиатрия кафедраларында фундаменталь, әмелий ҳәм инновациялық илимий-изертлеў жумыслары жеделлести. Биринши мәрте психикалық кеселликлерге диагноз қойыў ҳәм емлеў бойынша жеке меншик медицина шөлкемлери тәрепинен көрсетилетуғын хызметлердиң дизими тастыйықланды.
Халықтың психикалық денсаўлығын қорғаў, сапалы психиатриялық жәрдем көрсетиўди шөлкемлестириў, психикалық жағдайы бузылыўының алдын алыў, диагноз қойыў ҳәм емлеў системасын буннан былай да раўажландырыў мақсетинде:
Төмендегилер:
2019-2025-жылларда Өзбекстан Республикасы халқының руўхый саламаталығын қорғаў хызметин раўажландырыў концепциясы (кейинги орынларда – Концепция) 1-қосымшаға муўапық;
2019-2025-жылларда Өзбекстан Республикасы халқының руўхый саламатлығын қорғаў хызметин раўажландырыў концепциясын 2019-2020-жылларда әмелге асырыў бойынша комплексли илажлар (кейинги орынларда – Комплексли илажлар) 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Төмендегилер Концепцияның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
психикалық жағдайы бузылған шахслардың мәплери жолында ҳәкимшилик сапасын арттырыў, психиатриялық хызмет пенен мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер арасында нәтийжели бирге ислесиў системасын қәлиплестириў;
халыққа психиатриялық жәрдем көрсетиў системасын инновациялық раўажландырыў психикалық кеселликлердиң алдын алыў, оларға диагноз қойыў ҳәм емлеў бойынша алдынғы технологияларды әмелиятқа енгизиў, бул тараўдағы алдынғы сырт ел тәжирийбесин үйрениў ҳәм изертлеў;
халыққа психиатриялық жәрдем көрсетиў тараўында жеке меншик медициналық әмелияттың раўажланыўын хошаметлеў;
руўхый жағдайы бузылыўы белгилерине ийе болған адамларға унамсыз көзқараслардың қәлиплесиўине ҳәм олардың кемситилиўине жол қоймаў, психикасы бузылған шахслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплери әмелге асырылыўы ушын теңдей шараятларды тәмийинлеў;
руўхый саламатлықты қорғаў мәселелеринде халықтың хабардарлық дәрежесин арттырыў психикалық жағдайы бузылған шахсларға болған надурыс түсиниклерге шек қойыў;
жәрдемге мүтәж болған халықтың барлық жастағы топарларын психиатриялық жәрдем менен қамтып алыў, психикалық жағдайы бузылған шахсларды анықлаў, емлеў ҳәм реабилитациялаў бойынша сапалы медициналық хызметлерден пайдаланыўдың имканиятларын арттырыў;
халықтың руўхый саламатлығын қорғаў хызметин денсаўлықты сақлаўдың бирлемши буўыны менен интеграциялаў;
халықтың руўхый саламатлығын қорғаў тараўындағы кадрлардың потенциалын беккемлеў;
психиатриялық жәрдем көрсетиўде, әсиресе, республика аймақларында мультидисциплинар бригада жумысы моделин енгизиў;
психиатриялық жәрдем көрсететуғын әмелдеги мәкемелер тийкарында жедел терапияға ҳәм кең көлемли емлеў-реабилитацияның комплексли илажларын өткериўге, күнделикли врачлардың бақлаўында болыўға мүтәж болған, бирақ күни-түни психиатриялық станционарға орналастырылыўы шәрт болмаған психикалық жағдайы бузылыўы күшейетуғын ямаса компенсациясы бузылатуғын шахслар ушын күндизги стационарлардың жумысын шөлкемлестириў;
психиатриялық жәрдем көрсететуғын мәкемелердиң материаллық-техникалық базасын буннан былай да беккемлеў, оларды реконструкциялаў ҳәм заманагөй медицина үскенелери менен тәмийинлеў (қосымша үскенелеў).
Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Ишки ислер министрлиги ҳәм Инновациялық денсаўлықты сақлаў миллий палатасының Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң лаўазымлары дизимине «Өзбекстан Республикасы Бас психиатры» ҳәм «Өзбекстан Республикасы Бас суицидологы» лаўазымларын киргизиў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин.
Психикалық жағдайы бузылған шахслар оларға психиатриялық жәрдем көрсетилиўи ўақтында мәмлекетлик система шеңберинде бийпул юридикалық жәрдем алыў ҳуқықына ийе екени белгилеп қойылсын.
Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.К.Шодмонов):
психиатриялық жәрдем алыў имканиятын, оның нәтийжелилигин ҳәм сапасын арттырыў, руўхый жағдайлар бузылыўының социаллық ҳәм экономикалық жүгин азайтыў, сондай-ақ, халықтың көрсетилип атырған емлеў-диагностикалық ҳәм медициналық-реабилитациялық жәрдемнен толық қанаатланыўына ерисиў мақсетинде халықтың руўхый саламатлығын қорғаў хызметиниң жумысын буннан былай да оптималластырыў бойынша тәсиршең илажлар көрсин;
Өзбекстан Республикасы Инновациялық денсаўлықты сақлаў миллий палатасы менен биргеликте бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелериниң әмелиятына руўхый жағдайлар бузылыўына диагноз қойыў ҳәм оларды емлеўдиң клиникалық протоколларын енгизсин;
руўхый жағдайы бузылған шахсларды заманагөй жоқары нәтийжели дәри қураллары менен тәмийинлеў бойынша илажлар көрсин;
жумыс ўақтын хронометраждан өткериў арқалы халыққа психиатриялық жәрдем көрсетиўде қатнасатуғын қәнигелердиң жумыс көлеми нормативлерин келешекте штат нормативлерине өзгерислер киргизген ҳалда қайта көрип шықсын;
Концепция ҳәм Комплексли илажлардың орынланыўы ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине ҳәр шеректе мәлимлеме усынған ҳалда, олардың сапалы ҳәм өз ўақтында орынланыўы үстинен мониторинг өткерилиўин тәмийинлесин;
Концепция ҳәм Комплексли илажлардың орынланыўына, сондай-ақ, халықтың психикалық саламатлығын қорғаўға байланыслы әҳмийетли мәселеелерди додалаўға бағышланған мәлимлеме-таллаў шолыўларды турақлы таярлаў ҳәм ғалаба хабар қуралларында жәриялаў бойынша илажлар көрсин.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасының «Психиатриялық жәрдем ҳаққында»ғы нызамы жойбарын таярлаў ҳәм киргизиўде халықтың руўхый саламатлығын қорғаў тараўындағы ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың функциялары және ўәкилликлери анық шегараланыўын нәзерде тутсын.
Төмендегилерге:
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа – Концепция ҳәм Комплексли илажларды орынлаў бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў;
жуўапкер министрликлер, уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң басшыларына – Концепция ҳәм Комплексли илажларда нәзерде тутылған илажларды өз ўақтында орынлаў;
илимий-изертлеў ҳәм билимлендириў мәкемелериниң басшыларына – фундаменталь ҳәм әмелий пәнлердиң раўажланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, халықтың руўхый саламатлығын қорғаў хызмети ушын жоқары қәнигели кадрлар таярлаў бойынша жеке жуўапкер екени көрсетип өтилсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ғалаба хабар қуралларында усы қарардың мақсетлерин ҳәм ўазыйпаларын, сондай-ақ, Концепция ҳәм Комплексли илажлардың орынланыўы барысын сәўлелендириў бойынша мақалалар ҳәм темаға байланыслы телекөрсетиўлер шөлкемлестирсин.
Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы, 2019-жыл 13-февраль
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги