Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ТОҚЫМАШЫЛЫҚ ҲӘМ ТИГИЎ-ТРИКОТАЖ САНААТЫН РЕФОРМАЛАЎДЫ БУННАН БЫЛАЙ ДА ТЕРЕҢЛЕСТИРИЎ ҲӘМ ОНЫҢ ЭКСПОРТ ПОТЕНЦИАЛЫН КЕҢЕЙТИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА
2019-02-13 | Ҳүжжетлер
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Республика тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санаатында жоқары және турақлы өсиў пәтлерин тәмийинлеў, тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў ҳәм өзлестириў, бәсекиге шыдамлы өнимлерди ислеп шығарыў ҳәм экспорт етиў, модерниазциялаўдың стратегиялық үлкен әҳмийетке ийе болған жойбарларын әмелге асырыў есабынан жоқары технологиялы жаңа жумыс орынларын жаратыў, кәрханаларды техникалық ҳәм технологиялық жаңалаў, алдынғы «кластер моделин» енгизиўге қаратылған структуралық қайта шөлкемлестириўди және де тереңлестириў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санаатының раўажланыўын ҳәр тәреплеме таллаў, бәсекиликтиң күшейиўи шараятында дүнья базарының өзгермели конъюнктурасы тараўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, және де турақлы ҳәм жедел раўажланыўы механизмлерин ислеп шығыў және әмелге асырыўды талап етпекте.
Тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санаатында әмелге асырылып атырған реформаларды буннан былай да тереңлестириў, тараўды жедел раўажландырыў ҳәм диверсификациялаў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, тоқымашылықта ярым таяр өнимлерди терең қайта ислеўге инвестициялар көлемин ҳәм таяр өнимлер экспортын арттырыў мақсетинде:
2019-жыл 1-апрельден сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
а) 2019-2021-жылларда ислеп шығарылатуғын таяр өнимниң кеминде 80 процентин экспорт ететуғын тигиў-трикотаж кәрханаларына коммерциялық банклердиң кредитлери бойынша процентлерди төлеўге байланыслы қәрежетлер Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры қаржылары есабынан төмендеги тәртипте қапланады:
айланба қаржыларды толықтырыў (таяр тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарыў ушын ийирилген жип, трикотаж материал, жип гезлеме ҳәм басқаларды сатып алыў) мақсетинде коммерциялық банклер тәрепинен миллий валютада берилетуғын кредитлер бойынша белгиленген процент ставкасының 25 проценти муғдарында, бирақ 5 процентли пункттен жоқары болмаған жағдайда;
өндиристи модернизациялаў (имарат ҳәм әсбап-үскенелерди сатып алыў) мақсетинде коммерциялық банклер тәрепинен сырт ел валютасында берилетуғын кредитлер бойынша белгиленген процент ставкасының 50 проценти муғдарында;
б) нольлик ставканы қолланыў нәтийжесинде жүзеге келген қосымша қун салығын қайтарыў зәрүр болған ҳүжжетлер толық усынылған күннен баслап 7 жумыс күни даўамында салық төлеўшиге тез қайтарылады. Онда мәмлекетлик салық уйымларында бар мағлыўматлар, соның ишинде, салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлер бойынша салыстырыў акти және қосымша қун салығының есап-санақларын усыныў тәртиби бийкар етиледи;
в) биржа саўдалары арқалы пахта талшығын сатыўда қатаң талап етилетуғын банк кепилликлери бийкарланады. Онда тәреплер арасында миннетлемелердиң орынланыўын тәмийинлеў тәртиби шәртнама тийкарында белгиленеди.
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги коммерциялық банклер тәрепинен тигиў-трикотаж кәрханаларына берилген кредитлер бойынша процентлерди қаплаў ушын зәрүр болған қаржыларды 2019-2021-жыллар даўамында белгиленген тәртипте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорына ажыратсын.
2019-жылдың зүрәәтинен баслап республика шөлкемлерине пахта талшығын сатыўда қосымша қун салығы дүнья базарларында қәлиплескен баҳаларға қарамастан,пахта талшығының әмелдеги сатыў баҳасынан келип шыққан ҳалда есапланатуғыны белгилеп қойылсын.
Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң жаңа редакциядағы жойбарын ислеп шығыўды муўапықластырыў ҳәм нәтийжесиз салық және бажыхана жеңилликлерин ҳәм преференцияларды бийкарлаў бойынша жумысшы комиссия (Б.М.Мавлонов) Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң жаңа редакциясына усы қарардың 1-бәнтинде нәзерде тутылған қағыйдалардың киргизилиўин тәмийинлесин.
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Мәмлекетлик салық комитети менен биргеликте бир ай мүддетте исбилерменлик субъектлериниң товар айланысынан пайда болған нольлик ставкадағы қосымша қун салығын қайтарыў ҳаққында усынылған арзаларын көрип шығыў бойынша автоматластырылған бағдарламаны ислеп шықсын ҳәм әмелиятқа енгизсин.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:
үш ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын 2019-2025-жылларда тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санаатын жедел раўажландырыў Концепциясын тастыйықласын:
комплексли қатнас жасаў тийкарында шийки затты қайта ислеў, таяр өнимди, соның ишинде, санаат кооперациясын кеңейтиў және қоллап-қуўатлаў тийкарында ислеп шығарыў ҳәм экспорт етиў, тоқымашылық өнимлерин сатыўдың ишки ҳәм сыртқы базарларын изертлеў;
ишки ҳәм сыртқы базарларда өнимлердиң бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеў бойынша илажларды әмелге асырыў, қосымша қун жаратыўдың бирден-бир избе-излигин дүзиў;
республикада ислеп шығарылатуғын пахта ийирилген жиплериниң толық көлемин қайта ислеў есабынан 2025-жылға барып тоқымашылық өнимлери экспортының көлемин 7 миллиард АҚШ долларына жеткериў.
Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги:
2019/2020 оқыў жылынан баслап Ташкент тоқымашылық ҳәм жеңил санаат институтында жетекши сырт ел жоқары оқыў орынларының биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын шөлкемлестирсин;
еки ай мүддетте 2019-жылдың ақырына шекем Өзбекстан Республикасы аймағында сырт ел компанияларының оқыў-өндирислик кластери қатнасында өндирислик объектлерде билимлендириў процесин тиккелей әмелге асырыўды шөлкемлестириў бойынша усыныс киргизсин;
Ташкент тоқымашалық ҳәм жеңил санаат институты кадрларының буйыртпашылары питкериўшиниң базалық контракт төлемин екинши басқышта кеминде 50 процент, үшинши басқышта кеминде 75 процент, төртинши басқышта 100 процент муғдарында төлеп берген жағдайда, питкериўшиниң буйыртпашы кәрханасында жумыс ислесиўин әмелге асырыў миннетлемеси ҳаққында шәртнама дүзилиўи тәртибин белгилеў илажларын көрсин;
бир ҳәпте мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине Ташкент тоқымашылық ҳәм жеңил санаат институтының жумысын жетилистириў бойынша «Жол картасы» жойбарын киргизсин.
Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Сыртқы ислер министрлиги, «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясы менен биргеликте:
Өзбекстанда бир жылда кеминде бир мәрте тоқымашылық илажларын жәҳән календарына киргизген ҳалда тоқымашылық ҳәм мода индустриясы халықаралық көргизбелери өткерилиўи илажларын көрсин;
Европа Аўқамы, Түркия, Корея, Қытай ҳәм басқа да мәмлекетлер менен көрип шығылып атырған келисимлерге миллий тоқымашылық өнимлерине байланыслы бажыхана төлемлерин азайтыў ҳәм тәртипке салыўдың тарифлик емес илажларын әпиўайыластырыў мәселелерин киргизсин.
«Өзтоқымашалықсанаат» ассоциациясы Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги менен биргеликте үш ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын тоқымашылық тигиў-трикотаж санааты кәрханаларының бирден-бир мәлимлеме порталын (кейинги орынларда – портал) ислеп шықсын ҳәм иске түсирилиўин тәмийинлесин:
тармақтың тендер саўдалары (таңлаўлар), көргизбелер ҳәм ярмаркалар, соның ишинде, сырт ел көргизбелери ҳәм ярмаркалары дизимин жәриялаў;
киши исбилерменлик субъектлерин тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санааты өнимлерин экспорт етиўдиң толық процесине аралықтан оқытыў;
пүткил дүнья еллери бойынша тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санааты өнимлерин алып кириў ҳәм алып шығыўды таллаў бойынша толық есабатлар менен танысыў;
«Тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санааты кәрханаларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў навигатор илажлары»н жайластырыў;
тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санааты ислеп шығарыўшылар ҳәм хызметлер, материаллар ҳәм шийки зат жеткерип бериўшилердиң жайласыўы көрсетилген Өзбекстанның интерактив картасын жаратыў;
тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санааты өнимлерин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў ушын Өзбекстанның салыстырмалы үстинликлерин жәриялаў;
тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санааты өнимлерин ислеп шығарыўшыларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде шөлкемлестирилген онлайн-программалық өнимлерди сырт ел аналоглары менен интеграциялаў;
қаржы хызметлерин, соның ишинде, лизинг контрактлары бойынша қарыз қаржыларын, үскенелерди ҳәм қамсызландырыў хызметлерин тартыў бойынша жеткерип бериўшилерди көрсетиў;
миллий тоқымашылық кәрханалары ушын ислеп шығарылатуғын ҳәм талап етилетуғын хызметлер, материаллар ҳәм шийки затлар номенклатурасын және көлемин жайластырыў.
«Өзстандарт» агентлиги «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясы менен биргеликте:
2019-жыл 15-февральға шекем тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санааты өнимлерине оларды сынақтан өткериў усылларына талапларды белгилейтуғын стандартлар бойынша әмелдеги нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди хатлаўдан өткерсин ҳәм халықаралық нормаларды есапқа алған ҳалда қайта көрип шығылыўы тийис болған стандартларды белгилесин;
2019-жыл 1-мартқа шекем тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санааты өнимлерине ҳәм оларды сынақтан өткериў усылларына халықаралық стандартлар дизимин белгилесин ҳәм оларды басқышпа-басқыш қабыл етиў графигин тастыйықласын.
Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги мәпдар шөлкемлер ҳәм коммерциялық банклер менен биргеликте еки ай мүддетте тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санааты кәрханаларының әмелдеги экспорт шәртнамалары гиреўи есабынан олардың өнимлерин экспорт алдынан қаржыландырыў механизмин енгизсин.
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитети басқа министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте республика аймағына таяр тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санааты өнимлерин нызамсыз алып кириўге қарсы гүресиўди күшейтиў бойынша әмелий илажлар режесин тастыйықласын.
Экономика ҳәм санаат министрлиги «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясы ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 2-февральдағы Ф-5194-санлы бийлиги менен тастыйықланған «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясына ағза тоқымашылық өндирис кәрханалары тәрепинен бажыхана төлемлерин төлеўден (бажыхана рәсмийлестириўи ушын жыйымлардан тысқары) азат етилген ҳалда импорт етилетуғын, республикада ислеп шығарылмайтуғын, тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарыў ушын зәрүр болған жасалма ҳәм синтетикалық талшық. жүн, шийки зат ҳәм басқа да материаллар дизиминде:
«СЭЖ ТН коды» үстининиң 128-позициясындағы «5509 31 000 0, 5509 32 000 0, 5509 61 000 0» санлары шығарып таслансын;
129-позиция шығарып таслансын.
Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасарлары Б.М.Мавлоновқа ҳәм Г.К.Саидоваға жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы, 2019-жыл 12-февраль
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги