Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ӨЗ-АРА ПАЙДАЛЫ ШЕРИКЛИККЕ ТИЙКАРЛАНҒАН БИРГЕ ИСЛЕСИЎДИҢ ЖАҢА БАСҚЫШЫ

2019-01-22 | Сиясат

Бурын хабар етилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Германия Федеративлик Республикасы Федерал канцлери Ангела Меркельдиң мирәт етиўине бола 2019-жыл 20-январь күни рәсмий сапар менен усы елге келди.

Сапар етиўдиң тийкарғы илажлары 21-январь күни Берлин қаласында болып өтти. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Германия Федеративлик Республикасы Президенти Франк-Вальтер Штайнмайер, Федерал канцлер Ангела Меркель және Бундестаг Баслығы Вольфганг Шойбле менен сөйлесиўлер өткерди.

Сапар етиўдиң екинши күни Өзбекстан Президенти  Шавкат Мирзиёев Мюнхен қаласында Бавария Федерал үлкесиниң Бас министри Маркус Зёдер менен ушырасты.

Мәмлекетимиз басшысы ҳүрметли мийманлар китабына қол қойды.

Германияның қубла-шығысында жайласқан Баварияда 12,9 миллион халық жасайды. Бул үлке мәмлекеттиң майданы бойынша ең ири ҳәм халықтың саны бойынша екинши субъект болып табылады.

Бавария Германияның экономикалық жақтан ең раўажланған аймақларынан бири болып, оның жалпы аймақлық өниминиң көлеми 600 миллиард евроға жақын. Бул Европа Аўқамына ағза көпшилик мәмлекетлердиң ЖИӨнен көп. Германияда ислеп шығарылып атырған авиа ҳәм аэрокосмослық техниканың дерлик ярымы, тоқымашылық өнимлериниң 43, электроника товарларының 27, машина қурылысы тараўының 18, металлургия өнимлериниң 12 проценти усы федерал үлкениң үлесине туўра келеди.

Ушырасыў басында Өзбекстан Президенти Маркус Зёдерди Германия Христиан-социаллық аўқамы партиясының баслығы етип сайланғаны менен қутлықлап, оның бул мәртебедеги жумысы еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға жәрдемлесетуғынына исеним билдирди.

Еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдың перспективаларына байланыслы мәселелер додаланды. Сондай-ақ, саўда-экономикалық бирге ислесиў мәселелери бойынша да пикир алысылды.

Президентимиз Федерал Президент Франк-Вальтер Штайнмайер, Федерал канцлер Ангела Меркель ҳәм Бундестаг Баслығы Вольфганг Шойбле менен сөйлесиўлер даўамында өз-ара түсинисиўге ерисилгенин ҳәм бирге ислесиў жойбарлары қоллап-қуўатланғанын атап өтти.

Бавария  Бас министри Маркус Зёдер Президент Шавкат Мирзиёевтиң Мюнхенге сапар етиўинен қуўанышлы екенлигин билдирип, Германия менен Өзбекстан арасында қол қойылған ҳүжжетлер еки мәмлекеттиң мәплерине хызмет ететуғынын, саўда-экономикалық тараўдағы нәтийжели бирге ислесиў өз-ара қатнасықлардың әҳмийетли бағдарларынан бири болатуғынын атап өтти.

Мәмлекетимиздиң Бавария менен қатнасықлары узақ тарийхқа ийе. Тарийхшы И.Шильтбергердиң Әмир Темур қабыллаўында болғаны ҳаққындағы жазба еске түсириўлери халықларымыз арасындағы тарийхый байланыслар тилге алынған дәслепки ҳүжжетли дәреклерден бири болып табылады.

Тәреплер саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди беккемлеў, Өзбекстан экономикасының ҳәр қыйлы тармақларына алдынғы немис технологияларын және де кеңнен енгизиўден мәпдар екенин атап өтти.

Мәдений-гуманитарлық байланыслар, жоқары оқыў, денсаўлықты сақлаў ҳәм спорт тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Ушырасыўда Германия компаниялары менен Өзбекстанда жоқары технологиялы кәрханалар ашыў, транспорт-логистика ҳәм туризм инфраструктурасын модернизациялаў, саўда-сатық ҳәм қоспа жойбарларды биргеликте қаржыландырыў бойынша әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўдиң перспективалары додаланды.

Бавария Бас министри Президент Шавкат Мирзиёевқа Германия исбилермен топарларының Өзбекстандағы жойбарлары ҳәм усынысларына көрсетилип атырған ҳәр тәреплеме жәрдем ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирди. Өзбекстан менен кең көлемли ҳәм өз-ара пайдалы бизнес шерикликтен оғада мәпдар екенин атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы Бавария Бас министрине «Өзбекстанның мәдений мийрасы Германия коллекцияларында» китап-альбомын саўға етти.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться