Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
2018-жылда Қарақалпақстанның санаат өндириси қай дәрежеде өсти?
2019-01-22 | Экономика
Қарақалпақстан Республикасы Статистикалық басқармасының мағлыўматларына қарағанда, 2018-жылдың январь-декабрь айларында республикадағы кәрханалар тәрепинен 10563,1 млрд сумлық санаат өнимлери ислеп шығарылған болып, өткен жылдың тийисли дәўирине салыстырғанда өсиў дәрежеси 104,1% ти қурады.
Соның ишинде, ислеп шығарыў (қайта ислеў) санаатында өндирис көлеми 2,7%, таў-кән санааты ҳәм ашық кәнлерди ислеў 17,9%, электр, газ, пар (пуў) менен тәмийинлеў ҳәм ҳаўаны кондициялаў 13,7%, суў менен тәмийинлеў, канализация системасы, шығындыларды утилизациялаў 52,5% ке өскен.
Мағлыўмат ушын, ҳәзирги ўақытта республикада 1796 санаат кәрханасы жумыс алып барып атырған болып, олардың 501 и жаңа санаат кәрханалары есапланады. Жаңадан шөлкемлестирилген санаат кәрханаларының дерлик 67% и Нөкис қаласы, Әмиўдәрья, Тақыятас, Қоңырат, Қараөзек, Төрткүл ҳәм Беруний районларына туўра келеди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.