Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Президенти «Ҳәўижли Гужарат» халықаралық инвестициялық саммитинде қатнасты

2019-01-18 | Сиясат

Ҳиндистанның Гандинагар қаласы «Маҳата Мандир» көргизбелер комплексинде «Ҳәўижли Гужарат– 2019» IX халықаралық инвестиция саммити болып өтти.

Саммитте Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев, сондай-ақ, Австралия, Канада, Франция, Япония, Норвегия, Нидерландия, Польша, Корея Республикасы, Дания, Чехия, Мальта, Таиланд, БАӘ сыяқлы мәмлекетлерден мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары, халықаралық шөлкемлердиң ҳәм трансмиллий корпорациялардың баслықлары, экспертлер қатнасты.

Ири экономикалық әнжуманда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.

Гужарат штаты әййемнен саўда ҳәм исбилерменликте жетекши аймақ болып келгенин, бул саммит әне усы дәстүрлерди даўам еттирип, заманагөй Ҳиндистанның бизнес руўхын көрсетип атырғанын атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы Ҳиндистан менен узақ мүддетли стратегиялық шерикликти беккемлеў – Өзбекстан сыртқы сиясатының әҳмийетли бағдарларынан бири екенин айрықша атап өтип, еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў ушын бир қатар усыныслар менен басламалар алға қойылды.

– Эрамызға шекем  III-II -әсирлерде ҳинд жерин Орайлық Азия менен Уллы Ҳиндистан жолы байланыстырғаны жақсы белгили. Бүгин де Орайлық ҳәм Қубла Азия базарлары арасындағы исенимли саўда ҳәм транспорт коммуникацияларын жаратыў ҳәр қашанғыдан әҳмийетли.

Биз Трансаўған темир жолы жойбарын додалап атырмыз. Келешекте бул жол Қубла Азияға, соның ишинде, Чохбаҳор порты арқалы Ҳиндистанға шығыў имканиятын береди, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы мәлимлеме технологиялары, программалық тәмийнат, аўыл хожалығы, қайта тикленетуғын энергия және бул тараўлардың қәнигелерин таярлаў бойынша қоспа жойбарларды әмелге асырыўды усыныс етти. Бул бойынша дәслепки ҳәрекетлер басланған. Ташкент қаласында қоспа технопарк шөлкемлестириледи.

Инвесторларды Өзбекстанға тартыў ушын қолайлы шараятлар жаратылатуғыны айрықша атап өтилди.

Өзбекстан, бәринен бурын, химия санааты ҳәм энергетика, фармацевтика, тоқымашылық, былғары-аяқ кийим, туризм тараўларындағы перспективалы жойбарларды әмелге асырыўдан мәпдар.

– Гужараттың үлкен экономикалық потенциалы ҳәм Әндижан ўәлаяты менен шериклик байланысларынан келип шығып, шах Бабур туўылған ҳәм уллы Акбаршах ата-бабаларының Ўатаны болған Әндижанда Өзбекстан – Ҳиндистан регионлары бизнес-форумын быйыл өткериўди усыныс етемиз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы 2020-жылы Ҳиндистанда «Өзбекстан мәденияты жылы»н және Өзбекстанда «Ҳиндистан мәденияты жылы»н өткериў,быйыл елимизде өзбек-ҳинд Жаслар фестивалын шөлкемлестириўди усыныс етти.

Президентимиз сөзиниң жуўмағында елимиздиң санаат, инвестициялық ҳәм туризм потенциалы, бай тарийхы ҳәм мәденияты ҳаққында танысыў имкниятын беретуғын саммит шеңберинде шөлкемлестирилген Өзбекстан көргизбесине бәршени мирәт етти.

«Ҳәўижли Гужарат» саммитинде шығып сөйлегенлер бирге ислесиўши еллер арасында өз-ара тәжирийбе, технология алмасыў, жаңа шериклер ҳәм инвестицияларды тартыў жолларын табыў бойынша өз пикирлерин билдирди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться