Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Германия Федереативлик Республикасына рәсмий сапары ҳаққында
2019-01-15 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2019-жыл 20-22-январь күнлери рәсмий сапар менен Германия Федеративлик Республикасында болады.
Германия пайтахты Берлин қаласында Федерал Президент Франк-Вальтер Штайнмайер, Федерал канцлер Ангела Меркель ҳәм Бундестаг Баслығы Вольфганг Шойбле менен сөйлесиўлер болып өтеди.
Күн тәртибинен сиясий сөйлесиўди буннан былай да беккемлеў, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм финанслық бирге ислесиўди кеңейтиў, бирликтеги бағдарламалар ҳәм жойбарларды әмелге асырыў, мәдений-гуманитарлық, илим-билимлендириў ҳәм туризм тараўларындағы алмасыўларды жеделлестириў сыяқлы мәселелер орын алған.
Сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық сиясаттың әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысылады.
Мюнхен қаласында Өзбекстан Президентиниң Бавария Бас министри Маркус Зёдер, сондай-ақ, усы елдиң жетекши исбилермен ҳәм финанслық топарларының ўәкиллери менен ушырасыўлары режелестирилген.
Сапар етиў шеңберинде экономика, қаржы, инновациялар ҳәм инвестициялар, илим, техника, билимлендириў ҳәм мәденият тараўларында бирге ислесиўге байланыслы еки тәреплеме бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылыўы нәзерде тутылған.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги