Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
“Ўатан қорғаўшылары куни” мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықлары менен сыйлықлаў ҳаққында
2019-01-14 | Ҳүжжетлер
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары
Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 85-статьясының 6-бәнтине муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы қарар етеди :
Мәмлекетимиздиң қорғаныў қүдиретин және де беккемлеў, жасларды миллий ғәрезсизлик идеясы ҳәм ана-Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаў жолындағы жемисли мийнетлери, елимизде тынышлықты, турақлылық ҳәм жәмийетлик тәртипти тәмийинлеўдеги хызметлери, сондай-ақ, жәмийетлик-сиясий турмыстағы белсендилиги ушын ҳүрметли атақ пенен сыйлықлансын:
“Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы”
Маллаев Искандар Маматмусаевич – Арқа-Батыс әскерий округи әскерлери сәркардасының тәрбиялық ҳәм идеологиялық ислери бойынша орынбасары
Аюбов Шукурлло Хамроевич – Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары
Хожамуратов Бахытбай Бердибаевич – Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Қарақалпақстан Республикасы басқармасының бөлимше баслығы
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов