Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ЎАТАН ҚОРҒАЎШЫЛАРЫ КҮНИ ҲӘМ ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ҚУРАЛЛЫ КҮШЛЕРИНИҢ 27 ЖЫЛЛЫҒЫ МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН ҲУҚЫҚ ҚОРҒАЎ УЙЫМЛАРЫ ХЫЗМЕТКЕРЛЕРИ ҲӘМ ӘСКЕРИЙ ХЫЗМЕТКЕРЛЕРДЕН БИР ТОПАРЫН СЫЙЛЫҚЛАЎ ҲАҚҚЫНДА

2019-01-14 | Ҳүжжетлер

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Мәмлекетимиздиң қорғаныў қүдиретин және де жетилистириў, мәмлекет қәўипсизлигин ҳәм шегараларымыздың қол қатылмаслығын тәмийинлеў ислерине қосып атырған үлкен үлеси, миллий мәплеримизди қорғаў ҳәм тынышлықты, турақлылықты ҳәм жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў бағдарындағы хызмет ўазыйпасын орынлаўда мәртлик, жигерлилик ҳәм пидайылық көрсеткени ушын төмендегилер сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша׃

 «Жасорат» медалы менен

Дадабоев Икромжон Алиёрович – Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети әскерий хызметкери

Даўлетназаров Сапарбай Қоныратбаевич – Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги әскерий бөлим батареясы командири

 «Содиқ хизматлари учун» медалы менен

Утемуратов Мамангелди Тауекелович – Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң бөлим баслығы

«Шуҳрат» медалы менен

Утегенов Алляр Утебаевич – Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы фельдшер-қутқарыўшысы

 

Өзбекстан Республикасы Президенти                                   Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы, 2019-жыл 11-январь

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться