Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ҚУРАЛЛЫ КҮШЛЕРИ ДҮЗИЛГЕНИНИҢ 27 ЖЫЛЛЫҒЫ ҲӘМ ЎАТАН ҚОРҒАЎШЫЛАРЫ КҮНИ МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН БАЙРАМ ҚУТЛЫҚЛАЎЫ

2019-01-14 | Сиясат

Ҳүрметли әскерлер ҳәм сержантлар, офицерлер ҳәм генераллар, Қураллы Күшлеримиздиң қәдирдан ветеранлары!

Қәдирли ўатанласлар!

Сизлерди, сизлердиң тымсалыңызда пүткил халқымызды Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 27 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни менен шын жүректен қутлықлайман.

Усы қутлы әййямда өзиниң өмирин Ўатанды қорғаўдай уллы иске бағышлаған сиз, мәрт әскерлеримизди ҳүрметлеп, халқымыздың тынышлығы ҳәм қәўипсизлиги жолындағы хызметлериңиз ушын бәршеңизге терең миннетдаршылық билдиремен.

Ойшыл шайыр Әлийшер Наўайы бабамыздың айтқанындай, бул дүньяда ер жигиттиң  ең уллы, ийгиликли ҳәм муқаддес ўазыйпасы, бәринен бурын, өз шаңарағын, Ўатанын ҳәм халқын мүнәсип қорғаўдан ибарат.

Биз сизлер менен – әне сондай оғада жуўапкершиликли ҳәм уллы ўазыйпаны ҳүрмет пенен атқарып киятырған мәрт ҳәм батыр, ел-журтқа садық перзентлеримиз бенен ҳақылы түрде мақтанамыз.

Әйне сизлердиң жерде-аспанда, суўда-қурғақлықта алып барып атырған мәрдана хызметлериңиздиң нәтийжесинде аспанымыз ашық, балаларымыз, әзиз аналарымыз, кекселеримиз қәтержам жасамақта, елимиз абат, халқымыздың турмысы абадан болмақта.

Пурсаттан пайдаланып, өз перзентлерин –  Қураллы Күшлеримиздиң әскер ҳәм офицерлерин  Алпамыстай батыр, ҳақыйқый ўатансүйиўши инсанлар етип тәрбиялаған барлық ата-аналарға, әскерлеримиз бенен өмирдиң қуўаныш-тәшўишлерин бәрқулла теңдей бөлисип киятырған олардың өмирлик жолдасларына ҳәм шаңарақ ағзаларына үлкен рахмет айтыўды өзимниң парызым, деп билемен.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Мине усы байрам күнлеринде бәршемиз Ўатан, халық ҳәм армия бир-бирине қаншелли жақын ҳәм байланыслы екенин ҳәр қашанғыдан да терең сезбектемиз.

Бул бағдарда армия ҳәм халық бирлигин тәмийинлеўге қаратылған пүткиллей жаңа структура – әскерий – админстративлик секторлар барлық аймақларда нәтийжели жумыс алып барып атырғаны оғада үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Әне сондай реформалардың нәтийжесинде «Армия ҳәм халық – бир тән бир жан!» деген уллы идея ҳәм әмелий ҳәрекет барлық буўындағы ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, мәҳәлле, жаслар, ҳаял-қызлар, нуранийлер шөлкемлери, тәлим-тәрбия мәкемелериниң жумысын, кең жәмийетшиликтиң турмысын қамтып алмақта. Бул болса Ўатанды қорғаў ҳақыйқатында да бәршемиздиң тек ғана ўазыйпамыз емес, ал мақтанышлы парызымызға айланып атырғанын айқын дәлиллейди.

Қәдирли дослар!

Дүнья жүзинде халықаралық терроризм, экстремизм сыяқлы қәўип-қәтерлер, миллий ҳәм глобаллық қәўипсизликке қарсы қәўиплер барған сайын артып атырған ҳәзирги қыйын дәўирде Қураллы Күшлеримиздиң жаўынгерлик потенциалын арттырыў, оның материаллық-техникалық базасын беккемлеў, заманагөй қурал-жарақлар менен тәмийинлеў, әскерий хызметкерлердиң физикалық, руўхый-интеллектуаллық таярлығын арттырыў, оларды социаллық қорғаўды күшейтиў ең әҳмийетли ўазыйпамыз болып қалмақта.

Мәмлекетимиздиң әскерий-сиясий мәселелер бойынша қатаң позициясын сәўлелендиретуғын жаңа Қорғаныў доктринасы ислеп шығылды. Әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалардың нәтийжесинде миллий армиямыз оператив ҳәм ықшам, ҳәр қандай қәўип-қәтерлерге мүнәсип соққы бере алатуғын қүдиретли күшке айланып бармақта.

Бәршемиз жақсы түсинемиз: бул бағдарда ҳәр бир әскерий хызметкердиң профессионаллық билими менен көнликпесин, интеллектуаллық ҳәм руўхый таярлығын арттырыў, оларда ўатансүйиўшилик пазыйлетлерин  күшейтиў оғада үлкен әҳмийетке ийе.

Биз мәмлекетимиздиң қорғаныў қүдиретин ҳәр тәреплеме арттырыў, жетик ҳәм  қәнигели әскерий хызметкерлерди таярлаўға, Ўатан қорғаўшылары, олардың шаңарақлары ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыўға буннан кейин де айрықша итибар қаратамыз. Мәселен, 2019-жылдың өзинде әскерий хызметкерлер ушын жеңилликли кредитлер тийкарында 116 көп қабытлы жай пайдаланыўға тапсырылады. Әскерий хызметкерлердиң 700 ден аслам перзентлери жоқары оқыў орынларына мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етиледи. Сондай-ақ, әскерий қалашаларды абат етиў, олардың аймағында заманагөй инфраструктуралар жаратыў бойынша алып барылып атырған кең көлемли жумыслар избе-из даўам еттириледи.

Халқымыздың «Билеги күшли бирди жығады, билими күшли  мыңды жығады» деген нақылында терең мәнис бар. Усы көзкарастан, Қураллы Күшлеримизди модернизациялаў, атап айтқанда, әскерий билимлендириў тараўына заманагөй билим, алдыңғы сырт ел тәжирийбеси, мәлимлеме-коммуникация-технологияларын кеңнен енгизиў бойынша баслаған ислеримизди жаңа басқышқа көтериўимиз зәрүр.

Соның менен бирге жеке қурам арасында миллий өзликти аңлаў ҳәм жаўынгерлик руўхты, ўатансүйиўшилик тәрбиясын күшейтиў, әскерий хызметкерлердиң интеллектуаллық потенциалын арттырыў да турақлы дыққат орайымызда болыўы керек. Усы мақсетте жас әскер ҳәм курсантлар ушын әскерий ант қабыл етиўден бурын «Өзбекстан тарийхы» пәни ҳәм «Темур түзиклери» китабы бойынша сынақ өткериў тәртибин жолға қойыў мақсетке муўапық.

Халқымыз, әсиресе, жаслар арасында әскерий-ўатансүйиўшилик тәрбиясын күшейтиў, бул тараўдағы қәдриятларымыз бенен дәстүрлеримизди үгит-нәсиятлаў, әскерлер менен офицерлеримиздиң заман қаҳарманлары сыпатындағы келбетин көркем шығармалар, спектакль ҳәм фильмлер арқалы кеңнен сәўлелендирип бериў айрықша әҳмийетке ийе. Бул бойынша белгили илимпазлар, жазыўшылар менен шайырларымыз, дөретиўши зыялылар, мәденият ғайраткерлери және де нәтийжели жумыс алып барады, деп исеним билдиремен.

Қәдирли ўатанласлар!

Мәрт ҳәм батыр Ўатан қорғаўшылары!

Сизлерди ата-аналарыңыз, шаңарақларыңыз, пүткил халқымыз бенен биргеликте кеңнен белгиленип атырған бүгинги даңқлы сәне – Ўатан қорғаўшылары күни менен және бир мәрте қутлықлап, сизлерге денсаўлық, шаңарағыңызда бахыт, уллы ҳәм жуўапкершиликли жумысыңызда табыслар тилеймен.

Бәршеңизге ел-журтымыздың жоқары ҳүрмети ҳәм исеними яр болсын!

 

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти,

Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться