Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ПРЕЗИДЕНТИМИЗ САМАРҚАНД ҚАЛАСЫНДА БОЙ ТИКЛЕП АТЫРҒАН КОНФУЦИЙ МАЙДАНЫНА БАРДЫ

2019-01-11 | Сиясат

Мәмлекетимиз басшысы Самарқанд қаласының Университет қыябанында қурылып атырған Конфуций майданында әмелге асырылған дөретиўшилик жумыслары менен танысты.

Конфуций бизиң эрамызға шекемги 551-жылы туўылған. Қытай мәденияты тийкарларының жаратылыў дәўирин баслап берген. Философ конфуцийликтиң тийкарын салыўшы, сиясий ғайраткер сыпатында танылған.

2014-жылы Шанхай шет тиллер университети ҳәм Самарқанд мәмлекетлик шет тиллер институты арасында қол қойылған өз-ара бирге ислесиў шәртнамасына муўапық шет тиллер институты жанында Конфуций институты шөлкемлестирилген.  

Президент Шавкат Мирзиёевтиң буннан алдыңғы сапары ўақтында берилген тапсырмаларына муўапық Самарқанд мәмлекетлик университети жанында уллы ойшыл Конфуцийдиң естелиги орнатылды. Естелик әтипарындағы ықшам майданда ески Қытай дәстүрлерине сай әйўанлар қурылды.

Усы жердеги  Самарқанд мәмлекетлик университетине қараслы тоғыз қабатлы оқыў ҳәм админстративлик имаратта қурылыс жумыслары әмелге асырылып, оның ҳәр бир қабаты раўажланған сырт еллердиң абырайлы жоқары билимлендириў мәкемелериниң стандартларына сәйкеслендирилди.

Бул жерде халықаралық билимлендириў бағдарламалары орайы шөлкемлестирилмекте. Онда Қытай, Қубла Корея, Япония, Ҳиндстан ҳәм Европа Аўқамы мәмлекетлери университетлериндеги ең жақсы тәжирийбелер үйрениледи. Мәмлекетимиз тармақлары ушын зәрүр болған қәнигели кадрлар таярланады. Студентлер еки жыл усы орайда билим алса, кейин тийисли сырт еллерде оқыўын даўам еттиреди.

Мәмлекетимиз басшысы орайдың жойбары менен танысып, жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди. Сондай-ақ, бул жерде Самарқандта туризмди раўажландырыў, конгресс-хол ҳәм мийманханалар қурыўға байланыслы көплеген жойбарлар көрсетилди.

Атап айтқанда, он төрт гектардан аслам майданда қурылатуғын Конгресс-холлда ири халықаралық әнжуманлар өткериў ушын барлық шараят жаратылады. Оның әтирапында еки заманагөй бес жулдызлы мийманхана, бизнес орайлар ҳәм басқа да объектлер қурылады.

Бүгинги күнде Самарқанд ўәлаятында 540 тан аслам туристлик объект, 119 мийманхана, 23 шаңарақлық мийман үйлери, 127 туроператор жумыс алып бармақта. Өткен жылы ўәлаятқа 2 миллион 400 мыңнан зыят жергиликли ҳәм сырт ел туристлери келген.

Ҳәзирги ўақытта ўәлаят туризм потенциалын буннан былай да раўажландырыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Индонезияның «Sahid group» компаниясы менен биргеликте еки заманагөй мийманхана қурылмақта. Ургут, Самарқанд, Нурабад сыяқлы бир қатар районларда жаңа туристлик маршрутлар шөлкемлестириў жумыслары басланған.

Мәмлекетимиз басшысына туризмди раўажландырыў бойынша «Smart Chain» компаниясы тәрепинен «Nazzar» – инновациялық қосымшасы ҳаққында мағлыўмат берилди.

Бул инновациялық қосымша қәлеген материалды толықтырылған реал элементлер менен байытыўы мүмкин.  Смартфон «Nazzar» белгисине бағдарланса, мобиль қурылманың экранында реал объекттиң сүўрети шығып, ол түрли эффектлер менен толықтырылады.

«Smart Chain» компаниясының қәнигелери усыныс етип атырған қосымшалар арқалы мәмлекетимиздиң туристлик потенциалын кеңнен үгит-нәсиятлаў, және тарийхый естеликлер ҳәм музейлерди жаслар арасында еле де ғалаба ен жайдырыў мүмкин. Бул карточкаларға смартфонды жақынлатыў арқалы тарийхый объектлердиң «тулғасын шығарыў», корсетиўдиң аудиотекстин тыңлаў ҳәм оны 3 D реаллығында тамаша етиў мүмкин.

Президентимиз мәмлекетимизге туризм потенциалын буннан былай да раўажландырыў ушын бәринен бурын қәнигели кадрлар таярлаў зәрүрлигин атап өтти.

Жуўапкерлерге туризм раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбесин үйрениў, Самарқандтағы «Жипек жолы» халықаралық туризм университетиниң жумысын еле де күшейтиў бойынша тапсырмалар берди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться