Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Т.Ерниязовтың Өзбекстан Республикасы Конституциясының 26 жыллығына бағышланған байрам салтанатындағы қутлықлаў сөзи
2018-12-07 | Сиясат
Ассалаўма әлейкум, қәдирли дослар!
Әзиз ўатанласлар!
Ең дәслеп, Сизлерди ҳәмде Сизлер арқалы гүллән халқымызды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан бүгинги уллы әййям – Конституциямыз қабыл етилгениниң 26 жыллық байрамы менен қызғын қутлыўлаўға рухсат еткейсизлер!
Елимиздиң өткен қысқа дәўир ишиндеги раўажланыў басқышларына нәзер таслар екенбиз, Конституциямыз жаратып берген шексиз имканиятлар нәтийжесинде ғәрезсиз Өзбекстанымыз шын мәнисиндеги суверенли мәмлекет сыпатында қәлиплескенин, оның дүнья халықлары арасында мүнәсип орын ийелегенин, экономикамыз беккемленип, адамлардың жасаў шараятлары жақсыланып атырғанын көриўимиз мүмкин.
Өйткени, тийкарғы Нызамымыз елимиздиң жаңа раўажланыў жолы менен алға қойған мақсетлеримизди, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин, азат ҳәм абадан, тыныш-татыў жасаў принциплерин өзинде жәмлеўи менен кеўиллерден терең орын ийелейди.
Мине, бүгинги күнге келип Конституциямыз тийкарында елимизде миллий нызамшылық системасы жетилисип, барлық тараўларда жүргизилип атырған реформалар барған сайын тереңлесип бармақта.
Ең тийкарғысы, елимиздиң социаллық-экономикалық потенциалы күшейип, инсанлардың келешекке деген исеними және де артпақта.
Соны мақтаныш пенен атап өтиўимиз тийис, бүгинги күнде дөретиўши халқымыз Конституциялық ҳуқықларынан пайдаланып, жәмийетлик-сиясий турмыста өзлериниң пуқаралық позицияларын билдириў менен бирге, экономиканың барлық тараўларында бурын ҳеш қашан болмаған жоқары нәтийжелерди қолға киргизбекте.
Итибарлы тәрепи сонда, Ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтың басшылығында ҳәр бир қала ҳәм аўылды, ҳәр бир мәҳәллени өз ишине алған дөретиўшилик жумыслар елимиз қүдиретиниң барған сайын артып атырғанын және бир мәрте дәлиллемекте.
Ҳүрметли Президентимиз жаратып берген үлкен имканиятлардан бири сыпатында Қарақалпақстанда быйылғы жылдың өзинде бюджет прогнозының артықша орынланыўы есабынан 1 триллион сўмнан аслам қаржылар халқымыз ийгилигине қалыўы күтилип атырғаны, өткен айлар даўамында Корея, Қытай, Уллы Британия, Швецария, Россия сыяқлы мәмлекетлерден жәми 138 миллион долларға жақын инвестициялар алып келингени экономикамыздың барған сайын беккемленип атырғанын көрсетеди.
Жуўмақланыў алдында турған быйылғы жылға нәзер таслар екенбиз, кеўиллерде миллий мақтаныш сезимлерин оятатуғын, Ҳүрметли Президентимиздиң идеясы тийкарында пайтахтымыздың ең пайызлы орынларының биринде елимиз байрақларының 55 метр бәлентликке көтерилгенин, республикамыздың тийкарғы дәрўазаларынан саналған «Нөкис халықаралық аэропорты»нда ири оңлаў ҳәм оның әтирапында абаданластырыў жумыслары алып барылғанын, жәҳән цивилизациясында салмақлы орны бар болған Беруний бабамызға естеликтиң орнатылғанын, классикалық әдебиятымыздың ири ўәкиллери болған Күнхожа ҳәм Бердақ шайырлардың ҳүрметине мақбара ҳәм музейдиң қурып питкерилгенин, халқымыздың миллий мәдениятын ҳәм көркем-өнерин және де раўажландырыўда әҳмийетли орын тутатуғын Жас тамашагөйлер театрының пайдаланыўға берилгенин, имканиятлары шекленген инсанларға бийпул турақ-жайлардың ажыратылғанын ҳәмде мүтәж инсанлар ушын қала ҳәм районларымызда арзанластырылған турақ-жайлардың тапсырылғанын, Нөкис гарнизонында, ҳәтте ең шетки аймақларымыздан саналған Қоңырат районындағы «Қарақалпақстан» поселкасында алып барылған қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларын ҳәм басқа да ийгиликли ислерди бүгин халқымыз үлкен мақтаныш пенен тилге алмақта.
Ең тийкарғысы, бундай жаңаланыўларды күннен күнге шырай ашып баратырған барлық қала ҳәм районларымыз мысалында, экономика, санаат, қурылыс, транспорт ҳәм социаллық тараўларда ерисилип атырған нәтийжелерде көплеп ушыратыў мүмкин.
Бул ушын әлбетте, Сизлердиң ҳәмде пүткил халқымыз атынан Ҳүрметли Президентимизге мың-мыңлап рахметлер айтамыз!
Әзиз дослар!
Өзлериңиз гүўа болғаныңыздай, быйылғы жыл өзиниң тарийхый ўақыялары, өзгерислери ҳәм жаңаланыўлары, социаллық-экономикалық тараўлардағы раўажланыўлары, алға қойған анық мақсет ҳәм жаңа мәррелери менен халқымыз турмысында айрықша орын тутпақта.
Жақында ғана Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған сапарын пүткил халқымыз елимизге келген мол берекет ҳәм шексиз дәўлет сыпатында үлкен қуўаныш пенен қарсы алмақта. Ҳүрметли Елбашымыздың халқымыз бенен болып өткен ушырасыўында айтқан «Сабыр-тақаатлы, мәрт қарақалпақ елине тәжим етиўге таярман!»,-деген сөзлери пүткил халқымызды және де уллы дөретиўшилик ислерге руўхландырып, жүреклерге йош, билеклерге күш, кеўиллерге өзгеше кейпият бағышламақта.
Себеби, Ҳүрметли Президентимиз өзиниң сапары даўамында Қарақалпақстанның және де раўажланыўы, халқымыздың бахытлы ҳәм абадан турмысы менен байланыслы оғада әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп берди.
Мине, усы тийкарда 133 бәнттен ибарат протокол қабыл етилип, онда экология, транспорт, қурылыс, туризм ҳәм социаллық мәселелер, инвестициялар алып келиў, санаат зоналары жумысларын дурыс жолға қойыў, экспорт потенциалын арттырыў, сондай-ақ, исбилерменлик ҳәм киши бизнести қоллап-қуўатлаў, аўыл ҳәм суў хожалығы, геология, жанылғы-энергетика комплекси, химия, нефть-газ ҳәм металлургия санааты мәселелери бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилди.
Бул ўазыйпаларды әмелге асырыўда әҳмийетли болған 11 триллион 283 миллиард сўмлық 793 жойбар тастыйықланды. Соның ишинде, Қытай, Корея, Кувейт, Германия, Япония мәмлекетлердеги елшилеримиздиң алдына 7 триллион 341 миллиард сўмлық 30 жойбарды әмелге асырыў ўазыйпалары белгиленди.
Буннан тысқары, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен республикамызды социаллық-экономикалық раўажландырыў, Мойнақ районы бойынша белгилеп берилген ўазыйпалар – турмысымызда жүз берген оғада ири ўақыялардан саналады.
Соны да айрықша айтып өтиўимиз тийис, Ҳүрметли Президентимиз Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 72-сессиясында Арал машқаласына дүнья еллериниң итибарын қаратыўы, жақында ғана, яғный, усы жылдың 27-ноябрь күни Өзбекстан делегациясының Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көпшериклик Траст фондын дүзиўге бағышланған мәжилисинде қатнасыўы, мине, усы тийкарда Траст фонды дүзилип, сол күнниң өзинде донор мәмлекетлер ҳәм халық-аралық шөлкемлер тәрепинен 2,5 миллион долларға шамалас қаржылардың түсирилиўи халқымыз турмысында жүз берген тарийхый ўақыялар қатарына киреди.
Инсанлардың дәрти менен жасап, олардың айдын келешегин тәмийинлеў жолындағы кең көлемли ийгиликли ислери ушын Сизлердиң, пүткил халқымыз атынан Ҳүрметли Президентимизге және бир мәрте мың-мыңлап рахметлер айтамыз.
Қәдирли ўатанласлар!
Сизлерди елимиз Конституциясы қабыл етилгениниң 26 жыллық байрамы менен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, елимиздиң тағы да гүллеп-раўажланыўы жолындағы ийгиликли ислериңизде тасқын табыслар тилеймен.