Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ИНСАН ҲУҚЫҚЛАРЫ ЖЕР ЖҮЗИЛИК ДЕКЛАРАЦИЯСЫ: ЗАМАНАГӨЙ ҚӘЎИП-ҚӘТЕРЛЕР ҲӘМ РЕАЛ ЎАҚЫЯ

2018-11-23 | Жәмийет

Самарқанд қаласындағы Форумлар комплексинде 22-ноябрь күни Инсан ҳуқықлары бойынша Азия форумы өз жумысын баслады.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен өткерилип атырған кең көлемли илаж БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқарғы комиссары басқармасының Орайлық Азия бойынша регионаллық бюросы, БМШтың Өзбекстандағы турақлы ўәкилханасы, БМШ Раўажланыў бағдарламасының елимиздеги ўәкилханасы ҳәм Стамбулдағы регионаллық орайы, ЕҚБШның Өзбекстандағы жойбарлары координаторы ҳәм Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросы, Европа Кеңеси Парламент ассамблеясы менен биргеликте шөлкемлестирилди.

«Инсан ҳуқықлары жер жүзилик декларациясы қабыл етилгениниң 70 жыллығы жуўмақлары: заманагөй қәўип-қәтерлер ҳәм реал ўақыя» атамасындағы форумда миллий ҳәм сырт ел экспертлери, парламент ҳәм суд системасы, ҳуқықты қорғаў уйымлары, есабатлар усыныў ҳәм кейинги ҳәрекетлер бойынша мәмлекетлик муўапықластырыў уйымлары, инсан ҳуқықлары бойынша миллий институтлар, пуқаралық жәмийети шөлкемлериниң хызметкерлери, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнаспақта. Сондай-ақ, илажға Россия, Қытай, Ҳиндстан, Иран, Орайлық Азия мәмлекетлери, Армения, Грузия, Әзербайжан, Монғолия, Аўғанстан сыяқлы бир қатар мәмлекетлерден ўәкиллер келген.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң форум қатнасыўшыларына жоллаған қутлықлаўын Олий Мажлис Сенаты Баслығы Ниғматулла Йўлдошев оқып еситтирди. Сондай-ақ, БМШ Бас хаткери Антониу Гуттериштиң видеомүрәжаты тыңланды.

Мәмлектимиз басшысының қутлықлаўында атап өтилгениндей, 70 жыл бурын қабыл етилген Инсан ҳуқықлары жер жүзилик декларациясы пүткил дүньяда демократия ҳәм адамгершилик принциплерин ен жайдырыў бағдарында жаңа имканиятларды ашты. Тилекке қарсы, бүгинги күнде биз ҳәммемиз мине усы унамлы процесске тосқынлық етип атырған қурамалы ҳәм қарама-қарсылықлы тенденциялардың күшейип баратырғанына гүўа болып турмыз.

Мине, усындай қурамалы бир дәўирде инсан ҳуқықлары тараўындағы ең тийкарғы принцип-инсан ҳуқықларының универсаллығы принципи сиясий процесслерде ҳәм халықаралық ҳуқық әмелиятында күн тәртибинде болып келмекте. 2015-жыл сентябрьде Нью-Йоркте болып өткен Турақлы раўажланыў бойынша БМШ саммитинде 170 мәмлекеттиң жетекшилери тәрепинен бул бағдарда 2030-жылға шекем орынланатуғын жумыслардың күн тәртиби тастйықланды. Турақлы раўажланыўдың 17 мақсетин әмелге асырыў ушын 15 жыл ишинде әмелге асырылатуғын ўазыйпалар белгилеп алынды. Бирақ бүгин дүньяның айырым регионларында мәмлекетлер тәрепинен инсан ҳуқықларының универсаллығын ҳәр бир инсан ушын тәмийинлеп бериў аңсат болмай атыр.

– Жер шарындағы ең үлкен континент, жәми қурғақшылық майданының 30 проценттен асламын ийелеген Азия экономикасы глобал экономиканың дерлик 32 процентин қурайды,-деди Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайының директоры Акмал Саидов. – Азия континенти еллеринде экономика жедел раўажланбақта. Халықтың дәраматлары артпақта. Соның менен бирге, Турақлы раўажланыў мақсетлериниң тәмийинлениўи ҳәм инсан ҳуқықларын және де нәтийжели қорғаў ушын әҳмийетли ўазыйпалардың бар екенлиги белгили болмақта. Инсан ҳуқықлары жер жүзилик декларациясының қабыл етилгенинен берли континентимизде биринши мәрте өткерилип атырған бул форум инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша бар механизмлерди және де жетилистириў ҳәм жаңаларын шөлкемлестириў бойынша әмелий усынысларды ислеп шығыўға қаратылғаны менен әҳмийетли болып есапланады.

Инсан ҳуқықлары жер жүзилик декларациясы елимиз ғәрезсизлигине ерискеннен соң қосылған биринши халықаралық ҳуқықый ҳүжжет болып есапланады. Декларацияның барлық тийкарғы принциплери Өзбекстан Конститутциясында өз сәўлелениўин тапқан.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен ислеп шығылған 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы инсан ҳуқықларын, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў системасын буннан былай да жетилистириўдиң жаңа басқышын баслап берди. Ҳәрекетлер стратегиясы БМШ Турақлы раўажланыў мақсетлерин әмелге асырыў бойынша Өзбекстанның «Жол картасы» болды. Усы ҳүжжеттиң қабыл етилиўи менен инсан ҳуқықларын қорғаў ҳәм оларға әмел етиў мәселелери мәмлекетлик сиясаттың ҳәм халықаралық шериклер менен өз-ара байланыслардың  тийкарғы бағдарына айланды.

– Инсан ҳуқықлары жер жүзилик декларациясы инсанның жеке, экономикалық, социаллық, сиясий, мәдений ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў және кепиллеўге қаратылған ҳуқықый ҳүжжет болып есапланады, – деди Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас хаткериниң орынбасары, БМШтың Женева қаласындағы бөлиминиң бас директоры Майкл Мёллер. – Дүньяда буннан басқа ең көп тилге аўдарма исленген, нызам ҳәм басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерге тийкар болған, соншелли көп мәмлекетлер қосылған ҳүжжет жоқ. Себеби онда планетамызда жасап атырған ҳәр бир инсанның, ол қай жерде туўылғаны, жасап атырғаны, қайсы миллетке тийисли екени, қандай тилде сөйлесетуғыны, диний исенимине қарамастан бирдей ҳуқық ҳәм еркинликлерге ийе екени белгиленген. Өзбекстан Республикасы да БМШтың басқа ҳүжжетлери қатарында Инсан ҳуқықлары жер жүзилик декларациясында белгиленген нормаларды турмысқа енгизиўге айрықша итибар қаратпақта. Президент Шавкат Мирзиёевтиң жүргизип атырған сиясаты, ҳәрекетлер стратегиясының тийкарында алып барылып атырған кең көлемли реформалар орайында да, бәринен бурын, инсан мәпи, оның ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў мақсети жәмленген.

БМШ Бас хаткериниң арнаўлы ўәкили, Орайлық Азияда превентив дипломатия бойынша регионаллық орайдың басшысы Наталья Герман инсан ҳуқықлары бойынша Азия форумы 2017-жыл ноябрь айында Самарқандта өткерилген «Орайлық Азия: бирден-бир тарийх ҳәм улыўма келешек, турақлы раўажланыў жолындағы бирге ислесиў» атамасындағы халықаралық әнжуманның үзликсиз даўамы екенин атап өтип, бул гезектеги илаж тек ғана регион халықлары емес, ал пүткил Азия ушын екенин атап өтти.

– Президент Шавкат Мирзиёевтиң белсене регионаллық сыртқы сиясат алып барып атырғаны экономикалық байланысларды раўажландырыў  менен бирге, тарийхый дос ҳәм туўысқан халықларды және де жақынластырмақта, деди Наталья Герман. – Өзбекстанның қоңсы мәмлекетлер менен шегараларынан өтип қайтыў режиминиң әпиўайыластырылыўы, транспорт-логистика тармағындағы бирге ислесиўдиң кеңейип баратырғаны, бәринен бурын, әпиўайы адамлардың мәпине хызмет етпекте. Буннан тысқары, Аўғанстанда тынышлықты орнатыў, усы елдеги халықтың, соның ишинде, ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықлары менен миннетлемелерин қорғаў бойынша алға қойылып атырған басламаларды да қоллап-қуўатлаў зәрүр. Сонлықтан Самарқандта өтип атырған бул форум тарийхый әҳмийетке ийе.

Форумда, сондай-ақ, ЕҚБШның Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросының директоры Ингибьёрг Сольрун Гисладоттир, ҒМДА Атқарыў комитетиниң баслығы – Атқарыўшы хаткери Сергей Лебедев, ЕҚБШ Парламент Ассамблеясының баслығы Георгий Церетели, БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқарғы комисарының арнаўлы ўәкили Адам Абделмула ҳәм басқалар инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша бүгинги күнде халықаралық көлемде алып баралып атырған жумыслар ҳәм келешектеги ўазыйпалар, усы әнжуманның әҳмийети ҳаққында сөз етти.

Парламентлераралық аўқамның Бас хаткери Мартин Чунгонгтың форум қатнасыўшыларына мүәжаты тыңланды.

Азия форумы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси менен ЕҚБШның Дмократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросы және ЕҚБШның Өзбекстандағы жойбарларын муўапықластырыўшысы арасында өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойылды.

Күнниң екинши ярымында форум «Инсан ҳуқықлары жер жүзилик декларациясының мийрасы – универсаллық ҳәм инсан ҳуқықлары», «Инсан ҳуқықлары – турақлы раўажланыў мақсетлерин тәмийинлеў тийкары сыпатында», «Инсан ҳуқықлары тараўының билимлендириў: инновациялар ҳәм жаңа сүренлер» сессияларында өз жумысын даўам еттирди. Халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, экспертлер, инсан ҳуқықлары бойынша миллий орайлардың басшылары усы бағдарларда өз баянатлары менен қатнасты.

Форум даўам етпекте.

 

Ғолиб ҲАСАНОВ,

Улуғбек ШОНАЗАРОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршылары.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться