Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ИНСАН ҲУҚЫҚЛАРЫ БОЙЫНША АЗИЯ ФОРУМЫНЫҢ ҚАТНАСЫЎШЫЛАРЫНА

2018-11-22 | Ҳүжжетлер

Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Инсан ҳуқықлары бойынша Азия форумының барлық қатнасыўшылары менен мийманларын әййемги Самарқанд қаласында қутлықлаў ҳәм Жер жүзилик инсан ҳуқықлары декларациясы қабыл етилгениниң 70 жыллығы менен қутлықлаў маған үлкен қанаатланыўшылық бағышлайды.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери мырза Антониу Гутерришке бизиң регионымызда биринши мәрте болып өтип атырған усы форумды өткериў ҳаққындағы басламаны қоллап-қуўатлағаны ушын шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқарғы комиссары басқармасы, Халықаралық миграция шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы ҳәм басқа да бирге ислесиўши шөлкемлер, Азия еллериниң инсан ҳуқықлары бойынша миллий институтларының жоқары мәртебели ўәкиллери, сондай-ақ, көзге көринген сырт елдиң мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлери, инсан ҳуқықлары тараўындағы жетекши экспертлер, Өзбекстанда аккредитациядан өткен дипломатиялық миссия басшыларының усы форумда қатнасып атырғанынан миннетдарман.

«Жер жүзилик инсан ҳуқықлары декларациясы қабыл етилгениниң 70 жыллығы жуўмақлары: заманагөй қәўип-қәтерлер ҳәм реал ўақыя» атамасында өткерилип атырған бул әнжуманның әҳмийетлилиги мине усы тийкарғы ҳүжжеттиң орнын ҳәм әҳмийетин беккемлеў бағдарындағы ис-ҳәрекетлерди бирлестириў зәрүрлиги менен белгиленеди.

БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқарғы комиссары Мишель Бачелет ханым атап өткениндей, «Биз уллы әдиллик ҳәм теңликке ҳәрекет еткен жағдайда ғана және де турақлы тынышлыққа, қәўипсизлик ҳәм раўажланыўға ерисиўимиз мүмкин». Мен бул әҳмийетли принципти толық қоллап-қуўатлайман.

Тарийх соннан дәрек береди, дүньядағы барлық цивилизациялар, мәденият ҳәм динлер инсан ҳуқықлары ҳаққындағы таяныш түсиниклердиң қәлиплесиўине тийкар болған адамгершилик идеяларының тәсиринде жүзеге келген.

Мәселен, буннан 2700 жыл бурын, Азия аймағында жаратылған ең ески жазба естелик – «Авесто» китабында инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлери, миллетлераралық қатнасықларды өз-ара ҳүрмет ҳәм исеним принциплери тийкарында қурыў идеялары әҳмийетли орын ийелейди, зорлық ҳәм әдилсизлик бийкарланады.

Сондай-ақ, Шығыстың уллы ҳуқықтаныўшыларынан бири Бурхониддин Марғиноний XII әсирде-ақ өзиниң «Ҳидоя» шығармасында ҳәр бир инсанның ҳақ-ҳуқықын сақлаў зәрүрлиги ҳаққындағы әҳмийетли идеяны алға қойған еди.

Мине усы муқәддес қәдириятлар бүгин де өз әҳмийетлилигин жойытпаған ҳәм бул форумның күн тәртибине үнлес болып табылады.

70 жыл бурын қабыл етилген Жер жүзилик инсан ҳуқықлары декларациясы пүткил дүньяда демократия ҳәм адамгершилик принциплерин қәлиплестириў бағдарында жаңа имканиятларды ашқанлығын атап өтиў орынлы.

Тилекке қарсы, бүгинги күнде биз барлығымыз мине усы унамлы процесске тосқынлық етип атырған қурамалы ҳәм шийеленискен тенденциялардың күшейип баратырғанына гүўа болып турмыз.

Бул жерде дүньяда, соның ишинде, Қубла-Шығыс Азиядан баслап Жақын Шығысқа шекемги мәканда қураллы соқлығысыўлар күшейип, өз-ара исенимсизлик ҳәм келиспеўшиликлер, миллетлер ҳәм конфессиялараралық қарама-қарсылық тереңлесип баратырғаны, турақлы раўажланыўға қарсы басқа да глобал қәўип-қәтелер ҳаққында сөз болмақта.

Илажсыз ҳалда өз елин таслап кетип атырған адамлар менен қашқынлардың саны күн сайын артып баратырғаны, билимлендириў ҳәм медициналық жәрдемнен пайдаланыў имканиятының жоқлығы, адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнет, ҳаяллар ҳәм еркеклер ушын тең ҳуқықлар менен имканиятларды тәмийинлеў, жарлылық пенен ашлықты сапластырыў зәрүрлигине байланыслы машқалалардың қурамаласып баратырғанына биз шеттен тамашагөй болып қарап тура алмаймыз.

Усы мәнисте, бизиң қатаң исенимимизге бола, жәми 4,5 миллиардтан аслам халық жасап атырған Азия регионының келешеги көп жағынан Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен 2030-жылға шекем турақлы раўажланыў тараўында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўға таяр болыўға, сондай-ақ, инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша нәтийжели регионаллық механизмди қәлиплестириўге байланыслы.

Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!

Бүгин Өзбекстан миллий раўажланыўдың жаңа басқышына қәдем қойған бир дәўирде биз «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек» деген тийкарғы принципке әмел етпектемиз. Мине усы принцип 2021-жылға шекем Өзбекстан Республикасын раўажландырыў стратегиясын әмелге асырыўдың тийкары болып хызмет етпекте.

Биз парламент ўәкилликлерин сезилерли дәрежеде кеңейттик, жәмийетлик қадағалаў институтларын беккемледик, пуқаралық жәмийетин жедел раўажландырмақтамыз. Суд системасы ҳәм ҳуқықты қорғаў уйымлары түп-тийкарынан реформаланбақта. Шаңарақ институты ҳәм жәмийеттиң мәнаўий-әдеп-икрамлылық негизин беккемлеў бойынша үлкен жумыслар әмелге асырылмақта, бәркамал әўладты миллий ҳәм улыўма адамгершилик қәдириятларына ҳүрмет руўхында тәрбиялаў ушын барлық шараятлар жаратылмақта.

Инсан ҳуқықлары тараўындағы халықаралық дүзилмелер менен жақын шериклик кеңеймекте, ҳуқық қорғаў бағдарында ҳүкиметке қараслы болмаған шөлкемлер менен әмелий қарым-қатнас жолға қойылған.

Биз мине усы әҳмийетли жумысларды қатаң даўам еттиремиз. Бизиң тийкарғы ўазыйпамыз инсан потенциалын жүзеге шығарыўға ҳәр тәреплеме жәрдемлесиў, оның тийкарғы ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаўды тәмийинлеўден ибарат.

Ол жәмийетте тынышлық ҳәм турақлылықты, абадан турмысты тәмийинлеўдиң тийкарғы шәрти болып есапланады.

Форум соңында қабыл етилетуғын Самарқанд декларациясы инсан ҳуқықлары тараўындағы халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўге, бул ийгиликли исти жаңа, және де жоқары басқышқа алып шығыўға хызмет ететуғынына мен исенемен.

Әнжуман шеңберинде қатнасыўшылар тәрепинен алға қойылатуғын усыныс ҳәм басламалар және олардың шешимлери инсан ҳуқықлары тараўында миллий бағдарламалар менен стратегияларды ислеп шығыўда инабатқа алынады.

Форумның барлық қатнасыўшылары менен мийманларына нәтийжели жумыс алып барыўды, олардың елимизге сапарының мазмунлы өтиўин тилеймен.

 

Шавкат МИРЗИЁЕВ

Өзбекстан Республикасы Президенти

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться