Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
2019-ЖЫЛДА РӘСМИЙ СӘНЕЛЕРДИ БЕЛГИЛЕЎ ДӘЎИРИНДЕ ҚОСЫМША ИСЛЕМЕЙТУҒЫН КҮНЛЕРДИ БЕЛГИЛЕЎ ҲӘМ ДЕМАЛЫС КҮНЛЕРИН КӨШИРИЎ ҲАҚҚЫНДА
2018-11-13 | Ҳүжжетлер
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
2019-жылда пуқаралардың рәсмий сәнелерди белгилеў дәўиринде толық демалыўы ушын шараятлар жаратыў, дем алыс ҳәм байрам күнлеринен мақсетке муўапық пайдаланыўын тәмийинлеў мақсетинде:
2-январь – сәршемби;
22-март – жума;
2-сентябрь-дүйшемби.
5-январь – шемби 3-январь – пийшембиге;
1-июнь-шемби 6-июнь-пийшембиге;
7-сентябрь-шемби 3-сентябрь-сийшембиге;
28-декабрь-шемби 31-декабрь-сийшембиге.
ҳәр жылғы мийнет демалысы дәўиринде сақланатуғын орташа айлық мийнет ҳақы муғдарын есаплаўда мийнет дем алысының әмелдеги даўамлылығы есапқа алынатуғыны, оған усы Пәрманда белгиленген қосымша дем алыс күнлериниң қосылатуғыны;
ҳәр жыллық мийнет демалысының даўамлылығы қысқартыў есапқа алынған ҳалда он бес жумыс күнинен аз болмаўы керек екенлиги;
бюджет шөлкеми есапланбаған шөлкемлерде усы Пәрманның 1-бәнтине муўапық қосымша демалыс күнлери мийнет демалысына қосымша басқа күнлер менен бир қатарда қаржы имканиятларынан келип шыққан ҳалда, жәмәәт шәртнамалары ямаса жумыс бериўшилер тәрепинен кәсиплик аўқамы комитетлери менен келисип қабыл етилетуғын басқа да локаллық нормативлик ҳүжжетлерде белгиленетуғыны белгилеп қойылсын.
халықтың создырылған байрам (ислемейтуғын) күнлеринде кўилли ҳәм пайдалы демалыўын шөлкемлестириў бойынша системалы илажларды көрсин;
Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы менен биргеликте байрам күнлери өткерилетуғын илажлар ҳаққында халықты кеңнен хабардар етиўди тәмийинлесин.
мийнет жәмәәтлери арасында усы Пәрманның мақсети, мазмун-мәниси ҳаққында түсиник жумысларын шөлкемлестириў;
создырылған байрам күнлеринде хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының кеўилли дем алыўын тәмийинлеў бойынша кәсиплик аўқамлары шөлкемлериниң жумысын жеделлестириў усыныс етилсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы, 2018-жыл 12-ноябрь
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги