Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ МИНИСТРЛЕР КАБИНЕТИНИҢ МӘЖИЛИСИ ҲАҚҚЫНДА МӘЛИМЛЕМЕ
2018-11-05 | Сиясат
Усы жыл 3-ноябрь күни Министрлер Кабинетинде 2018-жылдың күтилип атырған жуўмақлары ҳәм Өзбекстан Республикасының 2019-жыл ушын тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлери прогнозын, салық ҳәм бюджет сиясаты концепциясын, Мәмлекетлик бюджет жойбарын додалаўға бағышланған кеңейтилген мәжилис өткерилди.
2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының басқышпа-басқыш әмелге асырылыўы, экономика тармақларын жедел раўажландырыў ҳәм модернизациялаў бойынша қабыл етилген илажлар быйылғыусы жыл ушын белгиленген макроэкономикалық көрсеткишлердиң орынланыўын тәмийинлеп атырғаны атап өтилди.
Жергиликли ҳәкимият уйымларының жергиликли бюджет дәраматларын қәлиплестириўдеги еркинлигин арттырыў, салық салынатуғын базаны кеңейтиў, сондай-ақ, аграр секторды реформалаў ҳәм валюта базарын либералластырыў бойынша қабыл етилген илажлар нәтийжесинде 2018-жылдың жуўмақларына бола, Мәмлекетлик бюджетке дәрамат түсимлери прогноз көрсеткишлериниң арттырып орынланыўы күтилмекте.
Мәмлекетлик бюджет параметрлериниң дәрамат бөлими прогноз көрсеткишлери арттырып орынланыўы қәрежетлерди көбейтиўге, соның ишинде, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, илим, мәденият ҳәм социаллық тараўдың басқа да бағдарларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў және сапасын арттырыўға бағдарланған социаллық тараўдағы мәмлекетлик бағдарламаларды әмелге асырыў, сондай-ақ, мийнет ҳақы, пенсия ҳәм напақалардың муғдарын арттырыўға имканият жаратты.
2018-жылы республика бюджетинен арзан турақ жайлар қурылысын коммерциялық банклердиң кредит линиялары арқалы қаржыландырыўға 3,8 триллион сум, «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларына 1 527, 6 миллиард сум, «Yoshlar-kelajagimiz» бағдарламасына 500 миллиард сум, сондай-ақ, жаңадан шөлкемлестирилген Ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қорына 300 миллиард сум қосымша қаржылар қаратылды.
Жергиликли бюджетлердиң қосымша қаржылары есабынан «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларының орынланыўы, қала ҳәм аўылларды абаданластырыў, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин қурыў, реконструкциялаў ҳәм толық оңлаўға, аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларына, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери жанында жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириўди хошаметлеў аймақлық қорларын қәлиплестириў ушын дерлик 4,5 триллион сум қаратылды.
Мәжилисте келеси жыллар ушын ислеп шығылған тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлер прогнозы, мәмлекетлик бюджеттиң дәраматлар ҳәм қәрежетлер параметрлери бойынша пикир-усыныслар ҳәр тәреплеме додаланды.
2019-жылдан баслап Мәмлекетлик бюджетти прогноз жыл ушын ҳәм бюджет мөлшерлерин келеси еки жыл ушын тастыйықлаў арқалы бюджетти орта мүддетли режелестириў механизми енгизилип атырғаны атап өтилди.
Салық ҳәм бюджет сиясатын жетилистириў, бюджетлераралық қатнасықларды және де беккемлеў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў, халықтың жәрдемге мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаўдың мәнзиллилигин арттырыўға қаратылған системаны жаратыў, мийнет ҳақы ҳәм басқа да төлемлердиң инфляцияға тәсирин баҳалаў тийкарында дифференциялластырылған ҳалда арттырыў бойынша алып барылып атырған илажларды 2019-жылы да даўам еттириў нәзерде тутылмақта.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 29-июньдеги ПП-5468-санлы Пәрманы менен тастыйықланған салық сиясатын жетилистириў Концепциясының тийкарғы бағдарлары шеңберинде 2019-жылдан баслап:
1) мийнет ҳақы фондына салық жүги төмендегише азайтылмақта:
Физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығының бирден-бир ставкасының 12 процент муғдарында орнатылыўы ҳәм пуқаралардың мәжбүрий қамсызландырыў төлемлериниң (мийнет ҳақысынан 8 процент) бийкар етилиўи нәтийжесинде «қолға» тийетуғын мийнет ҳақының муғдары орташа 6,5 процентке артады;
мийнет ҳақы фондынан бирден-бир социаллық төлем муғдары 12 процентке шекем төменлетилмекте;
2) мәмлекетлик мақсетли қорларға айланыстан (обороттан) 3,2 процент муғдарында өндирилетуғын мәжбүрий ажыратпалар бийкар етилмекте;
3) юридикаклық шахслардың пайда салығы ставкалары 14 проценттен 12 процентке шекем, коммерциялық банклер ушын – 22 проценттен 20-процентке шекем, дивиденд ҳәм процент көринисиндеги дәраматлар бойынша төлем дәрегинен салық – 10 проценттен 5 процентке шекем, юридикалық шахслардың мүлк салығы – 5 проценттен 2 процентке шекем төменлетилмекте.
Усы илажлар нәтийжесинде хожалық жүргизиўши субъектлер ҳәм физикалық шахслардың ықтыярында дерлик 10 триллион сум қаржы қалады.
Бундай илажлар менен бир қатарда мәжилис қатнасыўшылары тәрепинен ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм бюджетке түсимлердиң толықлығын тәмийинлеўге бағдарланған салық сиясатын жетилистириў тараўындағы қосымша усыныслар ҳәр тәреплеме көрип шығылды, соның ишинде:
абсолют муғдарларда белгиленген салық ставкаларын индексациялаў (жер салығы, суў ресурсларынан пайданланғаны ушын салық, акциз салығы);
сигарета ушын акциз салығы бойынша қатаң белгиленген ставка менен бир қатарда адвалор ставкасын енгизиў;
жеке тәртиптеги исбилерменлик субъектлери ҳәм мийнет етиўиниң есабы жүргизилиўи қурамалы болған шахслар ушын пуқаралардың қамсызландырыў төлемлери орнына бирден-бир социаллық төлемлерди енгизиў (қамсызландырыў төлемлериниң бийкар етилиўи себепли);
айырым түрдеги пайдалы қазылмалар (қум, ҳәк, шағыл тас ҳәм басқалар) ушын жер астынан пайдаланғаны ушын салық бойынша абсолют муғдарларда қатаң белгиленген ең кем ставкаларды киргизиў.
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қәрежетлеринде қабыл етилген мәмлекетлик бағдарламалар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң елимиз аймақларына еткен сапарларының жуўмақлары бойынша берген тапсырмалары, сондай-ақ, халықты социаллық қоллап-қуўатлаў илажларын әмелге асырыў ушын зәрүр болған қаржылар нәзерде тутылған.
Алдыңғы жыллардағы сыяқлы 2019-жылда да тийкарғы бағдар сыпатында социаллық тараў ҳәм халықты социаллық қоллап-қуўатлаў қәрежетлери (Мәмлекетлик бюджеттеги жәми қәрежетлердиң 54 проценти) сақлап қалынбақра. Сондай-ақ, мийнет ҳақы ҳәм басқа да төлемлердиң муғдарларын арттырыў, соның ишинде, 2019-жыл 1-январьдан:
улыўма билим бериў мектеплери муғаллимлери ҳәм басшыларының мийнет ҳақыларын 10 процентке, қәнигелик категориясына ийе болған муғаллимлердиң мийнет ҳақыларын болса дифференциялласқан ҳалда 15 проценттен 25 процентке шекем;
мийнетине аз ҳақы төленетуғын бюджет тараўында ислейтуғын хызметкерлердиң мийнет ҳақыларын 5 проценттен 15 процентке шекем арттырыў нәзерде тутылмақта.
Усынылып атырған илажлар бюджет тараўында мийнет етип атырған 360 мыңнан аслам хызметкерди қамтып алатуғыны айтып өтилди. Мысал ушын, бюджет шөлкеминиң ең төмен айлық алатуғын техник хызметкерлердиң мийнет ҳақылары, үстеме ҳәм қосымшалардан тысқары, 502 мың сумнан 577 мың сумға шекем арттырылады.
2019-жылғы бюджетте жоқары билимлендириў мәкемелериниң оқытыўшылары ҳәм илимий-изертлеў институтының илимий хызметкерлери және олардың басшыларының мийнет ҳақыларын 1,5 есеге, мәмлекетлик мәкемелердиң медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлериниң мийнет ҳақыларын орташа 26,5 процентке (2018-жылдың 1-декабринен 20 процентке арттырылыўына қосымша түрде) арттырыў нәзерде тутылған. Соның менен бирге, бюджет тараўында ислейтуғын хызметкерлердиң мийнет ҳақыларын инфляция дәрежесинен аз болмаған муғдарда арттырыў ҳәм социаллық напақаларды қаржыландырыўға мөлшерленген қәрежетлерди 20 процентке асырыў есапқа алынған. Инвестиция қәрежетлери 11,9 триллион сум муғдарында режелестирилмекте. Бул қаржылар Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Ҳүкимети қарарлары менен белгиленген стратегиялық әҳмийетли жойбарларды, соның ишинде, ишимлик суўы тәмийнатын, суў хожалығы объектлерин, транспорт-коммуникация инфраструктураларын және билимлендириў ҳәм медициналық-социаллық мәкемелерди раўажландырыў ҳәм реконструкциялаў бағдарламаларын әмелге асырыўға қаратылады.
Сондай-ақ, мәжилисте 2019-жылы 12 триллион сумнан аслам қаржы ажыратылып атырған денсаўлықты сақлаў тараўына да айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, медицина мәкемелерин дәри қураллары ҳәм медициналық буйымлар менен өз ўақтында тәмийинлеў мақсетинде дерлик 1 триллион сум, денсаўлықты сақлаў тараўындағы тийкарғы бағдарламаларды әмелге асырыў ушын 661,5 миллиард сум, заманагөй диагностика, лаборатория ҳәм емлеў үскенелери менен тәмийинлеўге 58 миллиард сум қаржы ажыратылмақта.
Бирден-бир социаллық төлем муғдарының төменлетилиўи ҳәм пуқаралардың мәжбүрий қамсызландырыў төлемлери және айланыстан (обороттан) төленетуғын мәжбүрий ажыратпалардың бийкар етилиўи мүнәсибети менен жүзеге келген бюджеттен тысқары Пенсия қорының жетиспеўшилигин қаплаў ҳәм пенсия және напақалардың өз ўақтында сөзсиз төлениўин тәмиийинлеў мақсетинде 4,7 триллион сум муғдарындағы субсидия бюджет қәрежетлеринде нәзерде тутылған.
Арзан турақ жайлар қурыў бойынша бағдарламаларды қаржыландырыўда қатнасатуғын банклерге кредит линияларын ашыў қәрежетлерине 3 триллион сум муғдарында қаржылар режелестирилмекте.
Бюджет процесиниң ашық-айдынлығын ҳәм жәриялылығын тәмийинлеў мақсетинде Қаржы министрлигине усы жылдың 15-ноябрине шекем «Пуқаралар ушын бюджет» жойбарын ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендириў ушын министрликтиң рәсмий сайтына жайластырыў бойынша зәрүр илажларды әмелге асырыў бойынша тапсырма берилди.
Додалаўлар даўамында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң биринши орынбасарлары, министрликлер ҳәм уйымлар басшыларының күн тәртибиндеги мәселелер бойынша есабы тыңланды.
Министрликлер ҳәм уйымлар, хожалық бирлеспелери ҳәм атқарыў уйымлары басшыларына бюджет қаржыларынан мақсетли пайдаланыў, бюджет дәраматларының өз ўақтында ҳәм толық түсиўин тәмийинлеў, аймақлардағы мәмлекетлик салық ҳәм қаржы уйымлары бөлимлерине бюджет дәраматлары базасын кеңейтиў және қосымша резервлерди анықлаў бойынша анық ўазыйпалар белгиленди.
Додалаўлардың жуўмағы бойынша Өзбекстан Республикасының 2019-жыл ушын тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлер прогнозы, салық ҳәм бюджет концепциясы, Мәмлекетлик бюджет жойбары ҳәм 2020-2021-жыллар ушын мөлшерленген прогноз көрсеткишлерин мақуллаў ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына усыныў бойынша қарар қабыл етилди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги