Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Аўыл хожалығын комплексли раўажландырыў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди

2018-11-01 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 31-октябрь күни аўыл хожалығын комплексли раўажландырыў, тараўға инновациялық технологияларды кеңнен енгизиў, өнимлер экспортын арттырыў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерилди.

Соңғы еки жылда аўыл хожалығында түпкиликли реформалар, структуралық өзгерислер әмелге асырылды. Тараўда базар қатнасықларын енгизиў, қайта ислеў ҳәм экспорт инфраструктурасын раўажландырыў бойынша жүдә көп жумыслар исленди. Фермер ҳәм дийқанлардың  дәраматын арттырыў мақсетинде жаңа система енгизилип, көплеген әҳмийетли мәселелер шешилип берилди. Жетерли муғдарда қаржы ажыратылды.

Мәжилисте аўыл хожалығында инновациялық технологияларды, илимий қолланбаларды, әсиресе, тамшылатып суўғарыў технологиясын кеңнен енгизиў мәселесине айрықша итибар қаратылды.

Израиль мәмлекетиниң бул бағдардағы тәжирийбеси көрсетип өтилди. Ол жерде аўыл хожалығы тамшылатып суўғарыўға бейимлескени ушын бир километр де коллектор дренаж тармағы ҳәм шорланған атызлар жоқ. Мелиорация илажларына улыўма қәрежет жумсалмайды.

Елимизде суўды үнемлеў технологияларын енгизиў бойынша жетерли жумыс алып барылмай атырғанлығы, соның ақыбетинде 140 мың километр узынлықтағы коллектор дренажларға үлкен қаржы жумсалып атырғанлығы сынға алынды.

Суўды үнемлеўши технологияны қолланыў есабынан 50-60 процент суўды үнемлеў мүмкин. Бир ғана көшпели майысқақ қубырлардан пайдаланыў суўды 10-15 процентке, тамшылатып суўғарыў болса 35-65 процентке үнемлеў имканиятын береди. Бирақ, тамшылатып суўғарыў системасы жүдә аз егислик жерлерде енгизилген, деди Шавкат Мирзиёев.

Соннан келип шығып,  2019-2021-жылларда пахта-тоқымашылық кластерлерин ҳәм фермерлердиң пахта атызында тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизиў көлемин кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Аўыл хожалығы комплексиндеги ең тийкарғы мәселелерден бири экспортқа қолайлы мийўе-овощ жетистириў ҳәм оны экспорт етиў болып табылады. Бирақ Аўыл хожалығы министрлиги, «Өзбеказықаўқатхолдинг» компаниясы аймақлар басшылары менен системалы жумыс алып бармағына ақыбетинде экспорт прогнозын толық тәмийинлей алмаў қәўпиниң бар екенлиги атап өтилди.

Сол себепли ҳәр бир аймақ пенен экспорт бойынша еки айлық режени күнбе-күн белгилеп, системалы орынлаў ўазыйпасы қойылды. Соның менен бирге, келеси жылдың экспорты ушын овощ егинлерин егиў бойынша тапсырмалар берилди.

Өзбекстанның ықлым шараяты ерте писетуғын өнимлерди жетистириў имканиятын береди. Бәҳәр айларында сырт еллерде оларға талап артады. Бирақ бул имканияттан үнемли пайдаланылмай атыр.

Мәжилисте тийисли министрликлер менен шөлкемлерге Россия, Қытай, Қубла Корея, Ҳиндстан, Япония ҳәм басқа да мәмлекетлердиң базарына аўыл хожалығы өнимлериниң экспортын көбейтиў бойынша көрсетпе берилди.

Және бир мәрте айтаман, экспорт мәмлекетимиз сиясатының ең әҳмийетли тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады. Соның ушын ҳәр бир министрлик ҳәм уйым экспортты раўажландырыўы керек, деп атап өтти Президентимиз.

Мәжилисте жаңадан шөлкемлестирилген аўқамлардың жумысына да итибар қаратылды. Олар өз бағдарлары бойынша жаңалыққа умтылмай атырғаны, тараўдағы орнының сезилмей атырғаны сынға алынды.

Аўыл хожалығы тармақларына инвестицияларды, әсиресе, тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў зәрүрлиги атап өтилди.

Жерди ҳақыйқый ийесине бериў, жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, туқымгершиликти раўажландырыў, минерал төгинлер жеткерип бериў системасын жетилистириў, аўыл хожалығы техника паркин жаңалаў, өнимлерди қайта ислеў тараўын раўажландырыўда ҳәм басқа да бағдарларда әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться