Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Химия санаатын раўажландырыў мәселелери додаланды

2018-10-17 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 16-октябрь күни химия санаатын жедел раўажландырыў, тармаққа сырт ел инвестицияларын ҳәм заманагөй технологияларды тартыў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерди.

Бизге белгили, химия тараўы заманагөй санааттың «катализаторы» болып, ҳәр қандай өндирис тийкарында химиялық процесслер жатады, бул тараўсыз экономикада раўажланыў болмайды.

Өзбекстан жеринде Менделеев кестесиндеги дерлик барлық химиялық элементлер бар, мәмлекетимиз углеводородларға бай болса да, химия санаатымыз тийкарынан аўыл хожалығы ушын минерал төгин ислеп шығарыўға қәнигелескен.

Қурылыс материаллары, фармацевтика, тоқымашылық, машина қурылысы сыяқлы тармақлар ушын зәрүр болған қурамалы полимерлер, катализаторлар, реагентлер ҳәм синтетикалық талшықлар ислеп шығарыў жолға қойылмаған.

Соның ақыбетинде ҳәр жылы 1,5 миллиард долларлық химия өнимлери импорт етилмекте. Ислеп шығарылып атырған фосфор ҳәм калийли минерал төгинлер де бул талаптың тек үштен бирин қаплайды.

Қурамалы минерал төгинлер ислеп шығарыў қуўатлықлары 60-70 процентке ескиргени энергия ресурсларының артықша жумсалыўы, химия өнимлериниң өзине түсер баҳасының артыўына алып келмекте.

Өткен жылдан минерал төгинге талапты қанаатландырыў ушын 3,1 миллиард долларлық 17 инвестициялық жойбар әмелге асырыла баслады. Буннан тысқары, химия санааты өнимлерин диверсификациялаў мақсетинде 2025-жылға шекем 4,2 миллиард долларлық және 17 жойбар турмысқа енгизиледи.

Соның ушын, химия тармағына сырт ел инвестицияларын ҳәм заманагөй технологияларын тартыў, өним көлемин ҳәм түрин көбейтиў, тараўдың экспорт потенциалын арттырыў, «Өзхимиясанаат» акционерлик жәмийетиниң әҳмийетли ҳәм баслы ўазыйпасы болыўы зәрүр.

Мәжилисте тармақтағы кемшиликлерди сапластырыў ҳәм химия санаатын буннан былай да раўажландырыў бойынша әмелге асырылатуғын илажлар додаланды. Атап өтилгениндей, тармақты раўажландырыў ушын жаңа заманагөй өндирис қуўатлықларын иске түсириў зәрүр.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде азотлы төгинлерге талап 73 процент, фосфорлы төгинлерге 20 процент тәмийинленбекте. Азотлы төгин ислеп шығарыў қуўатлықларының орташа гөнериў дәрежеси 64 процентти, фосфорлы төгин бойынша 77 процентти қурайды.

Тараўдағы жағдайды жақсылаў мақсетинде келеси бес жылда улыўма нырқы 2,8 миллиард долларлық 9 жойбарды иске түсириў режелестирген болып, соның нәтийжесинде минерал төгин ҳәм сульфат кислотасы ислеп шығарыўдың көлеми 2 есеге көбейеди. Азотлы ҳәм калийли төгинлерге талап толық қапланады, фосфорлы төгинлерге зәрүрликти қанаатландырыў дәрежеси бир неше есеге арттырылады.

Ҳәзирги ўақытта тәбийғый газдиң тек 14 проценти ғана, соның ишинде, химия тараўында 5 проценти терең қайта исленбекте. Кремний, каолин ҳәм гипс шийки затынан химиялық өнимлер ислеп шығарыў итибардан шетте қалмақта.

Мағлыўматларға қарағанда, елимизде ислеп шығарылып атырған төгин емес өнимлер, тийкарынан полиэтилен, полипропилен, полистиролға сырт мәмлекетлердеги талаптың финанслық нырқы 100 миллиард доллардан асады. Бул болса биз ушын жақсы имканият.

Сонлықтан, химия санаатында өнимлердиң түрин диверсификациялаў ушын органикалық затлар ислеп шығарыў бойынша 15 ҳәм органикалық емес затлар бойынша 8 жойбарды әмелге асырыў нәзерде тутылмақта.

Президентимиз жуўапкер басшыларға бул жойбарларды әмелге асырыўға сырт ел инвесторларын тартыў бойынша тапсырмалар берди.

Химия санаатында ири инвестициялық жойбарларды турмысқа енгизиў ушын системаның финанслық турақлылығын тәмийинлеў зәрүр. Мәжилисте «Өзхимиясанаат» акционерлик жәмийетиниң финанслық жағдайын жақсылаў бойынша да көрсетпелер берилди.

Тараўға инновациялар улыўма енгизилмегени, илимниң потенциалынан нәтийжели пайдаланылмай атырғаны сынға алынды. Соның ушын Корея химия-технологиялары илимий-изертлеў институты (KRICT) менен биргеликте Ташкент химия-технология илимий изетлеў институты тийкарында илимий изертлеў, жойбарлаў ҳәм инженерлик кадрлар таярлаўға қәнигелескен орай ашыўды тезлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәжилисте жуўапкер адамларға белгиленген барлық ўазыйпалар бойынша «Жол картасы»н ислеп шығыў ҳәм оның орынланыўын турақлы талқылап барыў тапсырылды.

Дерек: Qaraqalpaqstan Respublikasınıń mámleketlik húkimet portalı

Поделиться