Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Президенти Ақштың халықаралық диний еркинлик тараўындағы айрықша тапсырмалар бойынша елшисин қабыллады

2018-09-18 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 18-сентябрь күни мәмлекетимизде әмелий сапар менен болып турған АҚШтың халықаралық диний еркинлик тараўындағы айрықша тапсырмалар бойынша елшиси Самуэль Браунбеэкти қабыллады.

Мәмлекетимиз басшысы мийманды қутлықлап, Өзбекстан Республикасы ҳәм Америка Қурама Штатлары арасында кең көлемли бирге ислесиў избе-из беккемленип атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Усы жылдың май айында Вашингтон қаласында болып өткен ҳәм Өзбекстан – АҚШ стратегиялық шериклигинде жаңа дәўирди баслап берген жоқары дәрежедеги диалоглардың нәтийжелери жоқары баҳаланды.

Өзбекстан инсан ҳуқықлары, соның ишинде, диний еркинлик ҳәм конфессиялараралық татыўлықты тәмийинлеў тараўындағы конструктивлик диалогты раўажландырыўға айрықша әҳмийет қаратып атырғаны атап өтилди. Президентимиз атап өткениндей, Өзбекстанның дин тараўындағы сиясаты барлық конфессия ўәкиллери ушын теңдей шараят жаратыўға тийкарланған.

Өзбекстан Республикасын буннан былай да раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде диний-ағартыўшылық тараўдағы жумысты түп-тийкарынан жетилистириўге байланыслы анық илажлар көрилди.

Кеңпейиллик, мийрим-шәпәәт, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет, билимге умтылыў сыяқлы халықымыздың руўхый-әдеп-икрамлылық турмысының ажыралмас бөлегин буннан былай да арттырыў ҳәм үгит-нәсиятлаў, диний-мәдений мийрасты қәстерлеп сақлаў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Мәмлекетимизде ислам дининиң ҳақыйқый инсаныйлық пазыйлетлериниң мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке жеткериўге айрықша итибар қаратылмақта. Ислам цивилизациясы орайы, Өзбекстан халықаралық ислам академиясы, Имам Бухарий атындағы халықаралық илимий-изертлеў орайы шөлкемлестирилди.

Өзбекстан БМШ Бас Ассамблеясының ҳәмме ушын билим алыў имканиятын тәмийинлеў, кеңпейиллик ҳәм өз-ара ҳүрмет орталығын беккемлеў, ҳүждан, дин еркинлиги ҳәм исениўшилердиң басқа да ҳуқықларын қорғаўға қаратылған «Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик» атамасында арнаўлы резолюциясын қабыл етиў басламасын алға қойды.

Самуэль Браунбэк шын жүректен қабыл еткени ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирип, АҚШ Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли өзгерислерди қәдирлейтуғынын ҳәм қоллап-қуўатлайтуғынын атап өтти.

Мәмлекетимиз диний еркинлик ҳәм инсан ҳуқықларын тәмийинлеўде үлкен табысларға ерискени айрықша атап өтилди.

Тәреплер Өзбекстан менен АҚШ арасындағы көп қырлы, соның ишинде, мәмлекетимизде пуқаралық жәмийети институтларын беккемлеў, кеңпейиллик ҳәм конфессиялараралық татыўлықты тәмийинлеў тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиўге таяр екени атап өтилди.

Поделиться