Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
СПОРТШЫЛАРЫМЫЗ ҮЛКЕН ЖЕТИСКЕНЛИКЛЕР МЕНЕН ҚАЙТТЫ
2018-09-02 | Спорт
Индонезияның Жакарта ҳәм Палембанг қалаларында өткерилген XVIII жазғы Азия ойынларында Өзбекстан спортшылары 21 алтын, 24 гүмис ҳәм 25 бронза, жәми 70 медальды қолға киргизип, елимизге жарқын жүз бенен қайтып келди.
Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортында спортшыларымызды министрликлер менен уйымлар, спорт жәмийетшилигиниң ўәкиллери, ата-аналар ҳәм ықласбентлер күтип алды.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында ҳәр тәреплеме бәркамал әўладты ер жеткериўдиң әҳмийетли қуралы сыпатында денетәрбия менен спортты раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Соның нәтийжесинде Өзбекстан дүньяға спорты жедел раўажланған ел сыпатында танылды. Атап айтқанда, үлкен көлемде өткерилетуғын ҳәр төрт жыллықтың абырайлы жарысы-Азия ойынларында спортшыларымыз жоқары нәтийжелерге ериспекте.
Азия Олимпиада кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилген бул гезектеги жарыста 232 жерлесимиз спорттың 30 түри бойынша елимиз абырайын қорғады.
Өзбекстан спортшыларының материгимиздиң ең абырайлы жарысында табыслы қатнасыўында мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 9-марттағы Өзбекстан спортшыларын 2020-жыл Токио қаласында (Япония) болып өтетуғын XXXII жазғы Олимпиада ҳәм XVI Паралимпиада ойынларына таярлаў ҳаққындағы қарары әҳмийетли фактор болды. Бул ҳүжжеттиң орынланыўын тәмийинлеў бойынша ислеп шығылған бағдарлама бойынша, спортшыларымыздың заманагөй нормалар тийкарында оқыў-шынығыў жыйынларын өткериўи, тәжирийбесин ҳәм шеберлигин арттырыўы, халықаралық жарысларға пухта таярлық көриўи ҳәм оларда мүнәсип қатнасыўы ушын барлық шараятлар жаратылған.
Азия ойынларында Японияның Токио қаласында болатуғын XXXII жазғы Олимпиада ойынларында Ўатанымыз абырайын қорғайтуғын спортшыларымыздың имканияты ҳәм потенциалы сынақтан өткерилди. Индонезияда атап өтилген нәтийжелер өзбекстанлы тренерлер ҳәм қәнигелер спортшыларды Олимпиадаға таярлаўды дурыс жолға қойғанлығын көрсетти. Азия ойынларында қолға киргизилген медальлардың айырымлары Олимпиада бағдарламасындағы спорт түрлери бойынша екени пикиримизди дәлийллейди.
-Азия ойынларында жоқары нәтийжелерге ерискен спортшыларымызға ҳәўесим келди ҳәм оларды күтип алыўға Марғилан қаласынан келдим,-дейди ферғаналы исбилермен Акмал Мадвалиев. –Олардың табысын көрип, мен де перзентлеримди спортшы етпекшимен. Несип етсе, балаларым да олар сыяқлы спортшы болып, елимиз байрағын халықаралық майданларда жоқарыға көтереди. Олар бундай жоқары шеклерге ерисиў ушын елимизде барлық имканиятлар жаратылған.
Жакарта ҳәм Палембанг қалаларында ерисилген жоқары нәтийжелер қатарында елимизде ҳаял-қызлар арасында спорттың күн сайын ен жайып атырғаны, спорттың қызларға сай түрлерин раўажландырыўға қаратылған итибардың жоқары нәтийже берип атырғаны жүзеге шықты. Жеңил атлетикашымыз Светлана Радзивил XVIII Азия ойынларының бийикликке секириў беллесиўлеринде Азия рекордын жаңалап, алтын медальды қолға киргизгени буның дәлийли болды.
-Азия ойынларында жоқары нәтийжелерди қолға киргизип, Ўатанмызға жарқын жүз бенен қайтып келгенимизден қуўанышлыман,-дейди жеңил атлетикашы Светлана Радзивил. –Биз мыңлаған спорт ықласбентлери, халқымыздың исенимин ҳәм қоллап-қуўатлаўын сезген ҳалда беллесиўлерге киристик. Азия ойынларындағы жетискенлигимиз елимизде спортты раўажландырыў, абырайлы спорт жарысларында мүнәсип қатнасыў ушын жаратылып атырған кең имканиятлар себепли болып табылады.
Аўа, спортшыларымыз быйылғы жылғы Азия ойынларында өз шеберлигин, тәжирийбесин ҳәм потенциалын көрсетип, Ўатанымыздың абырайын мүнәсип қорғады. Бул елимизде спортты раўажландырыўға қаратылып атырған жоқары итибар ҳәм ғамхорлық нәтийжесинде өзбек спортының айдын келешегин тәмийинлей алатуғын спортшылардың тәрбияланып атырғаны, оларды келешекте буннан былай да жоқары жеңислер күтип турғанынан дәрек береди.
Салтанатлы мәресимде Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Арипов шығып сөйледи.
Жавоҳир ТОШХЎЖАЕВ,
ӨзА ның хабаршысы