Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ШЫН ЖҮРЕКТЕН МИННЕТДАРШЫЛЫҚ
2018-07-27 | Сиясат
Туўылған күним мүнәсибети менен қызғын қутлықлап, өзлериниң шын жүректен ҳәм жақсы тилеклерин жоллаған мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшыларына, сырт еллердиң сиясий ҳәм жәмийетлик ғайраткерлерине, исбилермен топарларының ўәкиллерине, халықаралық шөлкемлердиң басшыларына, елимиздеги мәҳәллелер ҳәм мийнет жәмәәтлерине, барлық ўатанласларыма терең миннетдаршылық билдиремен.
Мениң атыма билдирилген бул қутлықлаўлар менен тилеклерди, бәринен бурын, Өзбекстан халқына ҳәм мәмлекетине жоқары ҳүрмет-иззеттиң көриниси, елимиздиң дүнья көлеминде артып атырған абырай-итибарының және бир жоқары тән алыныўы сыпатында қабыл етемен.
Пурсаттан пайдаланып, мийнеткеш, мәрт ҳәм кеңпейил халқымызға және бир мәрте шын жүректен өзимниң шексиз меҳримди ҳәм ҳүрметимди билдиремен.
Жанажан Өзбекстанымыздың раўажланыўы ҳәм көп миллетли халқымыздың абаданлығы жолында садықлық пенен хызмет етиў ушын буннан кейин де бар билимимди ҳәм потенциалымды, күш-ғайратымды жумсайман.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги