Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Доллар курсы апрель айынан берли биринши мәрте көтерилди
2018-07-23 | Экономика
Орайлық банктиң мағлыўматларына қарағанда, Өзбекстанда доллар курсы апрель айынан берли биринши мәрте көтерилди.
24-июльдан баслап АҚШ валютасының курсы 7789,3 сумға тең. Өткен ҳәпте даўамында доллар 1,5 сумға көтерилди.
Февраль айынан берли биринши мәрте доллар 1 сумнан көтерилди – апрельдиң ақырында валюта 11 ҳәптелик төменлеўди тоқтатты ҳәм 0,03 сумға қымбатлады, буннан соң ҳәзирге шекем сумға салыстырғанда арзанласып келди.
Евро да көтерилди – Европа валютасы 9127,6 сумды қурайды, бул алдынғы ҳәптеге салыстырғанда 27,5 сумға көп дегени. Россия рубли арзанлаўда даўам етип, 1,7 сумды жоғалтты ҳәм 122 сумға тең болды.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги