Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Ақтөбе делегациясының сапары:әҳмийетли ҳүжжетлерге қол қойылды
2018-06-25 | Жәмийет
«Сизиң басламаңыз бенен шөлкемлестирилген Орайлық Азия мәмлекет басшыларының мәсләҳәт ушырасыўы регионда еллердиң барлық тараўлардағы бирге ислесиўинде әҳмийетли орын тутады. Өткен еки жылда Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасында ерисилген келисимлер тарийхый әҳмийетке ийе. Биз бир дәрьядан суў ишетуғын қоңсылармыз.
Солай екен, мәмлекетлеримиз арасында шешилмеген мәселе болмаўы керек» бул Қазақстан Президенти Нурсултан Назарбаевтың Астана қаласында болып өткен Орайлық Азия мәмлекет басшыларының биринши мәсләҳәт ушырасыўында Президентимиз Шавкат Мирзиёевқа айтқан сөзлери еди.
Ҳақыйқатында да, Президентимиздиң басшылығында қоңсылас еллер менен ҳәр тәреплеме бирге ислесиў жолға қойылған болып, соның ишинде, Қазақстан ҳәм Өзбекстан арасында товар алмасыўдың көлеми турақлы өсип бармақта, экономиканың түрли тармақларында ири қоспа жойбарлар әмелге асырылмақта. Транспорт қатнаўы тараўында әмелий бирге ислесиў сезилерли дәрежеде кеңейип, регионлар арасында шериклик беккемленбекте, еки ел арасында мәдений-гуманитарлық илажлар өткерилмекте. Қазақстанда Өзбекстан жылы деп жәрияланыўында, Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаев еки тәреплеме қатнасықларды раўажландырыў жолындағы үлкен хызметлери ушын Президентимиз Шавкат Мирзиёевти биринши дәрежели «Дослық» ордени менен сыйлықлағанында үлкен мәни жатыр. Мәмлекетимиз басшысы Қазақстанда Өзбекстан жылы ашылыўына бағышланған салтанатлы мәресимде «Көп жыллық нәтийжели бирге ислесиўимиз тарийхында биринши мәрте өтип атырған бул әҳмийетли ўақыя халықларымыз арасындағы ҳақыйқый туўысқанлық қатнасықларының айқын көриниси болып табылады» деп атап өткен еди.
21-июнь күни Қазақстан Республикасының Ақтөбе ўәлаятының ҳәкими Бердибек Сапарбаевтың басшылығындағы делегация ағзаларының пайтахтымызға сапар етиўи усындай дослық байланысларын беккемлеўдиң әмелий көриниси болды.
Мийманлар Нөкис халықаралық аэропортында рәсмий күтип алынды.
Дәслеп олар Бердақтың естелигине гүл қойды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Муса Ерниязовтың қабыллаўында болды. Қабыллаўға Қазақстан Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Ерик Утембаев, еки тәрептиң рәсмий ўәкиллери, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Бул жерде Ақтөбе ўәлаятының ҳәкими Б.Сапарбаев ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев арасында бурын дипломатиялық байланыслар арқалы өз-ара түсинисип қол қойылған меморандумның қосымша протоколына қол қойылды.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде еки ел рәсмий делегацияларының ҳәм тәреплердиң жумысшы топарларының қатнасыўында бизнес-форум өткерилди. Бул жерде еллеримиздиң инвестициялық ҳәм туристлик жойбарлары ҳаққында кеңнен түсиниклер берилди.
– Бүгин биз еки елдиң экономикасын, инвестициялық потенциалын анықлап, сол арқалы жумыс алып барыў мақсетинде келгенбиз, – дейди Ақтөбе ўәлаятының сыртқы байланыслар және туризм басқармасының басшысы Ермек Кенжеханулы. – Илажда үлкен келисимге еристик, яғный Ақтөбеде саўда үйин ашыўға келистик. Бунда Қарақалпақстанның аўыл хожалығы өнимлерин бизиң елге, соның ишинде, Ақтөбе ўәлаятына, улыўма Қазақстанның батыс аймақларына тасыў, жеткериў сыяқлы ўазыйпалар нәзерде тутылған.
Қазақстанлы мийманлардың Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде билим алып атырған студент-жаслар менен ушырасыўы да үлкен мазмун-мәниге ийе болды.
– Бизде «Нурлы көш» деген бағдарлама қабылланып, бағдарлама көлеминде кең көлемли жумыслар алып барылмақта, деди ушырасыўда Ақтөбе ўәлаятының ҳәкими Бердибек Сапарбаев. – Солардан бири, Ақтөбеге барып оқыйман деген студет-жаслар ушын жеңилликлер берилип атырғаны болып табылады.
Бул жерде Қарақалпақстандағы Қазақ миллий-мәдений орайына ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университетине Ақтөбе ўәлаяты ҳәкими атынан естелик саўғалары ҳәм китаплар тапсырылды.
Мийманлар Нөкис қаласындағы «Samsung» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жумысы менен де танысты.
Күнниң екинши ярымында делегация ағзалары пайтахтымыздағы Имам ийшан Муҳаммад жомъе мешитине барды ҳәм қарақалпақ үлкесинде туўылған қазақ шайыры Төлеген Айбергеновтың қәбирин зыярат етти.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық драма театырында «Ақтөбе – Нөкис: Тарийхый дослық пенен нәтийжели бирге ислесиў» атамасында гала-концерт болып өтти.
Делегация ағзалары И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейине барып, ол жердеги бийбаҳа экспонатларды көзден өткерди.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев шығып сөйледи.