Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Протез-ортопедия буйымларын ҳәм реабилитация техникалық қуралларын ислеп шығарыўды және медициналық – социаллық мәкемелердиң материаллық-техникалық базасын буннан былай да күшейтиў илажлары ҳаққында
2018-06-21 | Ҳүжжетлер
Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Өткен дәўир даўамында республикамызда жалғыз кекселерге, пенсионерлерге, майыплығы болған шахслар ҳәм имканияты шекленген балаларға медициналық-социаллық жәрдем бериўди шөлкемлестириўдиң тәсиршең системасы қәлиплестирилди.
Тек ғана 2017-жылы 11 медициналық-социаллық мәкемениң материаллық-техникалық базасы беккемленди, 15 мың жалғыз кекселер, пенсионерлер ҳәм майыплығы болған шахслар медициналық-социаллық жәрдем менен қамтып алынды, дерлик 21 мың майыплығы болған шахслар реабилитация техникалық қураллары ҳәм протез-ортопедия буйымлары менен тәмийинленди, 35 мың шахслар санаторийларда саламатландырыў курсларынан өтти, 20 мыңнан аслам шахсқа реабилитация хызметлери көрсетилди.
Соның менен бирге, медициналық-социаллық мәкемелердиң материаллық-техникалық базасы ҳәм инфраструктурасының жетерли дәрежеде раўажланбағанлығы оларға майыплығы болған шахслар ҳәм халықтың басқа да социаллық жәрдемге мүтәж категорияларын қабыл етиўди кеңейтиўге, алдынғы медициналық-социаллық реабилитация усылларын енгизиўге имканият бермей атыр.
Протез-ортопедия буйымларын ҳәм реабилитация техникалық қуралларды ислеп шығарыўда қолланылып атырған технологиялар физикалық ҳәм руўхый жақтан ескирген, усы тараўда жетерли дәрежеде инновациялық технологиялар енгизилмей атыр ҳәм илимий-изертлеўлерди қоллап-қуўатлаў раўажланбай атыр.
Халықтың социаллық жәрдемге мүтәж категорияларына медициналық-социаллық жәрлдем көрсетиў сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыў, протез-ортопедия буйымларын ҳәм реабилитация техникалық қуралларды ислеп шығарыў технологияларын жетилистириў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 1-декабрьдеги «Майыплығы болған шахсларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5270-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:
1. Төмендегилер халықтың социаллық жәрдемге мүтәж категорияларына медициналық-социаллық жәрдем көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириўдиң тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
медициналық-социаллық жәрдем көрсетиў ҳәм реабилитация илажларының нәтийжелилигин арттырыў, медициналық-социаллық мәкемелерди қурыў және реконструкциялаўдың заманагөй усылларын енгизиў арқалы халықтың социаллық жәрдемге мүтәж категорияларын қабыл етиў бойынша олардың имканиятларын кеңейтиў;
медициналық-социаллық мәкемелерди ҳәм оқыў-мийнет устаханаларын заманагөй диагностикадан өткериў, емлеў, спорт үскенелери ҳәм техникалық қураллары менен тәмийинлеў;
жергиликли ислеп шығарылатуғын протез-ортопедия буйымлары ҳәм реабилитация техника қуралларының сапасын жақсылаў және олардың түрлерин кеңейтиў;
протез-ортопедия буйымларын ҳәм реабилитация техникалық қуралларды ислеп шығарыўдың буннан былай да раўажланыўын тәмийинлейтуғын күшли илимий және методологиялық базаны жаратыў;
медициналық-социаллық жәрдем көрсетиў тараўында илимий-изертлеўлерди тереңлестириў, кадрларды таярлаў ҳәм қайта таярлаў;
протез-ортопедия буйымларын ҳәм реабилитация техникалық қуралларды ислеп шығарыўдың халықаралық стандартларын кеңнен ен жайдырыў.
2.Төмендегилер:
2018-2022-жылларда халықтың социаллық жәрдемге мүтәж категорияларына медициналық-социаллық жәрдем көрсетиўди буннан былай да тереңлестириў ҳәм кеңейтиў бойынша комплексли илажлар (кейинги орынларда Комплексли илажлар деп аталады) 1-қосымшаға муўапық;
2018-2022-жылларда Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң медициналық-социаллық мәкемелерди қурыў ҳәм реконструкциялаўды қаржыландырыўдың тийкарғы параметрлери 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
3. 2021-жыл 1-январьға шекемги мүддетте:
кәрханалар босап атырған қаржыларды заманагөй үскенелер менен тәмийинлеў ҳәм оларға сервис хызметин көрсетиў, аўысық бөлеклерди сатып алыў, өндирис қуўатлылығын арттырыў, имарат ҳәм қурылмаларды қурыў және реконструкциялаўға, сондай-ақ, кәрхананың протезши қәнигелерин оқытыў (таярлаў, қайта таярлаў) ҳәм маманлығын арттырыўға мақсетли бағдарланған ҳалда, протез-ортопедия буйымлары ҳәм реабилитация техникалық қуралларының ислеп шығарылған көлеми бойынша бирден-бир салық төлеми ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорларына мәжбүрий ажыратпалардан (бирден-бир социаллық төлемнен тысқары);
протез-ортопедия буйымларын ҳәм реабилитация техникалық қуралларды ислеп шығаратуғын кәрханалар және Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң медициналық-социаллық мәкемелери белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлер бойынша Өзбекстан Республикасына алып кирилетуғын комплектлеўши буйымлар ҳәм аўысық бөлеклер, инструментлер ҳәм приборлар, компьютер және диагностика үскенелери бажыхана төлемлеринен (бажыхана рәсмийлестирилиўи жыйымынан тысқары) азат етилсин.
4. Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги Экономика министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Қаржы министрлиги, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, «Өзстандарт» агентлиги ҳәм басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте:
жергиликли ислеп шығарылатуғын протез-ортопедия буйымлары ҳәм реабилитация техникалық қураллардың түрлерин кеңейтиў ҳәм олардың сапасын жақсылаў мәселелерин үйренсин, сондай-ақ, жойбарлардың соңғылығында республикада, соның ишинде, еркин экономикалық зоналар ҳәм киши санаат зоналарының аймағында әмелге асырылыўын тәмийинлесин;
Комплексли илажларда нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыў ушын протез-ортопедия буйымларын ҳәм реабилитация техникалық қуралларды ислеп шығаратуғын жетекши сырт елли кәрханаларды, сырт ел инвестицияларын, халықаралық қаржы институтлары, сырт ел ҳүкимет қорларының ҳәм шөлкемлериниң грантлары, кредитлери және мақсетли қаржыларын тартыў бойынша зәрүр илажларды көрсин.
Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Инновациялық раўажланыў министрлигине усы бәнт пенен жүкленген ўазыйпаларды орынлаўда толық жәрдемлессин.
5. Өзбекстан Республикасы Орайлық банкине коммерциялық банклер ҳәм Инновациялық раўажланыў министрлиги менен биргеликте протез-ортопедия буйымларын ҳәм реабилитация техникалық қуралларды ислеп шығаратуғын кәрханаларға протез-ортопедия буйымларын ҳәм реабилитация техникалық қуралларды ислеп шығаратуғын жергиликли кәрханаларды заманагөй үскенелер менен тәмийинлеў ҳәм оларға сервис хызметин көрсетиў, аўысық бөлеклерди сатып алыў, өндирис қуўатлылығын арттырыў, имарат ҳәм қурылмаларды қурыў және реконструкциялаў, сондай-ақ, протезши қәнигелерди оқытыў (таярлаў, қайта таярлаў) ҳәм маманлығын арттырыў ушын Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң қайта қаржыландырыў ставкасы бойынша кредит бериў усыныс етилсин.
6. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги Комплексли илажлардың өз ўақтында орынланыўы үстинен сын көзқарастан таллаў ҳәм тәсиршең қадағалаў алып барылыўын тәмийинлесин, бунда төмендеги тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўына айрықша итибар қаратсын:
майыплығы болған шахсларды медициналық-социаллық реабилитациялаў пайдалылығын ҳәм нәтийжелилигин арттырыў, Мүриўбет ҳәм Сақаўат интернат үйлери системасын буннан былай да раўажландырыў;
медициналық-социаллық мәкемелердиң халықтың социаллық жәрдемге мүтәж категорияларын қабыл етиў бойынша имканиятларын кеңейтиў;
ислеп шығарылып атырған протез-ортопедия буйымлары ҳәм реабилитация техникалық қураллардың сапасын жақсылаў ҳәм олардың түрлерин кеңейтиў.
7. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте 2018-2022-жыллары халықтың социаллық жәрдемге мүтәж категорияларына медициналық-социаллық жәрдем көрсетиўди буннан былай да тереңлестириў ҳәм кеңейтиў бойынша аймақлық комплексли илажларды олардың орынланыў мүддетлерин, жуўапкер орынлаўшыларды, сондай-ақ, қаржыландырыў дәреклерин анық көрсеткен ҳалда ислеп шықсын және тастыйықласын.
8. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги:
Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте тийисли дәўирлер ушын жойбарлардың портфельлерин ислеп шығыўда оларда қәлиплестирилетуғын Өзбекстан Республикасын раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламаларына кейин ала жойбарларды киргизиў ушын бюджет қаржылары есабынан ажыратылатуғын орайластырылған инвестициялардың лимитлери шеңберинде әмелге асырылатуғын, усы қарардың 2-қосымшасына муўапық медициналық-социаллық мәкемелерди қурыў ҳәм реконструкциялаў жойбарларын нәзерде тутсын;
Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте протезши қәнигелерге болған талапты үйренсин және 2019/2020 оқыў жылынан баслап орта арнаўлы, кәсип-өнер ҳәм жоқары мағлыўматлы протезши қәнигелерди таярлаў бойынша усыныс киргизсин;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте усы қарардың орынланыў барысы ҳаққындағы мәлимлемениң ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усынылыўын тәмийинлесин.
9. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги менен биргеликте еки ай мүддетте медициналық-социаллық мәкемелердиң имаратларын қурыў, реконструкциялаў ҳәм капитал оңлаў илажларын қаржыландырыўдың әмелдеги тәртиби сын көзқарастан қайта көрип шығылыўын тәмийинлесин және усы тараўда артықша тәртип-қағыйдаларды шығарып таслаў, жумыслардың ашық-айдынлығын тәмийинлеў ҳәм сапасын буннан былай да арттырыў бойынша анық усынысларды киргизсин.
10. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 28-декабрьдеги «Кекселер ҳәм майыпларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-2705-санлы қарарындағы:
2-бәнтиниң үшинши абзацы шығарып таслансын;
6 ҳәм 7-бәнтлери, сондай-ақ, 2-қосымшасы өз күшин жойытқан деп есаплансын.
11. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Р.С.Қасимовқа, Өзбекстан Республикасының Бас прокуроы О.Б.Муродовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 20-июнь