Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ХАЛЫҚТЫҢ МӘПЛЕРИН ТӘМИЙИНЛЕЎГЕ БАЙЛАНЫСЛЫ НЫЗАМ ЖОЙБАРЛАРЫ ДОДАЛАНДЫ
2018-06-13 | Жәмийет
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының 2018-жыл 12-июнь күни болып өткен гезектеги мәжилисинде депутатлар күн тәртибине киргизилген бир қатар нызам жойбарларын көрип шықты. Нызам жойбарлары дәслеп сиясий партиялар фракцияларының, Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети депутатлар топарының, комитетлер ҳәм олардың жанында жумыс алып барып атырған экспертлик топарлардың мәжилислеринде додаланды.
Депутатлар тәрепинен екинши оқылыўда көрип шығылған «Экстремизмге қарсы гүресиў ҳаққында»ғы нызам жойбары усы жылдың май айында болып өткен мәжилис барысында додаланған ҳәм концептуаллық жақтан мақулланған еди.
Нызам жойбарын екинши оқыўға таярлаў ўақтында парламент төменги палатасының Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитетлери ағзалары тәрепинен орынларда бул тараў қәнигелери, илимпазлардың қатнасыўында 10 ға жақын кеңейтилген мәжилислер шөлкемлестирилди. Додалаўлардың жуўмағына бола топланған барлық усыныслар жәмлестирилди ҳәм таллап шығылды. Сондай-ақ, нызам жойбары жәмийетшиликтиң додалаўы шеңберинде Нызамшылық палатасының рәсмий веб-сайтына жайластырылды. Улыўма алғанда, пуқаралардың 50 ден аслам усыныслары үйренилип, олардан ең әҳмийетлилери нызам жойбарын жетилистириўде есапқа алынды.
Бул нызам жойбарының қабыл етилиўи шахс, жәмийет ҳәм мәмлекеттиң қәўипсизлигин тәмийинлеў, мәмлекетимиздиң конституциялық дүзилисин ҳәм аймақлық пүтинлигин қорғаў, пуқаралардың тынышлығын, миллетлераралық және конфессиялараралық татыўлықты сақлаў, экстремизм тараўындағы ҳуқықбузарлықлардың өз ўақтында алдын алыў, анықлаў ҳәм оларға шеек қойыў, олардың ақыбетлерин сапластырыў, сондай-ақ, жуўапкершиликтиң анық екенлиги приципин тәмийинлеў имканиятын бериўи депутатлар тәрепинен атап өтилди.
«Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамына өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын екинши оқыўда көрип шығыў даўамында Санаат, қурылыс ҳәм саўда мәселелери комитетиниң депутатлары тәрепинен сырт еллердиң бул тараўдағы тәжирийбесин үйрениўге итибар қаратылғаны атап өтилди. Сондай-ақ, исбилерменлик бирлеспелерине мәжбүрий ағзалықтың киргизилиўи бизнес жәмийетин өз-ара сәйкеслестиреди ҳәм экономиканың раўажланыўына унамлы тәсир етеди. Нызам жойбары исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў тараўындағы нормативлик-ҳуқықый базаны бизнес жәмийетин институционаллық раўажландырыў арқалы жетилистириўге қаратылған.
Депутатлар елимизде келиспеўшиликлерди еркин шахслар – медиаторлардың қатнасыўында шешиўдиң альтернатив усылларын раўажландырыў, судлардағы жүкти кемейтиў ушын ҳуқықый шараятлар жаратыў мақсетинде ислеп шығылған «Медиация ҳаққында»ғы нызам жойбарын екинши оқыўда додалады.
Социаллық әҳмийети есапқа алынған ҳалда бул нызам жойбары Нызамшылық палатасының www.parliament.gov.uz. рәсмий веб-сайтына, сондай-ақ, депутатлардың социаллық тармақлардағы жеке бетлерине жайластырылған болып, бул сайлаўшы-жазылыўшылардың пикир-усынысларын есапқа алыў имканиятын берди. Келип түскен көп ғана усыныслар нызам жойбарын екинши оқыўға таярлаўда есапқа алынды.
Даўаларды шешиўде медиацияны қолланыў ўақытты үнемлеў және пуқаралардың, шөлкемлердиң, соның ишинде, исбилерменлик субъектлериниң суд қәрежетлерин қысқартыў имканиятын береди, даўалардың судқа шекем шешилиўин әмелге асырыўдың нәтийжели шөлкемлестириў-ҳуқықый механизмлерин жаратады.
Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм кәсиплик билимлендириў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына және Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Орта арнаўлы, кәсиплик билимлендириўи орайының жумысын жетилистириў ҳаққында»ғы қарарына муўапық ислеп шығылған «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары биринши оқылыўда көрип шығылды.
Депутатлар, сондай-ақ, «Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын биринши оқыўда көрип шықты.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 4-майда қабыл етилген «2017-2021-жылларда жер асты суўлары резервлеринен ақылға муўапық пайдаланыўды қадағалаўды ҳәм есапқа алыўды тәртипке салыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-2954-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде юридикалық ҳәм физикалық шахслардың жер асты суўларынан руқсатсыз суў алыў ушын жуўапкершилиги күшейтилмекте.
Еслетип өтемиз, 2018-жылдың 29-май күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында экспорт-импорт, жергиликли бюджетке қосымша түсимлерди тәмийинлеў, аўыл хожалығында ғаўаша тәрбиясы, ғәлле орымы, тәкирарый егинлер ҳәм суўдан ақылға уғрас пайдаланыў сыяқлы әҳмийетли илажларды нәтийжели өткериў менен байланыслы бүгинги күнде оғада әҳмийетли болып турған мәселелерге бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти.
Депутатлар бул видеоселектор мәжилисинде белгиленген ўазыйпаларды есапқа ала отырып, орынлардағы жумыслардың анық жағдайын үйренип шықты. Ислердиң жуўмағы руқсатсыз суў алыў ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликтиң күшейтилиўин нәзерде тутатуғын нызам жойбарында есап қа алынды.
Нызам жойбарының қабыл етилиўи суў ресурсларынан ақылға уғрас ҳәм үнемлеп пайдаланыўға жәрдемлеседи.
Мәжилис қызықлы пикир таласлар тәризинде өтип, бул күн тәртибине киргизилген нызам жойбарларын ҳәр тәреплеме додалаў имканиятын берди. Парламент ағзалары Нызамшылық палатасының ўәкиллигине тийисли басқа да мәселелерди додалады.