Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Президент Қытайға жөнеп кетти

2018-06-08 | ШБШ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 8-июнь күни Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары  кеңесиниң Циндао қаласында өтетуғын он сегизинши мәжилисине қатнасыў ушын Қытай Халық Республикасына жөнеп кетти.

ШБШға ағза мәмлекетлер басшылары биринши мәрте Ҳиндстан ҳәм Пакистанның толық ҳуқықлы ағза сыпатында қатнасыўында жыйналады, шөлкемниң жумысын буннан былай да жетилистириўдиң перспективалы бағдарлары, регионаллық қәўипсизлик, экономикалық ҳәм инвестициялық шерикликти кеңейтиў, транспорт-коммуникация тараўында бирге ислесиўди жеделлестириў мәселелери және көп тәреплеме кооперацияның басқа да тәреплерин додалайды.

Мәмлекет басшылары мәжилисиниң жуўмағында Циндао декларациясы қабыл етилиўи, Терроризмге, сепаратизмге ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў бойынша 2019-2021-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасына, Узақ мүддетли жақын қоңсышылық, дослық ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы шәртнаманың қағыйдаларын әмелге асырыў бойынша 2018-2022-жылларға мөлшерленген ҳәрекетлер режесине, Жасларға қоспа мүрәжат ҳәм басқа да ҳүжжетлерге қол қойылыўы режелестирилген.

Пикир алысыўлардан соң 2018-2019-жылларда шөлкемге басшылық ететуғын мәмлекет ҳаққындағы қарар қабыл етиў, кейинги үш жыллық дәўирге ШБШ бас хаткери ҳәм Регионаллық терроризмге қарсы қарсы структурасы Атқарыў комитетиниң директоры лаўазымларына талабанларды тастыйықлаў нәзерде тутылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы ШБШ саммити шеңберинде еки тәреплеме бир қатар ушырасыўлар менен сөйлесиўлер өткереди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться