Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Түркия Президентиниң елимизге сапар етиўи нәтийжели ҳәм мазмунлы болды

2018-05-02 | Сиясат

Бурын хабар етилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдўғон 29-апрель – 1-май күнлери мәмлекетлик сапар менен елимизде болды.

Сапар етиўдиң үшинши күни жоқары мәртебели мийман Бухара ўәлаятына келди.

Бухара халықаралық аэропортында Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдўғонды Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев күтип алды.

Бухара ўәлаятында бул сапар етиўге айрықша таярлық көрилди. Көшелер еки елдиң мәмлекетлик байрақлары менен безелген. Рәңбәрең панноларға халқымыздың дослығын ҳәм туўысқанлығын жырлайтуғын сөзлер жазылған.

Өзбек ҳәм түрк халықларының тарийхы әсирлер даўамында сондай беккем тамырласып байланысқан, оларды бир-биринен ажыратып көз алдымызға келтириў қыйын. Түрк халқы Өзбекстан жерин муқаддес деп биледи ҳәм оны «ата журт», деп қәдирлейди. Туўысқан түрк халқының үлкемизге ҳәм халқымызға болған шексиз меҳрин және ҳүрметин түсиниў, сезиниў ушын усының өзи жеткиликли.

Өзбекстан жеринде туўылып өскен, дүнья илиминиң раўажланыўына шексиз үлес қосқан ойшылларды Түркияда жақсы биледи ҳәм қәдирлейди. Пүткил мусылман дүньясында белгили ойшыл, нақшбандия тәлийматының тийкарын салыўшы Баҳаўаддин Нақшбанд әне усындай тулғалардан бири болып табылады.

Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдўғон Бухара ўәлаятына сапарын Баҳаўаддин Нақшбанд комплексине зыярат етиўден баслады.

Уллы ойшылдың руўхына Қуран оқылды.

Жоқары мәртебели мийманға тарийхты жазыўдың тийкарын салыўшысының өмири, ислам дининиң раўажланыўына қосқан үлеси, ғәрезсизлик жылларында комплексте әмелге асырылған үлкен дөретиўшилик жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Өткен жылы комплекс аймағында Президентимиздиң басламасы менен Мир Араб жоқары медресеси жумыс баслады. Түркия Президентине Өзбекстан мусылманлары мәкемесине қараслы усы медресениң тарийхы ҳәм жумысы ҳаққында айтып берилди.

Бүгинги күнде елимизде  ислам дининиң тийкарғы адамгершилик мазмунын үгит-нәсиятлаў, илимимиздиң ҳәм динимимиздиң раўажланыўына үлкен үлес қосқан уллы ойшыллардың мийрасын үйрениў бойынша үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Самарқандта Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайы, Ташкентте Ислам цивилизациясы орайы қурылмақта.

Уллы мәртебели мийман Өзбекстан уллы ойшылларға бесик болған муқаддес жер екенин, халқымыздың тарийхына, бай руўхый мийрасына оғада ҳүрмет пенен қарайтуғынын атап өтти.

Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдўғон Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Бухара қаласындағы Арк қорғанын тамаша етти.

Әзелден Батыс пенен Шығысты байланыстырған Уллы жипек жолының әҳмийетли кесилиспесинде жайласқан Бухара бай ҳәм даңқлы тарийхқа ийе. Бул тарийх халқымыздың өтмиштеги турмыс тәризинен, дөретиўшилигинен, шет еллер менен социаллық-экономикалық байланысларынан дәрек береди. Арк қорғанында жайласқан ўәлаятлық үлкетаныў музейинде көрсетилип атырған мыңлаған экспонатлар архелогиялық буйымлар да бул ҳаққында сөз етеди.

Еки мәмлекет басшылары бул музейдиң жумысы менен танысты, бул жердеги бийбаҳа естеликлерди көзден өткерди, музей қорғаны аймағындағы жомеъ медресесинде болды.

Қорған орайында сақланып қалған қабыллаўхана –  мәресимханада ўәлаят көркем өнер шеберлери тәрепинен халықлар дослығын жырлайтуғын миллий нама қосықлар жаңлады.

Президентлер Арк қорғанына жақын жердеги Пойи Калон комплексинде де болды.

Бухара жериниң ҳәр қарысы тарийх. Әййемги естеликлер бабаларымыздың уллы дөретиўшилик данышпанлығы ҳәм руўхый қүдиретинен сөз етеди.  XII ҳәм XVI әсирлер аралығында дөретилген Минораи Калон, Медресе Калон ҳәм Мир Араб медресеси бийтәкрар архитектуралық шешими, тартымлылығы менен ҳәр бир адамды өзине тартады.

Минораи Калон архитектуралық шешими бойынша дүньядағы аз санлы тарийхый естеликлерден бири болып табылады. Ол дерлик 900 жыл даўамында қаншама топаланлардың  гүўасы болған. Халқымыз қүдиретиниң өшпес белгиси сыпатында бүгин де бәршени таң қалдырмақта.

Мир Араб медресесинде өткенлердиң естелигине Қуран оқылды.

XVI әсирде шөлкемлестирилген Мир Араб медресесинде жумыс алып барып атырған орта арнаўлы ислам билим журты өз ўақтында бурынғы аўқам мәмлекети аймағындағы бирден-бир ислам билимлендириў орны болған. Ҳәзирги ўақытта бул жерде жасларымыз диний ҳәм дүньялық билимлерди, шет тиллерди пуқта өзлестирмекте.

Жоқары мәртебели мийман Бухара қаласының тарийхый жерлеринде нағыс ойыў, зергерлик, гилемшилик, кестешилик, гүлалшылық өнимлериниң көргизбеси менен танысты.

Бухараның тарийхый ҳәм архитектуралық естеликлери, миллий өнерментшилик өнимлери түркиялы мийманларда үлкен тәсир қалдырды.

Усының менен Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдўғонның елимизге мәмлекетлик сапары жуўмақланды.

Бухара халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Президентимиз Шавкат Мирзиёев шығарып салды.

Поделиться