Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Пахта тазалаў кәрханалары ҳәм пахта таярлаў пунктлериниң имаратлары 5 жыл мүддетке бөлип төлеў шәрти менен сатылады

2018-04-04 | Экономика

Усы жылдың 31-март күни «Пахта-тоқымашылық өндириси ҳәм кластерлери жумысларын шөлкемлестириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Ҳүкиметлик қарар қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Қарар тийкарында:

– 13 пахта тазалаў кәрханалары ҳәм 68 пахта таярлаў пунктлериниң имаратлары (үскенелеринен тысқары) пахта-тоқымашылық өндириси ҳәм кластерлери шөлкемлерине 5 жыллық мүддетке бөлип төлеў имканияты берилген ҳалда, өндиристи 2 жылдан көп болмаған ўақыт даўамында модернизациялаў, инвестициялар киргизиў шәрти менен баҳалаў тийкарында сатылады;

– пахта тазалаў кәрханалары ҳәм таярлаў пунктлериниң ислеп турған үскенелери ҳәм басқа тийкарғы қураллары модернизациялаў әмелге асырылатуғын дәўирге шекем мүлк ҳәм жер салығы және амортизация қаржыларын есапқа алған ҳалда, мәмлекетлик мүлк ушын белгиленген ең кем ставкалар бойынша ижараға бериледи.

Поделиться