Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Ташкентте Қарақалпақстанның арқа аймақларындағы фермер хожалықларының климатлық турақлылығын тәмийинлеў бойынша баспасөз конференциясы болып өтти
2018-04-03 | Жәмийет
Усы жылдың 28-март сәнесинде Өзбекстан Миллий баспасөз орайында “Қарақалпақстанның арқа аймақларындағы фермер ҳәм дийқан хожалықларының климатлық турақлылығын тәмийинлеў” темасында баспасөз конференциясы болып өтти.
Журналистлер менен өткерилген ушырасыў БМШ Раўажланыў Бағдарламасының Өзбекстандағы ўәкилханасы, Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги жанындағы Гидрометеорологиялық хызмет орайы ҳәм БМШ Шеңберли конвенциясының Ийкемлесиў (Адаптациялық) қоры тәрепинен қаржыландырылып атырған “Өзбекстанның қурғақшыл районларында жайласқан фермер ҳәм дийқан хожалықларының климатлық турақлылығын тәмийинлеў” қоспа жойбарын әмелге асырыў шеңберинде шөлкемлестирилди. Илажда Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги, Экономика министрлиги, Суў хожалығы министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги, Мәмлекетлик экологиялық комитети, Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университети, Ташкент мәмлекетлик аграр университети, Арал бойы генофондын қорғаў бойынша жәмийетшилик қайырқомлық қоры, Арал теңизи бассейнинде жойбарларды әмелге асырыў бойынша Аралды қутқарыў халықаралық фонды агентлиги, Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети ҳәм басқа мәкеме және шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.