Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ҚМУдың еки студенти Германияда оқыў ушын грант жеңимпазы болды

2018-04-02 | Билимлендириў

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң шет тиллери факультети немис тили бағдарының еки студенти – Оғулнур Атаева ҳәм Айдын Сәрсенбаевалар Германия Федерациясының DAAD бағдарламасы бойынша бир айлық оқыў грантын жеңип алды.

Жеңимпазлардың мағлыўмат бериўинше, бул бағдарлама тийкарында Өзбекстаннан ҳәр жылы жоқары оқыў орынларында оқып атырған 30 студент оқыў ушын Германияға жибериледи. Грантқа қатнасыў ушын студентлерден В1 категориясы бойынша сертификат болыўы талап етиледи. Грант жеңимпазларын анықлаў ушын ҳәр жылы ноябрь айында тест ҳәм сәўбетлесиў өткерилип, март айында нәтийжелери жәрияланады.

– Гранттың тийкарғы мақсети, немис тилин терең үйретиўден ибарат. Мен де усы қысқа аралықта немис тили бойынша өз билим ҳәм көнликпелеримди арттырмақшыман ҳәм келешекте елимиз жасларына дүнья тиллериниң бири есапланған немис тилин терең үйретиўге үлес қосыў нийетиндемен, – дейди университеттиң немис тили бағдарының 3-курс студенти Оғулнур Атаева.

Грант жеңимпазлары грант тийкарында Германияның үш қаласындағы жоқары оқыў орынларында өз билимлерин жетилистириўи режелестирилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Поделиться