Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Шавкат Мирзиёев Эмомали Рахманды Өзбекстанға мирәт етти
2018-03-09 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Тажикстан Республикасы Президенти Эмомали Рахман сөйлесиўлерди кейейтилген қурамда даўам еткизди.
Онда рәсмий делегациялардың ағзалары, еки елдиң министрликлери ҳәм ири компаниялардың басшылары, шегараалды ўәлаятлардың ҳәкимлери қатнасты.
Өзбекстан қоңсы мәмлекетлер менен дослық ҳәм бирге ислесиўди беккемлеўди өзиниң сыртқы сиясатаның тийкарғы бағдары сыпатында белгилеген. Шавкат Мирзиёевтиң сиясий күшлилиги ҳәм ис-ҳәрекетлери себепли азғана мүдетте Орайлық Азия мәмлекетлери, атап айтқанда, Тәжикстан менен қатнасықлардағы әҳмийетли мәселелер шешилди.
Өзбекстае Республикасы ҳәм Тәжикстан Республикасы арасындағы мәмлекетлик шегарасының сызығын ҳуқықый жағынан рәсмийлестириў бойынша ерисилген келисимлер бул жөнинде үлкен әҳмийетке ийе. Сапар даўамында усыған тийисли шәртнаманың қол қойылыўы тек еллеримиз ҳәм халқларымыз арасында емес, бәлким пүткил регион турмысында тарийхый ўақыя болады.
Пуқаралардың барып-келиўи ушын отыз күнге шекем визасыз тәртип енгизилген, шегарадан өткериў пунктлери жумысының қайта тикленгени, Ташкент ҳәм Душанбе арасындағы авиақатнаў ашылғаны да бирге ислесиўдиң әҳмийетли әмелий нәтийжеси болып есапланады.
Сөйлесиўде саўда-экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Өз-ара товар алмасыў көлеми өткен жылы 240 миллион долларды қурағаны атап өтилди.
Президент Шавкат Мирзиёев товар алмасыўды көбейтиў ҳәм оның көлемин жақын жылларда 500 миллион долларға жеткериў ушын еле иске қосылмаған үлкен потенциал бар екенлигин атап өтти.
Еки елдиң базарында қарыйдарталап өнимлерди жеткерип бериўди көбейтиў, саўда-логистика тармағы бойынша келисимлерге ерисилди.
Өзбекстан еллеримиз аймақлары ҳәм жетекши кәрханалары арасындағы кооперацияны кеңейтиўден мәпдар болып есапланады. Сөйлесиўлерде аўыл хожалығы техникасын жыйнаў, заманагөй қурылыс материаллары, таяр тоқымашылық, электротехника ҳәм азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў бойынша жойбарлар усыныс етилди.
Транспорт ҳәм транзит тасыўлары тараўы да бирге ислесиўдиң стратегиялық жөнелиси болып есапланады. Өзбекстан Президенти бу жөниндеги өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм де темир жол арқалы жүк тасыў көлемин арттырыў ушын биргеликте зәрүр шәраятлар жаратыўға таяр екенлигин билдирди.
Регионның суў ресурсларынан ақылға муўапық ҳәм әдалатлы пайдаланыў, сондай-ақ, туризм, мәдений-гуманитар ҳәм басқа тараўлардағы бирге ислесиў мәселелери додаланды.
Президент Шавкат Мирзиёев Эмомали Рахманға өзи ушын қолай ўақытта Өзбекстанға мәмлекетлик сапар менен барыўын усыныс етти.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги