Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Пахта шийки заты ҳәм масақлы дән жетистириўди қаржыландырыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында

2018-03-01 | Ҳүжжетлер

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Базар қатнасықларын кеңнен енгизиў және аўыл хожалығында қаржыландырыў ҳәм өз-ара есап-санақлар механизмлерин түп-тийкарынан жетилистириў, сол тийкарда аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилер ҳәм оларға хызмет көрсететуғын кәрханалардың қаржы-экономикалық жағдайын жақсылаў, рентабельлигин арттырыў, жетистирилип атырған өнимлердиң көлемлери турақлы өсиўин тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Экономика министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси, «Өзпахтасанаат» акционерлик жәмийети ҳәм «Өздәнөним» акционерлик компаниясының:

а)  2008-жыл 1-марттан баслап өндириўшилердиң рентабельлиги артыўын ҳәм жоқары сапалы өнимлер жетистириўди хошаметлеўди тәмийинлейтуғын сортлар ҳәм класслар бойынша пахта шийки заты ҳәм масақлы дән сатып алыў бойынша кепиллик берилген мәмлекетлик баҳаларды белгилеў;

б) топырақтың өнимдарлығы төмен ҳәм соңғы 3 жыл даўамында зүрәәтлилик гектарына 15 центнерге шекем болған жерлерде пахта шийки затына мәмлекетлик буйыртпа жайластырмаў ҳаққындағы усыныслар мақуллансын.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм районлар ҳәкимлериниң усыныслары тийкарында усы бәнтке муўапық босайтуғын жерлерде аўыл хожалығы егинлерин, бәринен бурын азықлық ҳәм майлы егинлерди орналастырыў, мийўе-овощ ҳәм шарўашылық жойбарларын әмелге асырыў ҳаққында еки ҳәпте мүддетте ҳүкиметлик қарарды қабыл етсин.

  1. Пахта шийки заты ҳәм масақлы дән ушын үзил-кесил, есап-санақлар зүрәәт жыйнап алатуғын жылдың ақырына шекем толық көлемде әмелге асырылатуғыны;

аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилерге ҳәм автомобильлерге жанылғы қуйыў шақапшаларына тиккелей шәртнамалар бойынша сатыў ушын дизель жанылғысы ҳәм ЭКО дизель жанылғысының Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленетуғын бирден-бир усақлап сатыў баҳалары 2018-жылдың ақырына шекем болған дәўирде әмел ететуғыны;

минерал төгинлерди сатыў Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленетуғын айрықша шәртлер есапқа алынған ҳалда биржа саўдаларында әмелге асырылатуғыны;

фермер хожалықлары ҳәм суў тутыныўшылары ассоциацияларының насос агрегатлары тәрепинен жумсалатуғын электр энергиясының баҳасы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленетуғын тәртипте Мәмлекетлик бюджеттен субсидиялардың есабынан қапланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. 3. Пахта шийки заты ҳәм масақлы дән жетистириўши фермер хожалықларының хызмет көрсетиўши шөлкемлер алдындағы 2018-жыл 1-январьдағы жағдайға бола жүзеге келген қарызларын, соның ишинде, ишки тармақ қарыздарлығы және бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлар алдындағы қарызларын төлеў мүддети есапланған пеня ҳәм жәриймалар есаптан шығарылған ҳалда 3 жыл мүддетке создырылсын.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети пахта шийки заты ҳәм масақлы дән жетистиретуғын фермер хожалықларының бюджет, мәмлекетлик мақсетли қорлар, хызмет көрсететуғын шөлкемлер алдындағы 2018-жыл 1-январдағы жағдайына бола жүзеге келген қарызлары, соның ишинде, ишки тармақ қарызлары бир ай мүддетте жалпы хатлаўдан өткерилиўин, сондай-ақ, оны тәртипке салыў бойынша тийисли илажлар көрилиўин тәмийинлесин.

  1. 4. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Экономика министрлиги, Аўыл хожалығы министрлигиниң:

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Аўыл хожалығы өнимлериниң мәмлекетлик сатып алыныўы ҳәм аўыл хожалығын техника менен үскенелеўди мақсетли қаржыландырыў қорын Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қорына (кейинги орынларда Қор деп аталады) айландырыў ҳәм оны Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги қарамағына бериў;

пахта талшығына жәҳән баҳаларының кескин төменлеўи мүмкин болғаны ушын пахта талшығына прейскурант ҳәм жәҳән баҳалары арасындағы унамлы айырмашылық суммасының есабынан Қордың қамсызландырыў есап бетин қәлиплестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте:

сортлар ҳәм класслар бойынша пахта шийки заты ҳәм масақлы дән сатып алыўдың мәмлекет тәрепинен кепиллик берилген баҳаларын тастыйықлаўды;

минерал төгинлерди биржа саўдаларында сатыўдың арнаўлы шәртлерин;

фермер хожалықлары ҳәм суў тутыныўшылары ассоциацияларының насос агрегатлары пайдаланылатуғын электр энергиясының баҳасын қаплаў ушын Мәмлекетлик бюджеттен субсидиялар ажыратыў тәртибин;

2018-жылдың зүрәәти пахта шийки заты ҳәм масақлы дән жетистириў бойынша агротехникалық илажлар өз ўақтында өткерилиўин тәмийинлеў ушын Қордан ажыратылатуғын кредит ресурсларының көлемлерин районлар бойынша белгилеўди;

қаржылық ресурслар ажыратылыўы ҳәм олардан мақсетли пайдаланыўы, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ушын зәрүр болған жанылғы-майлаў материаллары, минерал төгинлер, химиялық қорғаў қураллары және басқа да ресурслар ҳәм хызметлер өз ўақтында ҳәм толық көлемде жеткерип берилиўи, дүзилген шәртнамалар шәртлерине әмел етилиўи, сондай-ақ, өз ўақтында есап-санақ етилиўи ҳәм ажыратылатуғын кредит ресурслары қайтарылыўы бойынша жуўапкершиликтиң анық тараўлары және қадағалаў механизмлери белгилениўин;

Қордың жумысын шөлкемлестириў илажларын;

биринши гезекте аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилердиң талапларын қанаатландырыўды есапқа алған ҳалда 2018-жылы минерал төгинлер ислеп шығарыў ҳәм сатыў балансын тастыйықлаўды нәзерде тутатуғын Ҳүкиметлик қарар қабыл етсин.

  1. Аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилерге минерал төгинлер сататуғын кәрханалар ушын 2019-жыл 1-январьға шекемги мүддетте бирден-бир салық төлеми ставкасы 2 процент муғдарында белгиленсин.
  2. Исбилерменлик субъектлери, соның ишинде, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилер тәрепинен алып келинетуғын фосфорлы төгинлер, сондай-ақ, фосфорлы төгинлер ислеп шығарыў ушын алып келинетуғын фосфорит шийки заты 2021-жыл 1-январьға шекем болған мүддетте бажыхана төлемлеринен азат етилсин, бажыхана рәсмийлестириў жыйымлары буған кирмейди.
  3. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги бир ҳәпте мүддетте:

«Агробанк» АКБға мәмлекетлик сатып алыўлардың нәзерде тутылған көлемлеринен артықша масақлы дән жетистиретуғын фермер хожалықларына кредитлер ажыратыў ушын жыллық 5 процент ставка бойынша депозитке 150 миллиард сум муғдарында жыллық 10 процентке шекем ставка бойынша қаржылар орналастырылыўын;

Қарақалпақстан Республикасы бюджетинде ҳәм ўәлаятлардың жергиликли бюджетлеринде төмен зүрәәтли жерлерде пахта шийки затын жетистиретуғын фермер хожалықларын қаржылай қолап-қуўатлаў ушын зыянкеслерге қарсы гүресиў және айрықша жағдайларда зүрәәтттиң сақланыўы бойынша қаржыларды қаплаўға республика бюджетинде нәзерде тутылған қаржылардың есабынан 100 миллиард сум муғдарында қаржылар қәлиплестирилиўин тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Есап-санақ палатасы (М.Икрамов) ҳәр бир аймақ бойынша жуўапкер хызметкерлер белгиленген ҳалда Қордың қаржылары өз ўақтында ажыратылыўы ҳәм олардан мақсетли пайдаланыўы үстинен системалы қадағалаўды тәмийинлесин.

Өзбекстан Республикасы мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги ҳәм «Агробанк» АКБ бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық пахта шийки заты ҳәм масақлы дән сатып алыў ушын қаржылар өз ўақтында ажыратылыўы ҳәм олардан мақсетли пайдаланыўы үстинен реал ўақыт режиминде қадағалаў имканиятын беретуғын Өзбекстан Республикасы Есап-санақ палатасының «Агробанк» АКБның мағлыўматлар базасынан пайдаланыўын тәмийинлесин.

  1. Илажлар сөзсиз әмелге асырылыўын ҳәм Аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилерди өз ўақтында қаржыландырыў бойынша талапларға сөзсиз әмел етилиўин, оларға минерал төгинлер ҳәм жанылғы-майлаў материалларының зәрүр көлемлери жеткерип берилиўин тәмийинлеў, сондай-ақ, оларға баҳалар спекулятив тәризде өсип кетиўине жол қоймаў ушын Бас прокурор О.Б.Муродовқа, Бас министрдиң орынбасарлары З.Т.Мирзаевқа, Ж.А.Қўчқоровқа, А.С.Султановқа, Н.С.Отажановқа, Өзбекстан Республикасы Есап-санақ палатасының баслығы М.М.Икрамовқа жеке жуўапкершилик белгиленсин.
  2. Аўыл хожалығы министрлиги Суў хожалығы министрлиги, Қаржы министрлиги, Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар бойынша еки ҳәпте мүддетте усыныслар киргизсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Есап-санақ палатасының баслығы М.М.Икрамовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры О.Б.Мурадовқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 28-февраль

Дерек: Qaraqalpaqstan Respublikasınıń mámleketlik húkimet portalı

Поделиться