Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Салық нызамшылығын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша шөлкемлестириў илажлары ҳаққында
2018-02-14 | Ҳүжжетлер
Өзбекстан Республикасы Президентиниң бийлиги
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 18-июльдеги «Салық ҳәкимшилигин түп-тийкарынан жетилистириў, салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлердиң жыйналыўын арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы талапларын әмелге асырыў бойынша көрилип атырған илажларға қарамастан, Республикалық ҳәм жергиликли бюджетлердиң дәраматларын арттырыўдың қосымша резервлерин анықлаў, салық ҳәкимшилиги процесине заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў, сырт еллердиң салық нызамшылығы ҳәм ҳәкимшилиги тараўындағы сыналған алдынғы жетискенликлерди имплементациялаў илажлары қанаатландырарсыз болып қалмақта.
Бул республика салық уйымларының жумысын, соның ишинде, олардың салық төлеўшилер ҳәм мәмлекетлик уйымлар менен өз-ара бирге ислесиў, салық қарызларын өз ўақтында ҳәм толық өндириў, салық қадағалаўының заманагөй түрлери менен усылларын енгизиў бойынша жумысын буннан былай да жетилистириў зәрүрлигинен дәрек береди.
Салық нызамшылығын ҳәм салыққа тартыўдың заманагөй усылларын, салықлардың толық жыйналыўы және бюджетке өз ўақтында түсиўи үстинен нәтийжели қадағалаў механизмлерин енгизиў арқалы салық-бюджет сиясатын буннан былай да жетилистириў, бюджет процесиниң ашық-айдынлық дәрежесин арттырыў мақсетинде:
Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң жаңа редакциядағы жойбарын таярлаў бойынша Республикалық комиссияның қурамы 1-қосымшаға муўапық;
салық нызамшылығын ҳәм салық миннетлемелерин жетилистириў бойынша жумысшы топарлар 2-3-қосымшаларға муўапық қурамда дүзилсин.
улыўма тән алынған халықаралық нормалар ҳәм стандартлар талаплары және базар экономикасы принциплерине жуўап беретуғын нормалар жаратылыўына;
салық қадағалаўының шет елде кеңнен қолланып атырған алдынғы ҳәм сыналған түрлери менен усылларын енгизиўди есапқа алған, соның ишинде, халықаралық эксперт ҳәм мәсләҳәтшилерди тартқан ҳалда салық ҳәкимшилиги механизмлерин қайта көрип шығыўға;
республикалық стратегиялық мәплер және әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформалардың бүгинги басқышын есапқа алған ҳалда, салық тараўындағы халықаралық-ҳуқықый нормаларды миллий салық нызамшылығына имплементациялаў, сондай-ақ, нәтийжели мәмлекетлик салық сиясатын әмелге асырыўға;
салыққа тартыў ҳәм салық ҳәкимшилиги мәселелерин тәртипке салатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерден еки түрдеги версия ислениўи мүмкин болған нормаларды шығарып таслаў мақсетинде оларды инвентаризациялаўға;
тиккелей әмел ететуғын нормаларды көбейткен ҳалда, салық нызамшылығын унификациялаўға;
салыққа тартыў системасын әпиўайыластырыў, салық нызамшылығын жетилистириў және салық төлеўшилердиң ҳуқықлары қорғалыўын избе-из тәмийинлеўге;
салықлардың жыйналыў дәрежесин көтериў, Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорларға салық ҳәм жыйымлардың толық көлемде түсиўин тәмийинлеў, салыққа тартылыўдан тайсалыў имканиятын қәдеден қысқартыўға;
хожалық жүргизиўши субъектлердиң улыўма салық жүгин жеңиллетиў, өндиристи раўажландырыў ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында салықлардың хошаметлеўши ролин күшейтиў, ресурслардан ақылға уғрас ҳәм үнемли пайдаланыўды тәмийинлеў, нәтийжесиз салық ҳәм жыйымларды бийкарлаўға;
киши ҳәм ири бизнес субъектлериниң салық жүгин максимал дәрежеде теңлестириўге хызмет ететуғын усылларды енгизиўге;
шет еллердиң алдынғы тәжирийбесин есапқа алған ҳалда әмелдеги салыққа тартыў системасын сын көз қарастан үйрениў тийкарында физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығын есаплап шығыў механизмин әпиўайыластырыўға;
«салық жеңиллиги» ҳәм «салық преференциясы» түсиниклерин анық шеклеўге, ўақтынша жеңиллик бериў мүддетлерин белгилеў, сондай-ақ, нәтийжесиз ҳәм гөнерген салық жеңилликлерин қайта көрип шығыў ҳәм бийкарлаўға;
исбилерменлерге бизнестиң орта мүддетли перспективада раўажланыўын тийкарлы түрде болжаў имканиятына ийе болыўы ушын салық системасының турақлылығын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратсын.
биринши басқышта – 2018-жылдың 1-апрель күнине шекем Өзбекстан Республикасы салық-бюджет сиясатын жетилистириў концепциясы жойбарын ислеп шығыў;
екинши басқышта – 2018-жылдың 1-июль күнине шекем Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң жаңа редакциядағы жойбарын ислеп шығыўды тәмийинлесин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 13-февраль