Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Қоршаған орталықты қорғаў–халықтың саламатлығын сақлаўдың әҳмийетли факторы

2018-02-02 | Сиясат

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 2-февраль күни экологиялық жағдайды жақсылаў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бағдарындағы  жумысларды талқылаў, ең әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп алыўға бағышланған мәжилис болып өтти.

Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 21-апрельдеги пәрманына муўапық, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўында мәмлекетлик басқарыў системасы жетилистирилди. Өзбекистан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети қайта шөлкемлестирилип, оған экологиялық жағдайды жақсылаў, турмыслық шығындыларды жыйнаў, сақлаў. тасыў, утилизациялаў ҳәм қайта ислеў бағдарында көплеген ўазыйпалар қойылды.

Сондай-ақ, 2017-2021-жылларда турмыслық шығындыларға байланыслы жумысларды түп-тийкарынан жақсылаў бойынша комплексли бағдарлама қабыл етилип, қаржыландырыў дәреклери анық белгилеп берилди.

Системада 13 «Таза аймақ» мәмлекетлик унитар кәрханасы ҳәм олардың 174 районлық (қалалық) филиалы шөлкемлестирилди. Усы унитар кәрханалардың балансына 1 мың 300 арнаўлы техника, 1 мың шығынды жыйнаў майданшасы, 5 мың 800 контейнер ҳәм 172 полигон өткерилди.

Өткен жылы қосымша 305 шығынды жыйнаў майданшасы қурылып, 2 мыңнан аслам контейнер менен тәмийинленди. Республика бойынша жәми 295 полигон толық хатлаўдан өткерилип, олардың кадастры дүзилди. 97 шығынды полигоны тәртипке келтирилди. Комитеттиң қасында турмыслық шығындыларға байланыслы мәселелерди қадағалаў инспекциясы шөлкемлестирилди.

Бирақ, бул тараўда еле өз шешимин күтип атырған мәселелер ҳәм исленетуғын жумыслар оғада көп. Мәселен, елимизде тек 53 процент халыққа санитариялық-тазалаў хызмети көрсетиледи. Соннан  дерлик 15 проценти жеке меншик сектордың үлесине туўра келеди. Дерлик барлық аўылларда турмыслық шығындыларды жыйнаў, сақлаў ҳәм тасыў улыўма жолға қойылмаған.

Мәжилисте усы сыяқлы кемшиликлер менен машқалалар сын көзқарастан талқыланып, система алдындағы әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди.

Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетине тийисли министрликлер менен биргеликте қалаларда шығынды жыйнаў шақапшаларын тәртипке салыў, елатлы пунктлерде санитариялық-тазалаў хызметлерин раўажландырыў бойынша 5 жыллық бағдарлама ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Бул бағдарламада көп қабатлы турақ жайларда жасайтуғын халықтың санынан келип шығып, шығынды жыйнаў майданларын үлги жойбарлар тийкарында оптмал шөлкемлестириў, шығынды тасыўшы арнаўлы техникаларды сатып алыўды көбейтиў, аўыл халқын санитариялық-тазалаў хызметлери менен басқышпа-басқыш қамтып алыў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик принципи тийкарында «Таза аймақ» унитар кәрханаларының буйыртпасына бола тараўда исбилерменлердиң қатнасын кеңейтиў илажлары нәзерде тутылады.

Турмыслық шығындыларды қайта ислеў туўралы сөз етилер екен, Президентимиз шет мәмлекетлердиң тәжирийбесин үйрениў ҳәм оларды кеңнен енгизиў зәрүрлигин атап өтти.

Германия, Бельгия, Япония, Голландия, Швеция сыяқлы еллерде 60-65 процент турмыслық шығынды қайта исленеди, 20-25 процентинен энергия алынады, қалған бөлими өртеп жибериледи. Яғный, шығындыны полигонларда көмиўге де мүтәжлик жоқ, деди Шавкат Мирзиёев. Соның нәтийжесинде жер ресурслары үнемленеди, экономикалық нәтийжелерге ерисиледи ҳәм қоршаған орталыққа унамсыз тәсир азаяды.

Соннан келип шығып, усы жылы елимиздиң 9 қаласында шығындыны жыйнаў ҳәм қайта ислеў кластерлерин иске қосыў бойынша тапсырма берилди. Бул бағдарда Сурхандәрьяда шөлкемлестирилген кластер жумысы үлги сыпатында көрсетилди.

Сондай-ақ, Ферғана ойпатлығы, Жиззақ, Сырдәрья, Ташкент ўәлаятларында әмелге асырылатуғын шығындыны қайта ислеў жойбарлары бойынша инвесторлар менен келисимлерге қол қойыў, жойбар ҳүжжетлерин таярлаў ҳәм қаржыландырыў бойынша «жол картасы»н слеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Турмыслық шығындыларды утилизациялаў жумысларын системалы шөлкемлестириў мәселеси де додаланды. Пластикалық полиэтилен ҳәм басқа да қадақлаў материалларын жыйнаў, утилизациялаўға яки қайта ислеўге тапсырыўда қатнасып атырған юридикалық ҳәм физикалық шахсларды хошаметлеў механимзлерин енгизиў зәрүрлиги атап өтилди.

Қоршаған орталықтың патасланыўының алдын алыў тараўында мәмлекетлик қадағалаўды күшейтиў зәрүрлиги атап өтилди. Мысалы, Әндижан, Ангрен, Бухара, Наўайы, Ферғана, Алмалық, Бекабад, Шыршық, Ташкент ҳәм Нөкис сыяқлы санаатласқан қалаларда ҳаўаның шаң менен патасланыў дәрежеси санитариялық нормадан орта есапта 2,7 есеге артқаны бақланған.

Сонлықтан, Экология мәмлекетлик комитетиниң жуўапкер адамларына халықаралық тәжирийбе тийкарында қоршаған орталықты қорғаў Миллий концепциясын ислеп шығыў ўазыйпасы жүкленди.

Мәжилисте өсимликлер ҳәм ҳайўанатлар дүньясы объектлерин қорғаў, олардан ақылға уғрас пайдаланыў, қорғалатуғын аймақларды кеңейтиў мәселелери де додаланды.

Мысалы, өткен жылы ҳайўанатлар ҳәм өсимликлер дүньясы бойынша 3 мың 782 ҳуқықбузарлықлар ҳәм браконъерлик жағдайлары анықланған. 8 мәмлекетлик қорықханасынан 6 сы Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитетинде, 2 ўи Геология ҳәм экология комитетлериниң қарамағында болып, оларды басқарыўда бирден-бир система жоқ. Сол себепли, қорықханаларды бирден-бир мәмлекетлик уйымға бириктириў мәселесин үйренип, тийкарғы усыныслар ислеп шығыў зәрүрлиги атап өтилди.

Шығындыларды жыйнаў ҳәм тасыў жумысларын турақлы қадағалаў, халықтың усы бағдардағы мәденияты менен жуўапкершилигин арттырыў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.

Бул бағдардағы жумыслардың тийкарында адамлардың денсаўлығы, турмыс абаданлығы тур. Сонлықтан, усы мәселе менен ҳәр бир районда ҳәм турақлы шуғыланныў керек, деди мәмлекетимиз басшысы.

Додаланған мәселелер бойынша жуўапкер адамларға тийисли көрсетпелер берилди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться