Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Ең тийкарғы ўазыйпа–шахстың, жәмийеттиң ҳәм мәмлекеттиң қәўипсизлигин тәмийинлеў

2018-01-31 | Сиясат

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 2018-жыл 31-январь күни Өзбекистан Республикасы Миллий қәўипсизлик хызметиниң кеңейтилген коллегия мәжилиси болып өтти. Мәжилис тараўда әмелге асырылған жумысларды талқылаў ҳәм Миллий қәўипсизлик хызмети уйымларының жумысын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша илажларға бағышланды.

Мәжилисте Олий Мажлис палаталарының басшылары, Өзбекистан Республикасы Президенти аппаратының ўәкиллери, ҳүкимет ағзалары, сондай-ақ, МҚХ орайлық аппаратының ҳәм аймақлық структураларының басшы хызметкерлери қатнасты.

Мәжилисте барлық дәўирде ҳәр қандай мәмлекеттиң ең тийкарғы ўазыйпаларынан бири шахстың, жәмийеттиң ҳәм мәмлекеттиң қәўипсизлигин тәмийинлеў болған ҳәм сондай болып қалатуғыны айрықша атап өтилди.

Сонлықтан да Өзбекистанда ғәрезсизликтиң биринши күнлеринен миллий қәўипсизлик мәселелери елимиздиң ишки ҳәм сыртқы сиясатының ең тийкарғы бағдары етип белгиленди.

Халықаралық терроризм, диний экстремизм, адам саўдасы, наркотик затлар ҳәм қурал-жарақ қуралларының нызамсыз саўдасы сыяқлы трансмиллий қәўип-қәтерлер күшейип атырған бүгинги күнде бул ўазыйпаларға айрықша итибар қаратыў және де үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Өткен дәўирде Миллий қәўипсизлик хызмети Өзбекистан суверенитетин, ғәрезсизлигин ҳәм аймақлық пүтинлигин сақлаў және қорғаў жумысларына салмақлы үлес қосқаны атап өтилди.

Бул әсиресе, бизиң жақын ҳәм узақ әтирапымызда жүз берген ҳәр қыйлы дағдарыслар, айырым бузғыншы күшлер тәрепинен елимиздеги тынышлықты ҳәм турақлылықты бузыўға урыныўлар жүз берген оғада аўыр жылларда айқын көзге тасланды.

Соның менен бирге, мәжилисте Миллий қәўипсизлик хызметиниң жумысы қалыс баҳалана отырып, оның айырым бөлимлериниң ҳәм аймақлық басқармаларының жумысы сынға алынды. Ведомстволараралық бирге ислесиў, оператив ҳәм излеў илажларын өткериў, сондай-ақ, кадрлар менен ислесиў бағдарында жол қойылып атырған кемшиликлер анық мысаллар арқалы көрсетип өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы заман талапларынан келип шыққан ҳалда, Миллий қәўипсизлик хызметиниң структуралық қурамын қайта көрип шығыў зәрүрлигин атап өтти. Арнаўлы хызмет шеңберине кирмейтуғын ўазыйпалар менен шуғылланатуғын, басқа да мәмлекетлик структуралардың жумысын қайталайтуғын бөлимлерди сапластырыў, сондай-ақ, миллий қәўипсизликтиң тийкарғы бағдарларын тәмийинлейтуғын бөлимлерди беккемлеў зәрүрлиги көрсетип өтилди.

Өзбекистанды раўажландырыўдың Ҳәрекетлер стратегиясында белгилеп берилген кең көлемли ўазыйпалардан келип шыққан ҳалда, елимиздиң барлық тараўлары заман талабы тийкарында түп-тийкарынан реформаланып атырған жаңа шараятта Миллий қәўипсизлик хызметиниң жақын келешекке мөлшерленген тийкарғы бағдарлары белгилеп алынды.

Президентимиз Миллий қәўипсизлик хызмети мәмлекеттиң ҳуқық-қорғаў уйымларынан бири сыпатында өзиниң күнделикли жумысын елимиздиң барлық министрликлери менен ведомстволары ушын тийкарғы жумыс өлшемине айланған «халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек» деген принцип тийкарында шөлкемлестирилиўи зәрүрлигин айрықша атап өтти.

Усы жылы Өзбекистан Республикасының «Миллий қәўипсизлик хызмети ҳаққында»ғы нызамының ислеп шығылыўы ҳәм қабыл етилиўи үлкен әҳмийетке ийе. Нызамда МҚХның тийкарғы функциялары менен ўазыйпалары белгилеп бериледи ҳәм ең әҳмийетлиси, оның қабыл етилиўи менен елимиздеги ҳуқық қорғаў уйымларының ўәкилликли шеңберлери айқынластырылып алынады.

Ҳәр қандай жәмәәт, соның ишинде, МҚХ жумысының нәтийжеси де кадрлар, биринши гезекте, оның басшы хызметкерлерине, олардың өз ўазыйпасына садықлығына, профессионаллық дәрежесине, мийнет сүйгишлигине ҳәм жоқары жуўапкершилигине байланыслы, деп айрықша атап өтти Президентимиз.

МҚХ бөлимлери өзиниң ўәкилликли шеңберинде халқымыздың машқалаларын шешиўге, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларында ҳәм басқа да мәмлекетлик шөлкемлерде алып барылып атырған кең көлемли реформаларды әмелге асырыў жумысларына жақыннан жәрдем бериўи зәрүр.

Өзбекистан Республикасы Президенти МҚХ оқыў орынларының басшылары менен профессор-оқытыўшыларына жас кадрларды Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаў, елдиң нызамшылық талапларына дурыс әмел етиў, ҳәр қыйлы сынақларға шыдамлы болыў, өз үстинде турақлы ислеўге ҳәм профессионаллық шеберлигин үзликсиз арттырып барыўға умтылыў сыяқлы мәселелерге айрықша итибар қаратыўды қатаң ўазыйпа етип қойды.

Мәжилисте шөлкемлестириў мәселеси көрилди.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи етип тайынланғаны мүнәсибети менен Миллий қәўипсизлик хызметиниң баслығы Рустам Иноятов ийелеп турған лаўазымынан азат етилди.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң Пәрманына бола Республика Бас прокуроры лаўазымында ислеп киятырған Ихтиёр Абдуллаев Миллий қәўипсизлик хызметиниң баслығы етип тайынланды.

Миллий қәўипсизлик хызметиниң ҳәм оның бөлимлериниң жумыс нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша жуўапкер басшыларға тийисли тапсырмалар берилди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться