Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекистан халқына Жаңа жыл қутлықлаўы
2018-01-01 | Сиясат
Әзиз ҳәм ҳүрметли ўатанласлар!
Қәдирли дослар!
Әзиз Ўатанымызға Жаңа – 2018-жыл кирип келмекте.
Сиз әзизлерди, қәдирдан нураныйлар менен меҳрийбан апа-қарындасларымызды, жигерли жасларымызды, көп миллетли пүткил халқымызды усы қутлы әййям менен шын жүректен қутлықлайман.
Бәршеңизге саў-саламатлық, тынышлық-қәтержамлық, бахыт-ығбал ҳәм абаданлық тилеймен.
Мың қәтле шүкир, түрли машқалалар менен қыйыншылықларға қарамастан, 2017-жыл елимиз ушын тыныш, ҳәр тәреплеме әўметли ҳәм берекетли болды.
Биз раўажланыўымыздың жана дәўирине, жаңа басқышына қәдем қойдық. Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылында белгиленген ўазыйпаларды орынлаўға барлық күшимизди ҳәм имканиятларымызды жумсадық.
Халқымыздың пидәкерлик мийнети менен 2017-жылды барлық тараўларда жарқын жүз бенен жуўмақлаўға еристик.
Ең әҳмийетлиси, мәмлекеттиң халыққа көз-қарасы өзгермекте. Халық деген түсиниктиң қәдири жоқарыламақта. Ел-журтқа хызмет етиў өмиримиздиң мазмунына айланбақта.
Булардың барлығы адамларымыздың күнделикли турмысында өзиниң әмелий көринисин таппақта. Олардың ертеңги күнге исеними және де беккем болмақта.
Сыртқы сиясат тараўындағы жумысымыз да, оғада нәтийжели болды, деп айтыў мүмкин. Әсиресе, қоңсы мәмлекетлер менен қатнасықларымыз жаңаша руўх ҳәм мазмунға ийе болмақта.
Бул болса регионымызда өз-ара исеним, дослық ҳәм бирге ислесиў орталығын буннан былай да күшейтиў ушын беккем тийкар болмақта. Биз бул стратегиялық жолды 2018-жылда да турақлы ҳәм белсенди түрде даўам еттиремиз.
Пурсаттан пайдаланып, узақ ҳәм жақын барлық еллердиң халықларын да, Жана жыл байрамы менен қутлықлап, оларға тынышлық ҳәм раўажланыў тилеймиз.
Әзиз ўатанласлар!
Биз Жаңа – 2018-жылға Белсенди исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы, деп атама бердик.
Биз уллы келешегимизди мине, усындай жоқары мақсет ҳәм идеялар тийкарында қурамыз.
Халықаралық майданда кескин бәсекилеслик күшейип атырған ҳәзирги ўақытта бул ең дурыс ҳәм нәтийжели жол болып есапланады.
Усы мәнисте, 2018-жыл Өзбекистанның раўажланыўында шешиўши жыл болады, деп айтыўға барлық тийкарларымыз бар.
Жаңа жылда да халқымыздың турмыс дәрежесин ҳәм сапасын, барлық категориядағы халқымыздың дәраматларын арттырыўға айрықша әҳмийет беремиз.
Елимизде тынышлық ҳәм турақлылық, миллетлер менен халықлар арасындағы татыўлық, өз-ара ҳүрмет және мийрим-шәпәәтти беккемлеў тийкарғы ўазыйпамыз болып қалады.
Шет еллердеги ўатанласларымыз бенен байланысларды кеңейтиўге буннан былай да үлкен итибар қаратамыз.
2018-жылда ҳәммемиз биргеликте, өзимизди аямастан мийнет етип, өз алдымызга қойған ўазыйпаларды орынлаўға әлбетте ерисемиз, деп исенемен.
Әзиз ҳәм ҳүрметли ўатанласларым!
Мине усы қуўанышқа толы демлерде ҳәммемиз жақсы арзыў-нийетлер менен Жаңа – 2018-жылға қәдем қоймақтамыз.
Мениң нийетим, тилегим сол, ҳәр бир шаңарақ, ҳәр бир инсан мурат-мақсетине жетсин!
Бәршеңизге дүньядағы ең үлкен бахыт – шаңарақта қәтержамлық, перзентлердиң, ақлықлардың бахтын, камалын көриў несип етсин!
Журтымыз тыныш, халқымыз аман болсын!
Жаңа жыл бәршемизге мүбәрек болсын!
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги