Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекистан Президенти Қытай Мәмлекетлик кеңесиниң ағзасы, қорғаныў министрин қабыл етти

2017-12-20 | Сиясат

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 20-декабрь күни елимизге сапар етип келген ҚХР Мәмлекетлик кеңесиниң ағзасы, қорғаныў министри Чан Ваньцюанды қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы мийманды шын жүректен қутлықлап, түрли дәрежедеги байланыслар жеделлесип, нәтийжели бирге ислесиў беккемленип атырғаны еллеримиз арасында ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықлары жедел пәт пенен избе-из раўажланыўына хызмет етип атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Усы жыл май айында Қытай Халық Республикасына жоқары дәрежедеги сапар етиўдиң жуўмағында ерисилген келисимлер менен қол қойылған шәртнамаларды әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Ушырасыўда еки тәреплеме әскерий ҳәм әскерий-техникалық бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары көрип шығылды, регионаллық қәўипсизликти және турақлылықты беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.

Қытай Мәмлекетлик кеңесиниң ағзасы, қорғаныў министри Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа шын жүректен қабыл еткени ушын миннетдаршылық билдирип, Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпинниң сәлемин ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Чан Ваньцюан Өзбекистан Қураллы Күшлериниң потенциалын ҳәм қорғаныў уқыплылығын арттырыў бойынша әмелге асырылып атырған реформаларды жоқары баҳалап, Қытай тәрепи бул тараўда өз-ара пайдалы шерикликти буннан былай да беккемлеўге таяр екенин билдирди.

Поделиться